Жер шарының тек ғана 29,2 проценти қурғақлық. Әне усы қурғақлықтың ярымын он мәмлекет ийелейди. Олардан екеўи – Қытай ҳәм Ҳиндстанда жер шарының 35 проценти жасайды.

Бүгин планетамызда халықаралық шөлкемлер ҳәм басқа мәмлекетлер тәрепинен өз алдына мәмлекет деп тән алынған 200  ге шамалас мәмлекет бар. Олардың аймақлары бир тегис жайласпаған.

Аймағы жағынан ең үлкен мәмлекетлердиң онлығы төмендегише:

  1. Россия

Аймағы: 17 100 000 квадрат километр

Россия Жер шарындағы ең үлкен мәмлекет есапланады.

Россияны 12 теңиз, шығыста Тыныш океаны, арқада Арқа муз океаны, батыста Атлантика океаны қурамына киретуғын Балтық теңизи суўлары қоршап турады.

Россияның қурғақлықтағы шегарасы 22,000 километрди қурайды.

 

  1. Канада

Аймағы: 9 984 670 квадрат километр

 

  1. Қытай

Аймағы: 9 597 000 квадрат километр

 

  1. АҚШ

Аймағы: 9 519 431 квадрат километр

 

  1. Бразилия

Аймағы: 8 515 770 квадрат километр

 

  1. Австралия

Аймағы: 7 692 024 квадрат километр

 

  1. Ҳиндстан

Аймағы: 3 287 263 квадрат километр

 

  1. Аргентина

Аймағы: 2 780 400 квадрат километр

 

  1. Қазақстан

Аймағы: 2 724 902 квадрат километр

 

  1. Алжир

Аймағы: 2 381 741 квадрат километр

 

Дәрек: daryo.uz

Ақсунгүл Орақбаева,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарыныӊ 2-курс студенти

Қарақалпақстан хабар агентлиги