Өзбекстан Республикасы Өсимликлер карантини инспекциясы тәрепинен усы жылдың 28-июнинен 16-июлине шекем «қаўын шыбыны» зыянкеси, сары шөп ҳәм кекире жабайы шөплерине ғалабалық қарсы гүресиўди шөлкемлестириў мақсетинде «әҳмийетли он бес күнлик» жәрияланды.

«Қаўын шыбыны» зыянкеси дүньяның көплеген мәмлекетлеринде тарқалған болып, ол өнимдарлықты ҳәм өнимниң сапасын төменлетеди.  Қарақалпақстан шараятында палыз егинлери майданларынан жоқары өним алыўға бул зыянкес өзиниң кери тәсирин тийгизбекте. Соның ушын, оның пайда болыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыў илажларын өз ўақтында кешиктирместен әмелге асырыў тийис. Зыянкестиң тарқалыўы жетистирилип атырған палыз егинлерине айтарлықтай зыян жеткерип, экспорт көлеминиң азайыўына себеп болыўы мүмкин.

Қарақалпақстан Республикасы Өсимликлер карантини инспекциясы тәрепинен қала ҳәм районларда «әҳмийетли он бес күнлик» карантин илажлары өткерилмекте. Онда тийкарынан дийқан-фермерлердиң қатнасында орынларда семинарлар өткерилип, үгит-нәсият жумыслары даўамында «қаўын шыбыны» зыянкеси, сары шөп ҳәм кекире жабайы шөплерине қарсы гүресиў усыллары түсиндирилмекте.

-Усы жылдың 28-июнинен 8-июль сәнесине шекем қала ҳәм район инспекторлары тәрепинен «қаўын шыбыны»н анықлаў мақсетинде 413,1 гектар, сары шөп жабайы шөбин анықлаў мақсетинде 196,46 гектар, кекире жабайы шөбин анықлаў ушын 71,54 гектар жер майданы карантин қадағалаўынан өткерилди,-дейди инспекцияның ишки карантин бөлиминиң инспекторы Улығбек Жумамуратов.- Соннан Нөкис районында 0,5 гектар, Тақыятас районында 0,3 гектар майданда «қаўын шыбыны» зыянкеси анықланды. Оларға қарсы химиялық усылда қарсы гүрес алып барылды ҳәм тарқалыўының алды алынды. Сондай-ақ, карантин илажлары даўамында 0,3 гектар майданда сары шөп ҳәм 0,09 гектарда кекире жабайы шөби анықланды. Оларға агротехникалық усылда қарсы гүресиў илажы алып барылып, тарқалыўының алдын алынбақта.

«Қаўын шыбыны» зыянкесиниң раўажланыўының биологиялық қәсийетлериниң бири  зыянкестиң қурты мийўениң ишинде раўажланады ҳәм азықланыў арқалы зыян келтиреди. Раўажланып атырған қурттың азықланыўы жуўмақланыўы менен ол мийўениң қабығын тесип сыртқа шығады ҳәм 10-15 минут ишинде топырақтың үстинги бөлегинде, 3-20 сантиметр тереңликте гүбелекке айланады. Ол зыянлаған мийўе жарамсыз жағдайға келеди.

Бул зыянкеслерге қарсы агротехникалық, химиялық усылларда гүрес алып барылыўы нәтийжесинде палыз өнимлеринде зыянкеслер анықланбады. Егерде дийқан-фермерлер ямаса қыйтақ жер ийелери атызларында фитосанитариялық қадағалаў өткергенимизде қандайда бир зыянкес анықланса, «өсимликлер клиникалары» менен биргеликте тийисли илажлар көриледи.

«Қаўын шыбыны»на қарсы гүресиў усыллары алмаслап егиў, тез писетуғын егинлерди егиў, зыянланған өсимликлерди және майда жас мийўелерди гүллеўден кейин изоляциялаў, өсимликлерди жыйнап алғаннан кейин қалдықларын жоқ етиў, зыянланған қаўынларды кеминде 75 сантиметр тереңликте топырақтың астына көмиў болып табылады. Қәнигелердиң көрсетпеси менен инсектицидлерден арбофос (фуфанон), пилигрим, энерги, пиринекс сыяқлы препаратларды  қолланыў усыныс етиледи.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы