Россиялы қәниге Елена Соломатина «Москва 24»ке берген интервьюсинде денсаўлыққа  зыян жеткерип қоймаў ушын ыссы жазда дурыс аўқатланыў бойынша мәсләҳәтлерин берди.

Диетолготиң сөзлерине бола, биринши гезекте, ыссыда «қыздырыўшы» аўқат, мәселен, гөш ҳәм майлы сорпаларды ишпеў керек. Оның айтыўынша, мал ямаса қой гөши сиңиў ушын көп ўақыт талап етеди. Нәтийжеде ыссылық ажыратылыўы да узақ ўақыт даўам етеди. Бул болса жағдайдың төменлеўине алып келиўи мүмкин. Соған бола аўқатлық затларда олардың орнына таўық ямаса қоян гөшин жеў мәсләҳәт бериледи.

Ыссыда ҳаўада тағам жеңил болыўы керек. Тез-тез, бөлип-бөлип аўқатланыў зәрүр. Тийкарғы аўқатты ыссы басланыўынан алдын ҳәм кейинге қалдырған мақул. Дәстүрий түслик ўақтында, саат 12:00-13:00 лерде овощ сорпа, салатлардан пайдаланыў жақсы,- деп усыныс береди Саломатина.

Ҳәдден тысқары қызып кетиўден сақланыў ушын, диетологтиң пикиринше, тағамнамаға қурамында суйықлық көп болған өнимлер: мийўе ҳәм шөплерди қосыў зәрүр. Буннан тысқары, суў ишиўди умытып қоймаў да керек: ҳәр 20-30 минутта бир-еки уртламнан ишиледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги