Илимпазлар аўыр кеселликлерди келтирип шығаратуғын ҳәм ерте өлимшиликке алып келиўи мүмкин болған азанғы әдетлер дизимин дүзди. Бул ҳаққында «Московский комсомолец» хабар бермекте.

Азанғы аўқаттан ўаз кешиў жүрек-қан тамыр кеселликлеринен өлим қәўпин 87 процентке арттырады. Бул адамның салмағына да тәсир етеди: оянғаннан кейинги дәслепки саатларда жақсы аўқатланған адамлар күн даўамында еки есе көп калория жумсайды.

25 грамм шошқа гөшин жеў жуўан ишек рагиниң раўажланыў итималын 20 процентке арттырады.

Және бир изертлеўге бола, азанда мийўе шербетлери ҳәм мазалы ишимликлер ишиў диабет қәўпин 16 процентке арттырады. Илимпазлар шербетлерди әпиўайы мийўелер менен алмастырыўды мәсләҳәт береди. Қара кофени аш қарынға ишиў қандағы глюкоза дәрежесине күшли тәсир етеди, соның ушын оны аўқаттан кейин ишиў усыныс етиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги