Қараөзек районындағы «Бердақ», «Есимөзек», «Қараөзек» аўыл пуқаралар жыйынлары аймақларындағы егислик майданлар ҳәм аймақ турғынларының үй алды қыйтақ жерлерин суў менен тәмийинлейтуғын «Есимөзек» каналында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылмақта. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң ПҚ-4936-санлы қарары тийкарында 2020-2023-жылларда каналдың улыўма 2,5 километр аралығында қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылыўы жобаластырылған болып, бул жумыслар ушын 1 миллиард сум ажыратылған.

Быйылғы жылы соннан 1,4 километр аралықта жумыслар ислениўи белгиленген болып, ҳәзирги ўақытта каналдың 1 километр аралығы қазылып, бетон қуйыў жумыслары әмелге асырылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.