Ташкент қаласындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде өткерилген баспасөз конференциясында ӨзР Инновациялық раўажланыў министри И.Абдураҳмонов ҳәм министр орынбасары Ш.Турдиқулованың мәлим етиўинше, вакцина қабыллаў инсанның перзент көриў қәбилетине улыўма тәсир өткермейди.

– Ҳәзирги ўақытта коронавирусқа қарсы шаншылғаннан кейин ҳәмиледар болған ҳаяллар бар ҳәм олардың денсаўлығы турақлы қадағалаўға алынған.

Дәслепки шаншыў басқышларынан берли 7-8 ай ўақыт өтти ҳәм усы ўақыт аралығында ҳеш бир ҳаялда кери тәсир бақланбады. Ең әҳмийетлиси – вакцина алғаны олардың ҳәмиледар болыўына ҳеш қандай тосқынлық көрсетпеген, – деп айтып өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.