Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 19-апрельдеги «Мәмлекетлик хызметлер көрсетиўде агентлердиң жумысын шөлкемлестириў илажлары ҳаққында»ғы  қарарына муўапық, агент-аккредитациядан өткен, оқыў орынлары тәрепинен берилетуғын сертификатға ийе болған, мәмлекетлик хызметлер көрсетиў мәлимлеме системасы арқалы арза бериўшилердиң мағлыўмат ҳәм ҳүжжетлерин  тийисли мәмлекетлик уйымға ямаса шөлкемге жибериў және хызмет нәтийжесин арза бериўшиге усыныс етиў жумысын әмелге асырыўшы жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық тәреп болған исбилерменлик субъекти болып табылады. Ол мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ҳуқықын бериўши сертификатқа ийе болыўы  ушын оның жасы ҳәм мағлыўматына қарамастан жеке тәртиптеги исбилермен ямаса юридикалық тәреп  статусына ийе болған исбилерменлик субъекти болыўы тийис.

Буның ушын төмендеги талаплар белгиленген:

-мәмлекетлик хызметлер көрсетиў ушын кеминде 15 метр кв. майданға ийе имараты болыўы, мәмлекетлик хызмет көрсетиўши ҳәр бир хызметкер компьютер  ҳәм басқа да зәрүр техникалар менен тәмийинленгенлиги, кеминде 5 адам ушын күтиў орынлығы, банкте есап бети, қадағалаў-касса аппараты ямаса есапласыў терминалы болыўы тийис.

Пуқараларды агент болыў ушын  қандай қурсларда оқыў керек деген сораў қызықтырыўы тәбийғый.  Оқыў курслары Мәмлекетлик хызметлер орайлары тәрепинен көрсетилетуғын, талапкерлер таңлаған хызметлер түрлери бойынша 40 саатлық оқыў бағдарламасы тийкарында оқыў орайларының имаратларында шөлкемлестириледи.

Агент сыпатында исбилерменлик субъектлериниң жумысын тоқтатыў ҳәм сапластырыў, туўылғанлықты дизимге алыў, аталықты белгилеў, перзентликке алыў, неке дүзилгенлигин ҳәм некеден ажырасқанлықты дизимге алыў (ер ҳәм ҳаялдың биреўиниң арзасы яки екеўиниң биргеликтеги арзасы тийкарында, сондай-ақ суд қарары менен), өлимди дизимге алыў, акт жазыўларын тиклеў, пуқаралық ҳалаты акти жазыўларын өзгертиў, толықтырыў, фамилиясы, аты , әкесиниң атын өзгертиў, тәкирарый гүўалықлар ҳәм басқа да мағлыўматларды бериў сыяқлы мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў қадаған етиледи.

Агентлер тәрепинен хызмет көрсетиў нызамшылық ҳүжжетлеринде орнатылған тәртипте әмелге асырылады. Агент хызметлерин көрсетиў Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги жанындағы Мәмлекетлик хызметлер агентлигиниң бирден-бир платформасы шеңберинде әмелге асырылады. Агентлердиң жумысы Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен мониторинг етип барылады.

Агент тәрепинен нызамшылық ҳүжжетлери, сондай-ақ, ҳәкимшилик регламентлеринде нәзерде тутылған, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиў ушын төлемлер (мәмлекетлик бажы, жыйым, төлем) усы ҳүжжетте белгиленген тәртипте бөлистириледи. Агенттиң төлемли хызметлери ушын өз алдына төлем толық оның ықтыярында қалады.

Егерде мәмлекетлик хызметлер көрсетиў бағдарында агенттиң қәтеси (айыбы) себепли ўәкилликли уйымлар тәрепинен арза бериўшиниң арзасын көрип шығыўдан бас тартылған жағдайда, арза бериўши тәрепинен жумсалған барлық төлемлердиң муғдары агент есабынан қапланады. Бул хызметтиң енгизилиўи пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын жаратылып атырған қолайлықлардан бири болып табылады.

 

Б.НУРЛЫБЕКОВ,

Нөкис қаласы  Мәмлекетлик хызметлер орайының бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги