Қанлыкөл районында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы Қарақалпақстан Республикасы басқармасы ҳәм инспекцияның районлық бөлими тәрепинен усы жыл 14-июньнен 21-июнь күнлери аралығында мониторинг илажлары өткерилди.

Мониторинг жумыслары даўамында өзбасымшалық пенен насос қурып атызларына суў ашып, суўдан пайдаланыў бойынша белгиленген тәртип-қағыйдалардың бузылыўы, шәртнама бойынша егилиўи керек болған дақыллардың орнына салы яки басқа да егинлерди егиўи себепли суўды ысырап етиў бойынша бир қатар қәте-кемшиликлер, нызамбузыўшылықлар анықланған.

– Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 12-июль күнги «Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети жанындағы Агросанаат комплекси үстинен қадағалаў инспекциясы жумысларын тәртипке салыўшы нормативлик-хуқықый хүжжетлерди тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары менен аўыл хожалығы ушын белгиленген суў ресурсларынан дурыс ҳәм нәтийжели пайдаланыў және фермер хожалықларының суў тутыныў қағыйдаларына әмел етиўин қадағалаў жумыслары агроинспекцияның тийкарғы ўазыйпаларының бири сыпатында белгиленген,-дейди Өзагроинспекцияның Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының биринши орынбасары Б.Жүзбаев.

Мониторинг жумыслары даўамында айырым фермер хожалықлары тәрепинен белгиленген егинлердиң орнына салы ҳәм басқа да егинлерди егиў, суўды заялаў бойынша бир қатар фактлер анықланды.

Соның менен бирге, Қанлыкөл районы ирригация бөлими есабында болған хожалықлараралық «Шериўши» каналының техникалық жағдайларының нызамлылығы бойынша өткерилген мониторинг даўамында төмендегилер анықланды.

Атап айтқанда, Қанлыкөл ирригация бөлими есабында болған хожалықлараралық «Шериўши» каналы 1975-жылы қурылған болып, узынлығы 25 километрди қурайды. Каналдың сыйымлығы 8 м3/секунд болып, 2123 гектар жер майданларын суўғарыўға мөлшерленген. Бул каналда рәсмий хүжжет бойынша 54 гидротехникалық, 34 суў алыў, 11 суў тосыўшы, 4 суў өлшеў қурылмалары, 1 көпир, 3 мәмлекетлик насос станциялары ҳәм 1  хожалық ишки насос станциясы бар екенлиги сәўлеленген.

Үйрениў даўамында, канал жағаларындағы 30ға шамалас жерде  көплеген бир қатар фермер хожалықларының ҳәм қыйтақ жер ийелериниң насос агрегатлары нызамсыз қурылғанлығы анықланды.

Жоқарыдағы жағдайлар улыўмаластырылып айтылатуғын болса, 4 фермер хожалықтың қарсысына 56.905.464 сумлық жәрийма санкциясы есапланды, 2 фермер хожалықтың қарсысына жәрийма санкциясын есаплаў ҳәм фермер хожалықлары басшыларының қарсысына ҳәкимшилик исин қозғаў ҳәм ҳүжжетлерди тийисли уйымларға өткериў бойынша жумыслар алып барылмақта.

Буннан басқа, жоқарыда анықланған кемшиликлер бойынша Қанлыкөл районы ирригация бөлими ҳәм «Алтынкөл» суў тутыныўшылар бирлеспеси басшыларына кемшиликлерди сапластырыў бойынша жазба көрсетпелер берилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар  агентлиги