Турдышов Аманбай Жақсыбаевич Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини ҳәм қорғаў агентлиги баслығы лаўазымына тайынланды. Бул ҳаққында усы агентликтиң мәлимлеме хызмети хабар берди.

Мағлыўмат ушын, А.Турдышов усы күнге шекем «Қарақалпақагрохимия» аймақлық акционерлик жәмийетиниң пахта, масақлы дән егинлери кеселликлери ҳәм зыянкеслерине қарсы гүресиў бөлими баслығы лаўазымында жумыс ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.