Президент Шавкат Мирзиёев 28-июль күни Ташкент қаласындағы 21-Меҳрийбанлық үйинде жаратылған шараятлар менен танысты.

Елимизде ата-анасынан айырылған, меҳирге мүтәж балаларды қоллап-қуўатлаў, олардың тәлим-тәрбия алыўы ҳәм жәмийетте мүнәсип орнын табыўы ушын жәрдемлесиў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Ҳәзирги ўақытта жетимликтиң алдын алыў, халық ҳәм жаслар арасында саламат шаңарақ қурыўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўды үгит-нәсиятлаў, шаңарақлық қәдириятларға руўхый-әдеп-икрамлылық қатнасты қәлиплестириў социаллық сиясатымыздың әҳмийетли бағдары етип белгиленген.

Себеби ҳәр бир нәресте бул жақты дүньяға келип, оған да басқалар сыяқлы ата-анасының қушағында жайнап өсиў, бахыт-ығбаллы турмысты тәмийинлеў мәмлекетимиз, жәмийетимиздиң ең муқаддес миннети болып есапланады.

Президентимиз сол мақсетте пайтахтымыздағы Меҳрийбанлық үйине сапары даўамында усы мәкемениң жумысы мысалында социаллық қорғаўға мүтәж балаларды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў механизмлерин жетилистириў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди.

Елимиздеги 16 Меҳрийбанлық үйиниң 4 еўи Ташкент қаласында жайласқан. 21-санлы Меҳрийбанлық үйи 1992-жылы шөлкемлестирилген болып, 3 жастан 18 жасқа шекемги 122 ул-қызларды тәрбияламақта. Олардың 47 си жетим, 75 си социаллық жетим балалар болып табылады.

Мәкемеде тәрбияланыўшылардың билим алыўы, шаңарақ орталығын сезинип камалға келиўи ҳәм еркин турмыста өзиниң орнын табыўы ушын барлық шараятлар жаратылған. Билимлендириў процесине маман оқытыўшылар, психолог, логопед, дефектологлар тартылған. Робототехника, ментал арифметика, шаштәрезлик, аспазлық, тигиўшилик дөгереклери тәрбияланыўшылардың сабақтан бос ўақытын мазмунлы өткериўи, белгили бир тараў бойынша қәбилетин қәлиплестириўде әҳмийетли фактор болмақта. Спорт шынығыўларында балалар саламатлығын беккемлеў менен бирге республикалық ҳәм халықаралық жарысларда сыйлы орын ийелери де болмақта.

Президентимиздиң 2019-жыл 11-февральдағы «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айырылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Меҳрийбанлық үйинде Руўзыгершилик академиясы шөлкемлестирилген. Бул академияда балаларды еркин турмысқа таярлаў ушын сабақлар алып барылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде жаратылған шараятлар менен танысты, балалардың сабақ өтиўлерин көзден өткерди.

Президент мәкеме тәрбияланыўшылары менен пикирлести.

-Бүгин келиўимизден мақсет сизлер менен көрисип, сизлердиң тымсалыңызда барлық тәрбияланыўшылар ушын шараятларды буннан да жақсылаў, илажы барынша, шаңарақтағыдай орталық, тәрбия шөлкемлестириў. Ҳәмме менен тең болып тәлим-тәрбия алыўыңыз, жоқары оқыў орынларында оқып, кәсип ийелеўиңиз, жай ҳәм жумыс пенен тәмийинленип, өмирде мүнәсип орын табыўыңыз ушын имканиятлар жаратамыз. Соны билиң, сизлердиң ата-анаңыз, Ўатаныңыз бар. Мәмлекет сизлерди ҳеш қашан итибарсыз қалдырмайды,-деди Президент.

Меҳрийбанлық үйинде шараятлар жақсы. Бирақ балалар менен жеке тәртипте ислесиў, оларды кәсипке бағдарлаў талап дәрежесинде емес. Тәрбияланыўшылардың 18 жастан кейинги еркин өмири, жоқары мағлыўмат алыўы ҳәм бәнтлигине жәрдемлесиўши жуўапкер уйым жоқ.

Соның ушын мәмлекетимиз басшысы барлық Меҳрийбанлық үйлери ҳәм арнаўлы мектеп-интернатларды Өзбекстан Республикасы Миллий гвардиясының жуўапкершилигине өткериў усынысын билдирди.

– Бул мәкемелердиң материаллық қәўендери бар, руўхый қәўендер керек. Бул ҳәм саўап, ҳәм керекли жумыс,-деди Шавкат Мирзиёев.

Елимизде Меҳрийбанлық үйлери ҳәм 4 Балалар қалашасында 1 мың 823 ул-қыз жасап, оқымақта.  86 арнаўлы мектеп-интернатта 21 мың         363 бала тәрбияланбақта. Бул мәкемелер, сынақ тәризинде, миллий гвардия жуўапкершилигине өткерилетуғыны белгиленди.

Балаларға қәнигелескен билим бериў ҳәм ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаў бойынша методика жаратыў ўазыйпасы қойылды. Меҳрийбанлық үйлери ҳәм арнаўлы мектеп-интернатларды илим, көркем өнер ҳәм спорт шөлкемлери менен байланыстырып, тәрбияланыўшылардың қәбилетин раўажландырыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

 

М.ЭЛМУРОДОВ,

ӨзАның хабаршысы