Өзбекстан «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды Қарақалпақстан Республикасы бөлими, қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен быйылғы жылдың өткен алты айы даўамында исленген жумысларының жуўмағына бағышланған мәжилис болып өтти.

Онлайн тәризде өткерилген илажда атап өтилгениндей, есап бериў дәўиринде республикамыздағы 38 пуқаралар жыйыны 163,8 миллион сумлық компьютер ҳәм принтер  комплекти, 3 пуқаралар жыйыны 20,4 миллион сумлық мебель үскенелери менен  тәмийинленди. Сондай-ақ, 120 пуқаралар жыйынының коммуналлық төлемлерден 130 миллион сумлық қарызы фонд тәрепинен төлеп берилди. Буннан тысқары, пуқаралар жыйынының 395 хызметкерине 560 миллион 980 мың сум бир мәртелик материаллық жәрдем берилди.

Қурбан ҳайыты байрамы мүнәсибети менен республикамыздағы жәми 5085, соның ишинде, урыс ветераны жасайтуғын 5, кекселер жасайтуғын 16, жәрдемге мүтәж 5064 шаңарақтың ҳал-жағдайынан хабар алынып, оларға бийпул азық-аўқат өнимлери тарқатылды. Усы қайырқомлық илажлары ушын «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды есабынан 9 миллион 550 мың сум, фондтың Қарақалпақстан Республикасы бөлими жанындағы «Сақаўат ҳәм жәрдем» фонды есабынан 1 миллиард 251 миллион сум қаржы жумсалды.

Мәжилисте ерисилген нәтийжелер менен бир қатарда жол қойылып атырған кемшиликлер көрип шығылып, оларды сапластырыў бойынша илажлар белгиленди. Сондай-ақ, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фондының уставы ҳәм ис–режесинде белгиленген әҳмийетли ўазыйпалар бойынша тийисли қарарлар қабыл етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги