Абитуриентлер ушын спорт бағдарындағы жоқары оқыў орынларында төмендегидей өзгерислер күтпекте.

 

2021-2022-оқыў жылында:

Өзбекстан мәмлекелик дене тәрбия ҳәм спорт университети, оның Нөкис ҳәм Ферғана филиаллары және басқа тийисли жоқары оқыў орынларында «Паралимпия» кафедрасы, сондай-ақ, «Адаптивлик саламатластырыў, дене тәрбия ҳәм спорт» магистратура қәнигелиги ашылады.

Өзбекстан мәмлекелик дене тәрбия ҳәм спорт университетинде бокс және миллий гүрес бойынша оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери еки есеге көбейтиледи.

«Спорт илажлары шолыўшысы», «Үлкен спорт илажларын шөлкемлестириў (промоутер)» ҳәм «Ғалабалық спортты раўажландырыў ҳәм саламат турмыс тәризин үгит-нәсиятлаў» бойынша магистратура қәнигеликлерине қабыллаў басланады.

Өзбекстан мәмлекелик дене тәрбия ҳәм спорт университетиниң Ферғана филиалы өз жумысын баслайды.

 

Абитуриентлер ушын ҳуқық-қорғаў бағдарындағы жоқары оқыў орынларында төмендегидей өзгерислер болыўы күтилмекте.

 

2021-2022-оқыў жылында:

Миллий гвардия Әскерий-техникалық институты Жәмийетлик қәўипсизлик университетинде бакалавриат ҳәм магистратура системасы енгизиледи.

Ишки ислер министрлигиниң Академиясында кадрларды таярлаў процесине бакалавриат ҳәм магистратураны өз ишине алған еки басқышлы жоқары билимлендириў системасы енгизиледи.

Ташкент мәмлекетлик юридикалық университети (ТМЮУ) жанындағы академиялық лицейдиң барлық пәнлер бойынша жоқары көрсеткишлерге ийе питкериўшилери ТМЮУға кириў тест сынақларысыз, жеке тәртипте сәўбет өткериў арқалы, төлемли контракт тийкарында, қабыллаў параметрлеринен тысқары кириў ҳуқықына ийе болады.

Қураллы күшлер Әскерий медициналық академиясына Өзбекстанның басқа медициналық билимлендириў мәкемелерин питкерген медицина хызметкерлерин төлемли контракт тийкарында қайта таярлаў ҳәм тәжирийбесин арттырыўға рухсат бериледи.

ТМЮУ магистратурасына оқыўға кириў ушын абитуриентлер Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы ямаса Мәмлекетлик тест орайының веб-сайты арқалы дизимнен өтиў тәртиби енгизиледи.

 

Абитуриентлер ушын жоқары оқыў орынларының сыртқы билимлендириў формасында төмендегидей өзгерислер болыўы жобаластырылған.

 

2021-2022-оқыў жылында:

Улыўма билим бериў мәкемелеринде жумыс ислеп атырған, жоқары педагогикалық мағлыўматқа ийе болмаған муғаллимлер ушын бакалавриаттың сыртқы билимлендириў формасы бойынша айырықша мақсетли қабыллаў параметрлери ажыратылады.

Педагогика ҳәм қаржы-экономика тараўларындағы жоқары оқыў орынларында «5520100 – Жәмийетлик хызмет (хызметтиң түрли тараўлары бойынша)» бакалавриат тәлим бағдары бойынша пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары ушын сыртқы билимлендириў формасында кадрлар таярлаў системасы енгизиледи.

Юнус Ражабий атындағы Өзбек миллий музыка көркем өнери институтында арнаўлы сыртқы билимленлириў шөлкемлестириледи.

Республикалық жоқары оқыў орынларының «5321000 – Азық-аўқат технологиясы (өнимлердиң түрлери бойынша)» ҳәм «5410500 – Аўыл хожалығы өнимлерин сақлаў ҳәм дәслепки ислеў технологиясы (өнимлердиң түрлери бойынша)» тәлим бағдарлары бойынша бакалавриаттың күндизги ҳәм сыртқы билимлендириў формаларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери басқышпа-басқыш көбейтип барылады.

 

Таярлаған Бийбиназ Сәрсенбаева,

ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.