Көплеген овощларды тис кеселликлерин емлеў ҳәм алдын алыў ушын пайдаланыў мүмкин, себеби бундай өнимлер витаминлер ҳәм микроэлементлерге бай болып есапланады. Бул ҳаққында стоматолог, хирург, имплантатолог Олег Кущ мәлим етти.

Клубника қурамындағы алма кислотасы себепли тислерди толық ағартады. Оның ушын күнделикли тис пастадан пайдаланғаннан соң оны майдалап, тислерди жуўыў мүмкин. Шыпакерлер эмальға зыян бермеў ушын бул процедураны айына бир мәртеден көбирек ислеўди мәсләҳәт етпейди.

Овощлар сүйеклер ушын пайдалы болған фосфорға бай. Бир күнлик салат, капуста, пияз, арпа ҳәм ысмалақ жеў тислерди беккемлеўге жәрдем береди.

Гешир қурамындағы А витамин тис эмалын беккемлейди ҳәм шийки гешир шайнаў тислер ушын пайдалы болады.

Чеснок кең антисептикалық қәсийетке ийе, соның ушын оны жегенде, аўыз бослығындағы зыянлы бактерияларды жоқ етеди ҳәм ҳәр қыйлы патологияларды емлеў ушын жуўап береди. Сондай-ақ, пиязды ириңлесиўге қарсы қурал сыпатында қолланылыўы мүмкин.

Картошка аўырыўды жеңиллестиреди. Оның ушын зыянланған тиске шийки картошканың бир бөлеги қолланылыўы керек, деп мәсләҳәт береди шыпакер.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги