Жаслар арасында нызам менен қадаған етилген ағымларға кирип кетиўдиң алдын алыў, оларға түрли ағымлар ҳаққында мағлыўмат бериў, жаслар менен пикир алысыў ҳәм бундай ағымларға сын пикирлеўди қәлиплестириў мақсетинде «Қәўипсиз келешек» жойбары шеңберинде «Истиқболли авлод» Республика социал-информациялық орайы тәрепинен республикамыздың барлық районларында семинар-тренинглер өткерилмекте.

Усындай бағдардағы жаслар менен ушырасыў  Қанлыкөл районда да өткерилди.

АҚШтың киши грантлар бағдарламасы қәўендерлигинде өткерилген бул тренингде жаслардың нызам менен қадаған етилген ағымларға кирип кетиўиниң алдын алыў, экстремистлик шөлкемлер, топарлар ҳәм ағымлар ҳаққында кең түрде мағлыўмат берилди.

– Экстремизм, терроризм сыяқлы жәмийетимизге тән болмаған иллетлер ҳәмийше жасларды сергек болыўға шақырады. Бүгинги семинарда усы мәселелер бойынша презентациялар тийкарында мағлыўматлар берилди. Бундай семинарлар жасларда нызам менен қадаған етилген шөлкемлерге қарсы сын көзқарастың қәлиплесиўине хызмет етеди, – дейди семинар қатнасыўшысы Ш.Толыбаева

Семинар-тренигте жаслар топарларға бөлинип, жәмийетте ушырасып атырған түрли экстремистлик шөлкемлер ҳәм олардың тәсирине түсип қалмаў ушын профилактикалық илажларды қалай алып барыў кереклиги бойынша өзлериниң түсиниклерин билдирди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги