Өткен оқыў жылында улыўма билим бериў мектеплеринде Орайлық банк тәрепинен «Дүнья жүзилик пул ҳәптелиги» (Global money week) шеңберинде «Қаржы билимданлығы бойынша ең жақсы сабақ»  таңлаўының өткерилиўи оқыўшылар арасында қаржы билимданлығын ҳәм билимлендириўин раўажландырыўда айрықша әҳмийетке ийе болды.

Бул болса усы тараўда билимлендириўдиң сапасын арттырыў, педагогикалық тәжирийбени қәлиплестириў, оқыў процесиниң стиллик тәмийнатын жетилистириў, оқыўшылардың қаржы мәдениятын арттырыўға көмеклесиўге хызмет етеди. Таңлаў қатнасыўшыларының мийнетин баҳалағанда қаржы билимданлығы компонентлериниң оқыў пәнлерине киргизилгенлик дәрежеси, сабаққа дөретиўшилик қатнас, шынығыўлар өткериў ушын интерактив формат ямаса оқыўшылардың пикирлери, қосымша материаллар ҳәм дәреклерден пайдаланыў шеберлиги есапқа алынды.

 Бул таңлаўға қатнасқан Нөкис қаласындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң математика пәни муғаллими Лиза Тлеўмуратованың 6-класс оқыўшыларына өткен сабағы жоқары баҳаланып, жеңимпаз деп табылған еди. Сабақ даўамында оқыўшыларға пул өзи не, пул топлаў, шаңарақлық бюджет, дәрамат ҳәм қәрежетлер бойынша кең түрде түсиник берилди. Буннан тысқары, аманатлардың көбейип барыўы бойынша диаграмма сызыў, оқыўшылар арасында «Қаржы билимлери беллесиўи» тест сынағы өткерилип, жеңимпазлар хошаметленди.

Мектептиң бул таңлаўға қатнасып жеңимпаз болғаны ушын «Капитал банк» тәрепинен ноутбук ҳәм проектор саўға етилди.

 

Дилорам ТУРДЫМУРАТОВА,

Нөкис қаласындағы 4-санлы улыўма билим бериў мектебиниң матиматика пәни муғаллими

Қарақалпақстан хабар агентлиги