Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 3-август күни  усы быйылғы жылдың биринши ярымындағы экономикалық нәтийжелер таллаў ҳәм жылдың ақырына шекем аймақлар ҳәм тармақларда турақлы экономикалық өсиўди тәмийинлеў илажларын додалаў бойынша видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Биринши ярым жыллықта мәмлекетимиз жалпы ишки өними 6,2 процентке өскени атап өтилди. Буған, тийкарынан, санаат 8,5 процент, инвестициялар 5,9 процент ҳәм хызметлер көлеми 8 процентке артқаны есабынан ерисилген. Инфляция дәрежеси 10,9 процентти қураған.

Усы дәўирде улыўма 200 триллион сум муғдарындағы санаат өнимлери ислеп шығарылған. Бул тараўдағы жоқары өсиў пәтлери кән-металлургия, тоқымашылық ҳәм электр энергиясы тармақларында, Қашқадәрья, Сырдәрья, Жиззақ, Наманган ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында бақланған.

Буған, бәринен бурын, экономиканың турақлы ислеўи және сыртқы базарларда конъюнктураның жақсыланыўы есабынан ерисилген. Экономикалық өсиўди қоллап-қуўатлаўда мәмлекетлик ресурслар да шешиўши фактор болмақта.

Мәжилисте мәмлекетимиз басшысы аймақлар ҳәм тармақларды раўажландырыў ушын зәрүр финанслық ресурслар ажыратылған болса да, еле орынларда күтилген нәтийже болмай атырғанын атап өтти.

Аймақлық санаат көлеми Сырдәрья ўәлаятында 41 процент, Хорезмде  33 процент, Наманган ҳәм Сурхандәрьяда 24 процентке өскен. Бирақ, бул көрсеткиш үлкен имканиятларға ийе Ферғана ўәлаятында тек 1,2 процент ҳәм Ташкент ўәлаятында 4,6 процентти қураған.

Улыўма, биринши ярым жыллықта 110 аймақлық санаат кәрханасында өткен жылға салыстырғанда 2,2 триллион сумлық өнимлер аз ислеп шығарылған.

Инвестициялық жойбарлардың нәтийжелилиги де көрип шығылды. Соның ишинде, аймақлық инвестициялық бағдарламалар шеңберинде биринши ярым жыллықта 5 мың 246 жойбар әмелге асырылған. Бирақ олардың санааттың өсиўиндеги орны сезилмей атырғаны, оған жуўапкер ҳәкимниң орынбасарлары кәрханалар менен тығыз жумыс алып бармай атырғаны атап өтилди.

Есап бериў дәўиринде мәмлекетте улыўма 53 мың жаңа исбилерменлик субъекти шөлкемлестирилип, бул көрсеткиш өткен жылға салыстырғанда 14 процентке артқан.

Мәжилисте 9 ай ҳәм жылдың жуўмағы бойынша экономикалық өсиўди тәмийинлеў илажлары додаланды.

Екинши ярым жыллықта ири тармақ кәрханаларында 86 триллион сумлық, аймақларда 142 триллион сумлық санаат өнимлериниң ислеп шығарылыўы бунда әҳмийетли фактор болады.

Мәселен, усы дәўирде тоқымашылықта 15 триллион сумнан аслам өним таярлаў ҳәм 1 миллиард 700 миллион долларлық экспорт етиў имканияты бар. Ямаса электр техникасы тармағында экспортты 348 миллион доллар, былғары санаатында 251 миллион долларға жеткериў мүмкин.

Сондай-ақ, аймақларда «драйвер» болған тараўларды раўажландырыў, киши ҳәм орта кәрханаларда өндиристи кеңейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Бас министрдиң орынбасарларына иске қосылған жойбарларды орнына шыққан ҳалда, толық үйренип, толық қуўатлылықта ислеўине жәрдем көрсетиў бойынша тапсырма берилди.

Бизге белгили, соңғы бес жылда аўыл хожалығын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм раўажландырыў бойынша Президенттиң 30 дан аслам пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилди.

Қосымша жер майданлары пайдаланыўға киргизилип, имканиятлар кеңейди. Тараў ушын субсидиялар ажыратылды. Аўыл хожалығының барлық бағдарларында кластер системасы енгизилип, оларға усы жылдың өзинде 6 триллион сумнан аслам кредитлер берилди.

Бирақ, бул тараўда нәтийжелилик күтилгениндей болмай атырғанлығы, иске қосылмаған имканиятлардың көп екенлиги көрсетип өтилди.

Атап айтқанда, аўыл хожалығындағы өндирис көлеми Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Қашқадәрья, Самарқанд, Хорезм ҳәм Ташкент ўәлаятларында өткен жылғы дәрежеде сақланып қалған. Дийқаншылық бағдарында өним жетистириў азайған.

Себеби өнимдарлық өзгермей атыр, айырым өнимлердиң түрлери бойынша болса азайып кетпекте. Шарўашылық ҳәм қусшылық бағдарындағы жумыслар да қанаатландырарлы емес екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы халықтың азық-аўқат өнимлерине талабы артып атырғанын, өндирис көлеми өсип атырған талапты қанаатландырыўы зәрүр екенлигин атап өтти.

Екинши ярым жыллықта өним жетистириў ҳәм қайта ислеў көлемин арттырыў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берилди.

Мәжилисте хызметлер тараўын таллаўға да айрықша итибар қаратылды.

Бизге белгили, усы жылдың 11-май күни «Хызметлер тараўын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында» Президенттиң қарары қабыл етилген еди. Аймақларда хызметлердиң түрин кеңейтиў ҳәм сапасын арттырыўға қаратылған жойбарларға кең жол ашылды.

– Мәмлекет тәрепинен имканият жаратып берилди. Адамларымыз да ҳәрекетшең, мийнет сүйгиш. Енди хызметлер тараўында кескин өзгерис ислеў керек. Бул жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўдиң ең арзан жолы. Аўылларда хызметлер қанша көбейсе, сапа да артады, – деди Шавкат Мирзиёев.

Хызметлер тараўын раўажландырыў ушын биринши басқышта 7 коммерциялық банкке 1 триллион 575 миллиард сум қаржы ажыратылды. Соның есабынан аймақларда 2 мың 400 жойбарды әмелге асырыў басланды.

Нәтийжеде 2020-жылдың биринши ярымына салыстырғанда хызметлер көрсетиў көлеми 18 проценттен көбирек артты. Әсиресе, Сырдәрья, Әндижан, Бухара, Хорезм, Сурхандәрья, Ферғана ўәлаятлары және Ташкент қаласында бул бағдардағы көрсеткиш жоқары болды.

Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды даўам еттирип, жылдың ақырына шекем тараўда 415 мың жаңа жумыс орнын шөлкемлестириў мүмкин екенлиги атап өтилди. Бос турған имарат ҳәм жер майданларын исбилерменлерге бериў, өзин-өзи бәнт етиўди қоллап-қуўатлаў бул бағдарда үлкен имканият екени атап өтилди.

Транспорт министрлигине жаңа жөнелислер шөлкемлестирип, жәмийетлик транспорт жетип бармаған 1 мың 113 мәҳәллени қамтып алыў бойынша көрсетпе берилди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, экономика тармақларының басшылары, ўәлаят ҳәкимлери есабат берди.

Ҳәр бир тармақ ҳәм аймақ бойынша 9 ай және жылдың ақырына мөлшерленген анық режелер ислеп шығып, орынланыўын тәмийинлеў ўазыйпасы қойылды.

 

ӨзА