Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиздиң экономикалық қүдиретин беккемлеў, барлық тараўларда реформаларды табыслы әмелге асырыў бағдарындағы көп жыллық нәтийжели мийнети, елимиздиң раўажланыўын ҳәм халқымыздың абаданлығын тәмийинлеў, Жаңа Өзбекстанды қурыў, оның халықаралық майдандағы абырай-мәртебеси ҳәм статусын жоқарылатыўға қосқан мүәсип үлеси, экономика тармақларын заман талаплары тийкарында модернизациялаў, алдыңғы инновациялық технологияларды енгизиў, қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, аймақлар инфраструктурасын жедел раўажландырыўдағы үлкен хызметлери, жәмийетте руўхый турақлылықты сақлаў, жас әўладты ана Ўатанға муҳаббат, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық қәдириятларға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў жумысларындағы үлгили жумысы және жәмийетлик турмыста белсене қатнасқаны ушын төмендегилер ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар менен сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен ирригатор» ҳүрметли атағы менен

Разов Жеткербай Бектемирович – Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлигиниң қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары бойынша механизация базасының экскаватор машинисти

«Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен транспорт хызметкери»

ҳүрметли атағы менен

Оразбаев Оңалбай Теңелович – «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң 279-жол машина станциясы машинисти

«Эл-юрт ҳурмати» ордени менен

Қошымбетова Қутлы Абдуллаевна – Қоңырат районы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынының баслығы

«Меҳнат шуҳрати» ордени менен

Саймбетов Пердебай Жумамуратович – Шымбай районы жоллардан пайдаланыў унитар кәрханасының автогрейдершиси

Сариев Қаҳраман Раматуллаевич – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы

«Дўстлик» ордени менен

Абдижаббаров Турсынбай – Қарақалпақстан Республикасы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң орынбасары

Ибрагимов Қуўатбай Турғанбаевич –Нөкис қалалық телекоммуникация байланысы инженери

Нахипов Акбай Арипбаевич – Нөкис районындағы «Қарақалпақ-қурылыс-монтажлаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң басшысы

Халилаев Фахратдин Садуллаевич – «Тақыятас ыссылық электр станциясы» акционерлик жәмийетиниң бас директоры

«Содиқ хизматлари учун» медалы менен

Йўлдашев Султонбой Ражапбаевич – Әмиўдәрья районының ҳәкими

Реймов Хамид Жолдасбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги жанындағы «Қуўаныш жарма» ирригация системасы басқармасының баслығы

Утамбетов Дүйсенбай Уснатдинович – Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Аграр, суў хожалығы, тәбиятты қорғаў ҳәм экология мәселелери бойынша комитети баслығы

Утамбетов Узақберген Тилеуимбетович – Қараөзек районының ҳәкими

«Жасорат» медалы менен

Дәўлетярова Паршагүл Муратбаевна – Қарақалпақстан Республикасы майыплар жәмийетиниң баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

(100 жастан асқанлар)

Жақсымуратова Алтын – Кегейли районы

«Шуҳрат» медалы менен

Айтбаев Шерзод Азатович – Төрткүл районындағы «Төрткүл топырағы» шаңарақлық кәрханасының басшысы

Аширов Ёқуббой Хужамуратович – Әмиўдәрья районындағы  «Ёқуббой Аширов» фермер хожалығының баслығы

Бабажанов Низомжон Атажанович – «Үстирт излеў-бураўлаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң бураўлаў устасы

Гайпов Әскербай Сәрсенбаевич – «Қанлыкөл агросервис машина-трактор парки ҳәм интегралластырылған сервис орайы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети «Магнум» операторы

Ганибаев Маъмуржон Жаңабаевич – «Үстирт излеў-бураўлаў басқармасы» жуўапкершилиги шекленген жәмийети директорының геология ислери бойынша орынбасары

Жиемуратов Тлеўбай Теңелбаевич – Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў бойынша комитетиниң Мойнақ районы инспекциясы баслығы

Сабиров Қуралбай Пердебаевич – «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетиниң Қоңырат жол аралығы жол устасы

Таджиддинов Айбек Таджимуратович – «Үстиртгаз» қазып шығарыў басқармасының «Шығыс Бердақ» участкасы мастери

Таңирбергенов Муратбек Манибекович – Нөкис қаласындағы «Муратбек-мебель» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы

Ҳабибуллаев Бахытжан Сағидуллаевич – Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары – инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри

Юсупов Теңизбай Көкленович – Бозатаў районындағы «Бозатаў» мәмлекетлик тоғай хожалығының шопаны

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                                        Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 25-август