Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-февральдағы «Жасалма интеллект технологияларын енгизиў ушын шараятлар жаратыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-4996-санлы қарарына муўапық, сондай-ақ, жасалма интеллект технологиялары тийкарындағы инновациялық бизнес-моделлер, өнимлер ҳәм хызмет көрсетиў усылларының раўажланыўы ушын қолайлы ҳәм мақул экосистема жаратыў, оларды белгилеп берилген тийкарғы тармақлар ҳәм тараўларда оперативлик пенен енгизиў ҳәм әмелиятқа қолланыў мақсетинде:

  1. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги, Инновациялық раўажланыў министрлигиниң экспериментал инновациялық изертлеўлер шеңберинде Жасалма интеллект технологияларын қолланыў бойынша арнаўлы режимди (кейинги орынларда – арнаўлы режим) енгизиў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. а) арнаўлы режим етип оның шеңберинде жасалма интеллект технологияларына тийкарланған тәжирийбе-сынаў жумсыларын әмелге асырыў, программалық өнимлерди ислеп шығыў ҳәм хызметлерди көрсетиў (кейинги орынларда – тәжирийбе-сынаў жойбарлары) менен байланыслы жумыс ислеўши юридикалық тәреплер және илимий шөлкемлер ушын зәрүр шөлкемлестириў-ҳуқықый шараят жаратыў, программалық өнимлерди тәжирийбеден өткериў ҳәм әмелиятқа енгизиў процесинде пайда болатуғын ҳуқықый қатнасықларда жеңиллик жаратыў түсинилетуғыны;

б) арнаўлы режим Программалық өнимлер ҳәм мәлимлеме технологиялары технологиялық паркиниң (кейинги орынларда – IT-парк) айрықша буўыны болып, оның қатнасыўшылары IT-парк резидентлери болып есапланатуғыны ҳәм олар өз жумысын экстерриториаллық принципи тийкарында әмелге асыратуғыны;

тәжирийбе-сынаў жойбарлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2021-жыл 17-февральдағы ПҚ-4996-санлы қарары менен тастыйықланған Жасалма интеллект технологияларын енгизиў бойынша 2021-2022-жыллары әмелге асырылатуғын тәжирийбе-сынаў жойбарлары және тийкарғы тармақлар ҳәм тараўлар шеңберинде әмелге асырылатуғыны;

в) арнаўлы режим талабанлары ушын тәжирийбе-сынаў жойбарлары шеңберинде жумысқа руқсат етиў қәсийетине ийе тийисли ҳүжжетлерди тезлестирилген ҳәм әпиўайыластырылған ҳалда алыў системасының енгизилетуғыны. Онда:

арнаўлы режим талабанларының арзалары бес жумыс күни ишинде тезлестирилген тәртипте көрип шығылатуғыны;

руқсат етиў өзгешелигине ийе тийисли ҳүжжетлерди алыў ушын талап етилетуғын ҳүжжетлер дизими ўәкилликли мәмлекетлик уйым тәрепинен қысқартылатуғыны;

руқсат етиў өзгешелигине ийе тийисли ҳүжжетлерди алыў ушын белгиленген төлем муғдарларының 2 есеге азайтылатуғыны;

ўәкилликли мәмлекетлик уйым тийисли жумысты әмелге асырыўдың азайтылған талаплары менен шәртлерин белгилейтуғыны;

г) арнаўлы режим қатнасыўшыларына тәжирийбе-сынаў жойбарларын әмелге асырыў шеңберинде:

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 30-июньдеги «Республикамызда мәлимлеме технологиялары тараўын раўажландырыў ушын шараятларды түп-тийкарынан жақсылаў илажлары ҳаққында»ғы ПП-5099-санлы Пәрманы менен IT-парк резидентлерине берилген жеңилликлер ҳәм преференциялар қолланылатуғыны;

өз хызметкерлериниң маманлығын арттырыў ҳәм қайта таярлаўға кеткен қәрежетлери Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 13-октябрьдеги «Халықты исбилерменликке тартыў системасын жетилистириў ҳәм исбилерменликти раўажландырыўға байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы ПҚ-4862-санлы қарарында белгиленген тәртипте мәмлекет тәрепинен компенсацияланатуғыны;

зәрүр болған мағлыўмат және ҳүжжетлерди (мәмлекетлик сырлар ҳәм нызам менен қорғалатуғын басқа да сыр белгилерине ийе болған мағлыўматлар буған кирмейди), сондай-ақ, шахсқа байланыслы ийесизлендирилген мағлыўматларды министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлерден алыў ҳуқықының берилетуғыны;

д) арнаўлы режим жумысының мүддети бес жылды қурайтуғыны және оның жумыс мүддетин создырыў «Санлы Өзбекстан-2030» стратегиясын әмелге асырыў бойынша муўапықластырыў комиссиясы (кейинги орынларда – Муўапықластырыў комиссиясы)ның қарары тийкарында әмелге асырылатуғыны;

е) тәжирийбе-сынаў жойбарлары ибир жылдан көп болмаған мүддетте әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. а) арнаўлы режим қатнасыўшылары:

жойбарлар тәжирийбе-сынаўдан табыслы өткерилгеннен соң оларды толық әмелиятқа енгизиўге руқсат алыўы мүмкин екенлиги;

өнимди реализациялаўда ҳәм хызметлерди көрсетиўде буйыртпашыларды тәжирийбе-сынаўдан өткерилип атырғанлығы ҳаққында ескертетуғыны ҳәм олардың тийисли дизимин жүргизетуғыны;

тезлестирилген ҳәм әпиўайыластырылған тәртипте алынған руқсат етиў өзгешелигине ийе тийисли ҳүжжетлерде белгилеп берилген талаплар ҳәм миннетлемелерге толық әмел етиўи шәрт екенлиги;

б) арнаўлы режим ҳәм оның қатнасыўшыларының жумысын өз-ара муўапықластырыўды тәмийинлеўге жуўапкер – Муўапықластырыў комиссиясы;

в) арнаўлы режим жумысын ҳуқықый тәртипке салыў ҳәм басқарыў тараўындағы жумысшы уйым – Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги болып есапланатуғыны белгиленсин.

Онда, арнаўлы режим қатнасыўшыларының илимий жумысын бақлап барыўға Санлы технологиялар ҳәм жасалма интеллекти раўажландырыў илимий-изертлеў институтының хызметкерлери тартылады.

  1. Арнаўлы режим жумысы бойынша жуўапкер уйымлар ҳәм структуралар төмендеги тийкарғы функцияларды орынлайтуғыны:

а) Муўапықластырыў комиссиясы:

мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер, жергиликли атқарыў ҳәкимияты уйымлары тәрепинен арнаўлы режим шеңберинде әмелге асырылатуғын жумыслардың өз ўақтында орынланыўын системалы қадағалайтуғыны;

тийисли ўәкилликли уйым менен дүзилген шәртнамалар тийкарында арнаўлы режим қатнасыўшылары тәрепинен шахсқа байланыслы ийесизлендирилген мағлыўматларды қайта ислеў тәртиби ҳәм шәртлерин, сондай-ақ, оларға қойылатуғын талапларды белгилейтуғыны;

тийисли ўәкилликли мәмлекетлик уйым менен биргеликте арнаўлы режим қатнасыўшыларына жасалма интеллект технологияларына тийкарланған программалық өнимлерди тәжирийбеден өткериў ҳәм әмелиятқа енгизиў процесинде жеңиллик жаратыў және қатнасыўшылардың руқсат етиў өзгешелигине ийе тийисли ҳүжжетлерди тезлестирилген ҳәм әпиўайыластырылған тәртипте алыўын тәмийинлейтуғыны;

әмелдеги нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң тийисли нормаларын тәжирийбе-сынаў жойбарларының мүддетинде бурынғысынан өзгеше етиў ҳаққында қарар қабыл етилетуғыны;

жасалма интеллект технологияларын ислеп шығыў, жаратыў, әмелге асырыў ҳәм пайдаланыўдың айрықша шәртлери және тәртибин белгилейтуғыны;

б) жумысшы уйым:

әмелдеги нызамнан келип шығатуғын ҳүжжетлердиң тийисли нормаларын тәжирийбе-сынаў жойбарлары мүддетинде бурынғысынан өзгеше етиў тәртиплери бойынша усынысларды таярлайтуғыны;

арнаўлы режим қатнасыўшыларына тәжирийбе-сынақ жойбарлары шеңберинде зәрүр болатуғын мағлыўматлар дизимин қәлиплестиретуғыны;

арнаўлы режимниң эксперт кеңеслериниң режими, сондай-ақ, оның қатнасыўшысы менен дүзилетуғын жумыс шәртлери ҳаққындағы шәртнама түрин тастыйықлайтуғыны;

тәжирийбе-сынаў жойбарларын қолланыўда жүзеге келетуғын тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде қатнасыўшыларға арнаўлы режим шеңберинде жеңиллик жаратыў бойынша усынысларды таярлайтуғыны;

арнаўлы режим процесинде нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлерге өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында усыныслар таярлайтуғыны және көрип шығыў ушын ўәкилликли мәмлекетлик уйымға берилетуғыны;

арнаўлы режим қурамына қатнасыўшыларды киргизиў ҳәм шығарыў бойынша усынысларды көрип шығыў ушын Муўапықластырыў комиссиясына берилетуғыны;

арнаўлы режим қатнасыўшыларын тәжирийбе-сынаў жойбарларының мүддети даўамында шөлкемлестириў-ҳуқықый, консультатив қоллап-қуўатлайтуғыны;

в) Муўапықластырыў комиссиясы ҳәм тийисли ўәкилликли мәмлекетлик уйымның қарарларының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер:

шахсқа байланыслы мағлыўматлар ҳаққындағы нызамшылық талапларына толық әмел еткен ҳалда, шахсқа байланыслы ийесизлендирилген мағлыўматларды усынатуғыны;

руқсат етиў өзгешелигине ийе тийисли ҳүжжетлерди тезлестирилген ҳәм әпиўайыластырылған тәртипте беретуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Министрлер Кабинети жигирма күн мүддетте төмендегилерди нәзерде тутатуғын Жасалма интеллект технологияларын қоллап-қуўатлаў ушын арнаўлы режимди шөлкемлестириў ҳәм жумысн жолға қойыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықласын:

арнаўлы режим жумысшы уйымының жумысын шөлкемлестириў;

талабанлар тәрепинен арнаўлы режимде қатнасыў ушын арза менен мүрәжат етиў, арзаны көрип шығыў, оларды арнаўлы режим қатнасыўшылары сыпатында дизимнен өткериў тәртиби ҳәм қатнасыўшы статусынан айырыў тийкарлары;

талабанларға қойылатуғын талаплар, арнаўлы режим қатнасыўшыларының ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери, оларға берилип атырған жеңилликлер ҳәм преференциялар дизими;

тийкарғы бағдарлардағы тараўлар бойынша эксперт кеңеслериниң қурамлары.

  1. Мәлимлеме ҳәм ғалаба коммуникациялар агентлиги, Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы усы қарардың мақсет ҳәм ўазыйпаларын ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытыў бойынша жумысларды шөлкемлестирсин.
  2. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  3. Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң мәсләҳәтшиси О.М.Умаров және мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министри Ш.М.Садиков белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр шеректе додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                  Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-август