24-июль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмонның телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиў алдында Тәжикстан Президенти мәмлекетимиз басшысын туўылған күни менен қутлықлап, Өзбекстанның көп миллетли халқына тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тиледи.

Быйылғы жылдың  10-11-июнь күнлери Тәжикстан Республикасына рәсмий сапардың жуўмақлары бойынша қабыл етилген келисимлерди әмелге асырыў мәселелери көрип шығылды.

Регион күн тәртиби, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўы бойынша пикир алысылды.

Өткен ҳәптеде Ташкентте өткен Орайлық ҳәм Қубла Азия өз-ара байланысы бойынша халықаралық конференцияның табыслы нәтийжелери жоқары баҳаланды.

Келеси айдың басында Түркменстанда регион мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўын және быйылғы жылдың сентябрь айында Тәжикстанда  Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң саммитин өткериўге таярлық мәселеси додаланды.

 

ӨзА