Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Миллий кино көркем өнериниң әсирлик дәстүрлерин сақлаў ҳәм раўажландырыў, усы көркем өнер түри арқалы мәмлекетлер арасындағы дослық, тилеклеслик қатнасықларын беккемлеў, халықаралық көлемде дөретиўшилик көлемин ҳәм мәдений қатнасықларды кеңейтиў және көп жыллар даўамында өткерилип келинген дүньяға белгили Ташкент халықаралық кинофестивалын  қайта тиклеў, сондай-ақ, Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2021-жыл 7-апрельдеги «Кино көркем өнери ҳәм санаатын жаңа басқышқа алып шығыў, тараўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў системасын және де жетилистириў ҳаққында»ғы ПП-6202-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 1968-1997-жыллар даўамында Өзбекстанда өткерилип келинген «Азия, Африка ҳәм Латын Америкасы мәмлекетлериниң Ташкент халықаралық кинофестивалы» «Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы атамасы менен қайта тикленсин және 2021-жылдан баслап ҳәр жылы сентябрь-октябрь айларында Ташкент қаласында өткерилсин.
  2. «Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалын өткериўдиң тийкарғы мақсетлери етип төмендегилер белгиленсин:

кино көркем өнери арқалы дүнья мәмлекетлери арасында мәдениятлараралық қатнасықты және де беккемлеў ҳәм раўажландырыў, жәҳән киноиндустриясының ўәкиллери менен биргеликте биргеликтеги кино жойбарларын жаратыўды кеңейтиў;

гуманитарлық ҳәм кеңпейиллик, халықлар дослығын үгит-нәсиятлаўшы, заманагөй дүньяның мәдений ҳәр түрлилигин сәўлелендириўши, түрли мәмлекетлердиң ең сайланды кино көркем өнери дөретпелерин елимизге  ен жайдырыў;

миллий кино көркем өнерин және де раўажландырыў ҳәм халықаралық жәмийетшиликтеги абырайын арттырыў, усы көркем өнер түри арқалы халқымыздың бай тарийхы ҳәм тәкирарланбас мәдениятын дүньяға кеңнен үгит-нәситялаў;

сырт елли  кино  көркем өнериниң ўәкиллери менен биргеликте бул тараўда илимий-изертлеў ҳәм излениўлерди әмелге асырыў, өз-ара тәжирийбе алмасыў,  белгили кино ғайраткерлериниң қатнасыўында конференция, дөгерек сәўбетлери, презентация ҳәм шеберлик сабақларын шөлкемлестириў.

  1. «Жипек жолы дүрданасы» XIII Ташкент халықаралық кинофестивалы (кейинги орынларда – Кинофестиваль) 2021-жылдың 28-сентябрь – 3-октябрь күнлери «Тынышлық, раўажланыў ҳәм мәрипат» сүрени астында өткерилсин.

Кинофестиваль «Фестивальлар фестивалы» түринде, абырайлы халықаралық  кинофестивальлардың жеңимпазлары ҳәм номинантларының қатнасыўында дүньяның ең жақсы кино көркем өнери дөретпелерин тартқан ҳалда шөлкемлестирилсин ҳәм оның шеңберинде төмендеги илажлар әмелге асырылсын:

Кинофестиваль алдында сырт мәмлекетлерде Өзбек кино көркем өнери күнлери және Өзбекстанда сырт мәмлекетлердиң кино көркем өнери күнлерин шөлкемлестириў, бул илажларды Ташкент қаласы ҳәм республика аймақлары бойлап өткериў;

Азия континенти ҳәм әййемги Жипек жолы  бойлап жайласқан мәмлекетлер  жас кинодөретиўшилериниң қысқа метражлы фильмлериниң фестивалын  өткериў ҳәм жеңимпазларды сыйлықлаў, оның шеңберинде конференция, дөгерек сәўбети, дүньяға белгили кинодөретиўшилердиң қатнасыўында  шеберлик сабақлары ҳәм тренинглер, дөретиўшилик ушырасыўлар  шөлкемлестириў;

сырт ел мийманлары ҳәм қатнасыўшылары ушын ең сайланды миллий фильмлеримиздиң көргизбеси, Өзбекстан кино көркем өнериниң тарийхы ҳәм мәдений мийрасына бағышланған медиа илажларды шөлкемлестириў;

сырт ел шериклери ҳәм экспертлериниң қатнасыўында «Өзбекфильм» киноконцерни»ниң кино ислеп шығарыў бойынша хызмет көрсетиўши  орай сыпатындағы заманагөй материаллық-техникалық базасы, технологиялық имканиятлар ҳәм келешектеги перспективаларға бағышланған презентациялар өткериў;

сырт елли ҳәм жергиликли кинокомпаниялар, киностудиялар ҳәм телекомпаниялардың қатнасыўында  кинобазар шөлкемлестириў,  олардың фильмлер, сериаллар ҳәм басқа да аудиовизуаллық өнимлерди өз-ара алмасыўы, сатып алыўы ҳәм сатыўына жәрдем бериў;

дүньяда кино индустриясы тараўында жаратылған ең соңғы  инновациялық жойбарлар ҳәм ири стриминг платформалары ўәкиллериниң қатнасыўында  миллий стриминг платформасының презентацияларын өткериў;

мәмлекетимиздиң кинолокацияларын көрсетиў, Өзбекстанның  кино ҳәм  туризм тараўларындағы потенциалын үгит-нәсиятлаў және бул бағдардағы кең имкнаиятлардан нәтийжели пайдаланыўға қаратылған илажларды өткериў.

  1. Төмендегилер:

«Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалына таярлық көриў ҳәм оны  өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети)  қурамы 1-қосымшаға муўапық;

«Жипек жолы дүрданасы» XIII Ташкент халықаралық кинофестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша «жол картасы» 2-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Министрлер Кабинети  еки ҳәпте мүддетте  «Жипек жолы дүрданасы» Ташкент халықаралық кинофестивалы ҳаққындағы режени тастыйықласын.

  1. Шөлкемлестириў комитетиниң тийкарғы ўазыйпалары етип төмендегилер белгиленсин:

режелестирилген илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрлик, уйым ҳәм шөлкемлердиң жумысын муўапықластырыў және көркем-дөретиўшилик топарлар ҳәм халықаралық экспертлердиң кеңеслерин дүзиў;

халықаралық киинофестивальларды өткериў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе болған сырт ел шөлкемлерин Кинофестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге  шәртнама тийкарында тартыўды шөлкемлестириў;

Кинофестивальдың  логотипи, естелик саўғалары, диплом ҳәм статуэтка үлгилерин, оның бағдарламасы, салтанатлы ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлериниң сценарийсы ҳәм көркем өнер бағдарламалары, қәрежетлер сметасы, қатнасыўшылары ҳәм мийманлардың дизимин тастыйықлаў;

Кинофестиваль ҳәм оның шеңбериндеги илажларды жоқары дәрежеде өткериўге  қаратылған басқа да комплексли таярлық жумысларын әмелге асырыў.

  1. Кинематография агентлиги, Миллий кинематографияны раўажландырыў орайы, Өзбекстан киноғайраткерлери дөретиўшилик аўқамы ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлигиниң Әлийшер Наўайы атындағы кино сарайының имаратын Миллий кинематографияны раўажландырыў орайының басқарыўына бериў ҳәм оның негизинде «Киношылар үйи»н шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.
  2. а) Кинофестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша:

Миллий кинематографияны раўажландырыў орайының жумысына Мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын ҳәм турақлы тийкарда ислейтуғын 9 қәниге тартылатуғыны;

усы қәнигелер мийнетке ҳақы төлеў шәртлери бойынша Мәденият министрлиги жанындағы Халықаралық фестивальлар дирекциясының хызметкерлерине теңлестирилетуғыны;

б) Кинофестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер:

2021-жылы – Шөлкемлестириў комитети тәрепинен тастыйықланған  қәрежетлер сметасына тийкарланып Министрлер Кабинетиниң резерв  корының қаржылары есабынан белгиленген тәртипте қапланатуғыны;

2022-жылдан баслап, келеси жылларда Мәмлекетлик бюджет параметрлеринде нәзерде тутылатуғыны;

қәўендерлик қайырқомлықлары ҳәм нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан да қапланыўы мүмкин екенлиги;

в) 2022-жыл 1-январьға шекем исбилерменлик субъектлери тәрепинен Кинофестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериў ушын жумсалатуғын қаржылар суммасына пайда салығын есаплаўда шегирилетуғын қәрежетлер сыпатында қаралатуғыны, онда усы  шегирилетуғын қәрежетлер  салық салынатуғын базаның 2 процентинен артпаўы зәрүр екенлиги;

г) идеясы ҳәм мазмуны Кинофестиваль сүренине сай, жәҳән кинематографиясының раўажланыўында салмақлы орынға ийе болған, миллий  қәдириятлар ҳәм мәдениятларды өзинде айқын көрсеткен фильмлердиң дөретиўшилери халықаралық экспертлер кеңеси тәрепинен диплом, символикалық естелик ҳәм ҳәр бири  20 мың АҚШ долларынан ибарат бес  ақшалай сыйлық пенен сыйлықланатуғыны;

д) Азия континенти ҳәм әййемги Жипек жолы бойлап жайласқан мәмлекетлер жас кинодөретиўшилериниң қысқа  метражлы фильмлер фестивалының жеңимпазлары диплом ҳәм төмендеги муғдарларда  ақшалай сыйлықлары  менен сыйылықланатуғыны:

1-орын ушын – 15 000 АҚШ доллары;

2-орын ушын – 10 000 АҚШ доллары;

3-орын  ушын – 7 000 АҚШ  доллары  етип белгиленсин.

  1. Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев) Кинематография агентлиги (Ф.Ф.Абдухаликов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги менен биргеликте 2022-жылы ҳәм келеси жыллары Инвестиция бағдарламасы шеңберинде «Өзбекфильм» киноконцерни» аймағындағы Өзбекстан Кинематография академиясы  имаратын  реконструкциялаў ҳәм үскенелеўди  тәмийинлесин.
  2. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери Кинематография агентлиги (Ф.Ф.Абдухаликов) менен биргеликте 10 күн мүддетте аймақларда Кинофестиваль илажларына таярлық  көриў ҳәм оларды жоқары дәрежеде өткериў бойынша илажлар режесин тастыйықласын, сондай-ақ, онда белгиленген ўазыйпалар  2021-жыл 1-сентябрьге шекем толық әмелге  асырылыўын тәмийинлесин. Онда, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутсын:

Кинофестиваль бағдарламасында белгиленген илажларды жоқары дәрежеде өткериўге байланыслы тийисли қәрежетлерди Кинофестиваль  қәрежетлер сметасына тийкарланып жергиликли бюджет қаржылары есабынан  қаплаў;

аймақлардағы кинотеатрлар ҳәм илаж өткерилетуғын объектлер, оларға тутас аймақлар ҳәм алып баратуғын жолларда оңлаў-тиклеў ҳәм абаданластырыў жумысларын алып барыў және Кинофестиваль шеңберинде фильмлер көрсетиўге таярлаў.

  1. Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) Кинематография агентлиги менен биргеликте Кинофестивальдың ашылыў ҳәм жабылыў мәресимлери ҳәм басқа илажларында концерт-тамаша бағдарламасын шөлкемлестирсин.
  2. Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Камилов):

а) Кинематография агентлиги (Ф.Ф.Абдухаликов) менен биргеликте Кинофестивальға:

мийманлар ҳәм қатнасыўшыларды Өзбекстан Республикасының сырт елдеги дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелери арқалы мирәт етиўди тәмийинлесин;

БМШ, ҒМДА, ШБШ, ЮНЕСКО, АЙСЕСКО, FIAPF ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер және сырт ел мәмлекетлериниң Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханалары ҳәм консуллық мәкемелериниң ўәкиллерин мирәт етсин;

б) Кинофестивальға келиўши мийманлар ушын Кинематография агентлигиниң талапларына тийкарланып Өзбекстан Республикасына кириў визаларының белгиленген тәртипте консуллық ҳәм басқа жыйымларды өндирместен рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдухакимов Кинематография агентлиги (Ф.Ф.Абдухаликов) менен биргеликте:

жергиликли ҳәм сырт ел инвесторларын Кинофестивальға тартыў ушын «инвестициялық пакетлер»ди қәлиплестириў;

«инвестициялық пакетлер» шеңберинде инвесторларға белгили кино жулдызларын мирәт етиў ҳәм олардың қатнасыўында өзлериниң реклама ҳәм үгит-нәсиятлаўларын шөлкемлестириў бойынша кең шараятлар жаратып бериў бойынша  усыныслар  ислеп шықсын.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери, тийисли министрликлер ҳәм уйымлар мәмлекет қарамағындағы видеоэкранлар ҳәм билборд көринисиндеги сыртқы реклама объектлеринде берилип атырған реклама ўақтының 2021-жыл 1-июнь- 1-сентябрь күнлери 5 проценти, 2021-жыл 1-сентябрь – 3-октябрь күнлери 10 проценти Кинофестивальды үгит-нәсиятлаў ушын ажыратылыўын тәмийинлесин.
  2. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги, Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы, Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы, «Дүнья» мәлимлеме агентлиги және басқа да ғалаба хабар қуралларына Кинофестиваль жумысын кеңнен сәўлелендирип барыў усыныс етилсин.

Өзбекстан электрон ғалаба хабар қураллары миллий ассоциациясы Кинофестиваль  қәрежетлер сметасы шеңберинде сырт ел ғалаба хабар қуралларында оның рекламасын ҳәм үгит-нәсиятланыўын шөлкемлестирсин.

  1. Ишки ислеп министрлиги (П.Р.Бабажанов), Миллий гвардия (Р.М.Джураев) ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги (А.Х.Қўлдошев) Кинофестиваль илажлары, мийманлары ҳәм қатнасыўшыларының қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын зәрүр илажларды әмелге асырсын.
  2. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев) Кинофестиваль өткерилетуғын орынларда тез медициналық жәрдем пунктлерин шөлкемлестирсин, илажлар өткерилетуғын ўақытта санитариялық қағыйдаларға, нормаларға ҳәм гигиеналық нормативлерге қатаң әмел етилиўин қадағаласын.
  3. Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Б.Азимов) Кинофестиваль қатнасыўшыларын және олардың жүклерин алып кириў ҳәм алып шығыў ушын бажыхана рәсмийлестириўин белгиленген тәртипте жеделлик пенен әмелге асырылыўын тәмийинлесин.
  4. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдухакимов ҳәм Кинематография агентлигиниң бас директоры Ф.Ф.Абдухаликов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы  Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 19-июнь