2021-жыл 1-сентябрьден баслап шет тиллерин оқытыў бойынша ең жақсы нәтийжелерге ерискен мектеплерди хошаметлеў мақсетинде Президент сыйлығы шөлкемлестириледи. Бул ҳаққында «Өзбекстан Республикасында шет тиллерди үйрениўди ғалабаластырыў жумысларын сапалық жақтан жаңа басқышқа көтериў илажлары ҳаққында»ғы Президент қарарында атап өтилген.

Бунда сыйлық ушын жарыслар улыўма билим бериў мектеплери арасында төмендеги үш басқышта шөлкемлестириледи:

Биринши басқыш – район ҳәм қалаларда өткерилип, жеңимпазлар 100 миллион сумға шекем;

Екинши басқыш – Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласында өткерилип, жеңимпазлар 250 миллион сумға шекем;

Үшинши басқыш – республикалық көлемде өткерилип, жеңимпазлар 500 миллион сумға шекем қаржылай сыйлықланады.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.