Дүньяға белгили қытайлы бизнесмен, Alibaba Group интернет-империясының атасы Жек Ма 1964-жылы 1-сентябрьде Қытайдың Хуанчжоу қаласында жарлы қосықшылар шаңарағында дүньяға келген. Ол 15 жыл алдын айына 15 доллар айлық алатуғын әпиўайы оқытыўшы болып жумыс ислеген.

ЖЕК МАНЫҢ ЖАСЛЫҒЫ

Жек Маның ҳақыйқый аты Ма Юнг болып, ол туўылып өскен қала Хуанчжоуға АҚШ Президенти Ричард Никсон келгеннен кейин, бул қала жүдә белгили болып кетеди. Дүньяның көплеген мәмлекетлеринен бизнесменлер усы кишкене қалаға келип жасайды. Жас Жек Ма сол ўақытларда мийманханада шет еллилер ушын бийпул саяхат түрлерин шөлкемлестиреди. Сонда саяхатшылар оның атын айтыў аңсат болыў ушын Жекке өзгертеди.

1988-жылы Жек Ма педагогикалық жоқары оқыў орнын тамамлайды. Оны 12-15 доллар айлық пенен жумысқа қабыл етеди. Жек Ма 10 мәрте Гарвард университетине оқыўға арза тапсырады ҳәм ҳәр жылы бийкарлаўшы жуўабын алады. Ол ҳеш те жеңилмеди.

1990-жыллардың басларында Жек жақсы айлықлы жумыс излеп көплеген орынларға барады. Лекин ҳәмме жерде оны жумысқа алмайды. Ҳәтте KFCға да оны жумысқа алмады. Ең қызығы KFCға жумысқа арза тапсырған 24 адамнан тек ғана оны жумысқа қабыл етпейди. Буған себеп деп Жектиң бойы келте деп айтылады.

 

БИЗНЕС

Бизнесте биринши қәдемлерди Жек Ма 1990-жыллардың басында қояды. Ол сол ўақытта аўдарма менен шуғылланатуғын «Xayvo» агентлигин ашады. Бул агентлик ашылғаннан 3 жыл өтип пайдаға кирип баслайды. Жек Ма жеңилмейди, ол өз бизнесин жүргизиў ушын ҳәр қыйлы естелик саўғалар, хожалық өнимлери ҳәм кийимлер сатыўды баслайды.

Арадан 3 жыл өтип «Xaybo» ҳеш қандай сыртқы инвестициясыз биринши мәрте пайда келтирип баслайды. Ҳәзирги ўақытта бул агентлик Хуанчжоудағы ең үлкен шөлкем есапланады.

Ҳүкиметти сүйиң, лекин оған турмысқа шықпаң!

1999-жылы Жек Ма ҳүкимет жумысларынан кетеди ҳәм сәўбетлеси менен Alibaba Group компаниясына тийкар салады. Усы атаманы таңлаўда оған қырқ қарақшы ҳаққындағы ертек илҳам береди. Буннан тысқары «Ali-Baba» аты ҳәмме тиллерде бир түрде айтылатуғын еди.

2000-жыллардың басында оның компаниясы 25 миллион доллар инвестиция утып алады. Лекин пуллары оны пайдаға алып бармайды. Сонда компания бир идеяны ойлап табады, оның жәрдеминде қытайлы ислеп шығарыўшылар Америкадан қарыйдарлар табыўға ериседи. 2002-жылы Алибаба өзиниң биринши пайдасын табады ҳәм ол 1 долларға тең еди. 10 жыл өтип компанияның пайдасы триллион юангдан асып кетеди.

Жек Ма киши бизнес ҳаққында әрман еткен еди. Лекин жүдә үлкен жуўапкершилик талап ететуғын, машқалалар алып келетуғын гигант компания қурды.

Бүгин Alibaba Group Қытай электрон коммерциясының 80 процентин басқарады. Үштен еки бөлегиндеги төлемлер Alipay төлем системасы арқалы әмелге асырылады, оның жыллық айланысы 148 миллиард долларды қурайды. Мәмлекет ишинде Жек Ма компаниясы 6 саўда сайтларын раўажландырады, ол «Facebook»тиң айына 156,5 пайдаланыўшы киретуғын Weibo аналогиның акцияларына ийелик етеди.

Корпорация онлаған мәкемелерди басқарады. Олардың қатарында Alibaba Pictures кино компаниясы, AliExpress.com интернет дүканы, Taobao.com интернет аукционы, онлайн төлемлер майданшасы болған Alipay ҳәм басқалар…

Егер сенде миллион доллар болса, ол сениң пулларың. Егер олар 20 болса, сенде машқалалар пайда болыўды баслайды: сени инфляция тынышсызландырады, пулларды қандай қымбатлы қағазларға тигиў керек. Егер сенде миллиард пайда болса, олар сениң пулларың емес, олар жәмийеттиң саған болған исениминиң бир көриниси.

 

 

Texnoman.uz веб-сайтынан алынды

Райхан Даниярова,

ҚМУ Интернет журналистикасы

тәлим бағдарының 2-курс  студенти,

Қарақалпақстан хабар агентлиги