Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Өзиниң уллы таланты, сийрек гезлесетуғын ҳәм тәкирарланбас дөретиўшилиги менен өзбек эстрада көркем өнерине тийкар салып, миллий мәдениятымызды раўажландырыў, оның даңқын дүнья халықлары арасында кеңнен үгит-нәсиятлаўға қосқан шексиз үлеси, жас әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятлар руўхында тәрбиялаў бағдарындағы умытылмас хызметлерин инабатқа алып ҳәм туўылған күниниң 85 жыллығы мүнәсибети менен халқымыздың ардақлы перзенти, уллы көркем өнер ийеси, Өзбекстан халық артисти, марҳум Батыр Каримович Закиров «Эл-юрт ҳурмати» ордени менен сыйлықлансын.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                         Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 26-август