Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Исбилерменлердиң машқалалары менен усынысларын тиккелей үйрениў ҳәм исбилерменликти келешекте раўажландырыўдың тийкарғы бағдарларын белгилеп алыў бойынша 2021-жыл 20-август күни өткерилген Өзбекстан Республикасы Президентиниң исбилерменлер менен ашықтанашық сөйлесиўи шеңберинде белгиленген мәселелердиң орынланыўын тәмийинлеў, сондай-ақ, қурылыс материалларын ислеп шығарыўда базар қатнасықларын тереңлестириў мақсетинде:

  1. Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлигиниң:

2021-жыл 1-октябрьден баслап цемент (клинкер) ислеп шығарыўшылар ушын пайда салығының ставкасын 20 проценттен 15 процентке шекем төменлетиў;

2022-жыл 1-январьдан баслап цемент ислеп шығарыўға мөлшерленген 1 тонна ҳәк тас ушын жер майданынан пайдаланғаны ушын салық ставкасын еки есе азайтқан ҳалда 22 500 сум муғдарында белгилеў ҳаққындағы усыныслары мақуллансын.

  1. Қаржы министрлиги бир ай мүддетте усы қарардан келип шығып, «Өзбекстан Республикасының Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам жойбарын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 31-август