World University Rankings 2021-жылы шыққан ең күшли онлыққа Уллы Британияның еки университети ҳәм АҚШтың сегиз университети кирген.  

 

Британияның Times Higher Education баспасы дүньяның ең жақсы 200 университети (The World University Rankings) рейтингин дағазалады.

Жоқары оқыў орынларының жумысын таллаў 13 көрсеткиштен ибарат. Тийкарғы талаплар төмендегише:

  1. Халықаралық студентлер ҳәм оқытыўшылардың ҳәрекетшеңлиги;
  2. Халықаралық стипендия бағдарламаларының саны;
  3. Илимий излениўлер дәрежеси;
  4. Илимий мақалалар;
  5. Билимлендириў хызметлериниң дәрежеси ҳәм басқалар…

ҒМДА мәмлекетлери арасында тек ғана Ломоносов атындағы Москва мәмлекетлик университети рейтингте 174-орынды ийелеп турыпты.

 

Улыўма алғанда рейтингтиң күшли онлығы төмендегише тәртипте жайласқан:

 

  1. Оксфорд университети;
  2. Стенфорд университети;
  3. Гарвард университети;
  4. Калифорния технология университети;
  5. Массачусетс технология университети;
  6. Кембридж университети;
  7. Калифорния университети, Берклий;
  8. Йел университети;
  9. Принстон университети;
  10. Чикаго университети;

Райхан Даниярова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс  студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги