Нөкис районы «Бақаншақлы» аўыл пуқаралар жыйынында бүгинги күни 1228 хожалықта 7800 ге шамалас халық тыныш-татыў турмыста жасамақта.

Жергиликли халықтыӊ 18 процентин жаслар қурайтуғын бул аймақта сектор ағзалары тәрепинен үйме-үй жүрип үйрениўлер барысында, 423 жас «Жаслар дәптери» не киргизилип, оларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар унамлы жумыслар әмелге асырылмақта. Әсиресе, дийқаншылық пенен шуғылланыўды қәлеўши 223 жастыӊ ҳәр бирине 30-50 сотыхтан егислик жерлер ажыратылып, оларға фермерлер тәрепинен ҳәр қыйлы аўылхожалығы егинлериниӊ егилип берилиўи аўыл жасларына айрықша қуўаныш бағышлады.

Усы аймақ турғыны Қуўанышбай Өтениязов та усындай жаслардыӊ бири. Келиншегим Малика Сабурова менен үйде жумыссыз отырған едик. Бизлердиӊ бул жағдайымызды есапқа алып, аўылымыздағы «Елмуратов Қошқарбай» фермер хожалығыныӊ гүзлик бийдайдан босаған майданларынан егислик жер ажыратып берип, бул жерге суўды аз талап ететуғын мәш дақылын егип берди. Ҳәзир еккен егинимиз бир тегис бой көрсетип, оларды тәрбиялап атырмыз. Несип етсе бул жерден 10-15 миллион дәрамат табамыз деп отырмыз,-дейди ол.

Шынында да бүгинги күни аймақта аўыл жаслары өзлериниӊ ата кәри болған дийқаншылықтан мол зүрәәт жетистириў арқалы шаӊарағын бағыў жолында жаздыӊ жазийрама ыссысына қарамастан аянбастан мийнет етпекте.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги