Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти баспасөз хаткери Шерзод Асадов бүгинги брифингте мәлим еткен.

Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президенти Баспасөз хызметиниң дүйшемби күнги дәстүрий брифингинде мәмлекетимиз басшысының өткен ҳәптедеги  жумыс кестеси, сондай-ақ, басланған ҳәпте даўамында Президенттиң қатнасыўында болыўы күтилип атырған илажлар ҳаққында мағлыўмат берилмекте.

Бүгинги брифингте Президент баспасөз хаткери Шерзод Асадов усы ҳәптеде өтетуғын илажлар ҳаққында төмендегилерди мәлим етти:

– Усы ҳәптеде де бир қатар илажлар режелестирилген. Бүгин, 15-16-июль күнлери Ташкентте өтиўи режелестирилген «Орайлық ҳәм Қубла Азия: регионаллық өз-ара байланыслылық. Қарама-қарсылық ҳәм имканиятлар» темасындағы халықаралық конференцияға таярлық бойынша мәжилис, Ташкент қаласын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў бойынша презинтация болыўы күтилмекте. Ертең мыс ислеп шығарыўды және де раўажландырыў ҳәм санаат кластерин шөлкемлестириў бойынша мәжилис, 23-июнь күни Жаңа Өзбекстан университетин шөлкемлестириў бойынша презентация өткерилиўи мөлшерленген.

Тармақ ҳәм аймақларда инвестициялық жойбарлардың орынланыўы және жергиликли санаат  жойбарларын жеделлестириў мәселелери бойынша видеоселектор да режеге киргизилген.

Сондай-ақ, усы ҳәпте де Президентимиз Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары менен танысады. Олар ҳаққында ҳәпте даўамында және хабар берип барамыз, – деген Шерзод Асадов.

 

ӨзА