Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, келешектеги режелерди белгилеў мақсетинде 17-18-июнь күнлери Әндижан ўәлаятында болды.

Сапардың екинши күнинде Әндижан қаласында ўәлаят ҳәм районлардың ҳәкимлери, мәмлекетлик уйымлардың басшылары, жергиликли кеңес депутатлары, жәмәәтшилик белсендилериниң қатнасыўында мәжилис болып өтти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Әндижан ўәлаятының бүгинги жағдайына баҳа берип, оны ҳәр тәреплеме раўажландырыў ўазыйпалары ҳаққында сөйледи.

­ Әндижанға келиўимизден мақсет ­ адамлардың дәртин талқылап, анық режелерди белгилеў, халықтың жан басына дәраматты арттырыў, мәҳәллелерде шараятты жақсылаў. Ҳәмме нәтийжелерге сын көзқарастан қараўымыз керек. Әндижанның бирин еки етиў ушын және қандай «өсиў ноқатлары» бар, адамларды қыйнап атырған қандай машқалалар бар, деп сораў қойып, оларға илаж табыў зәрүр. Буның ушын атқарыў уйымы басшылары ҳәм жергиликли депутатлардың дүньяқарасын өзгертиўи керек. Егер олар дүньяқарасын өзгертип, пидайы болып ислесе, ҳәмме тараў өзгереди, – деди Президент.

Экономика тармақларын раўажландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў, жумыс орынларын шөлкемлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Әндижан ўәлаятында 882 мәҳәлледеги имканиятлар үйренилгени, халықтың әзелден қәлиплескен көнликпелеринен келип шығып, ең нәтийжели «өсиў ноқат»лары сыпатында ­ өнерментшилик, қыйтақ жер ҳәм ыссыхана хожалығы, бағшылық, гүлшилик, қусшылық сыяқлы бағдарлар белгиленгени атап өтилди. Ҳәр бир мәҳәллеге потенциаллы исбилерменлер бириктириледи, зәрүр қаржылар бағдарланады.

Ҳәр бир район ҳәм қалаға бириктирилген министрлик ҳәм хожалық бирлеспелери, банклер ҳәм сектор басшылары «мәҳәлле кесиминде» ислеў тийкарында, халықтың машқалаларын шешиў ҳәм исбилерменликти раўажландырыў ушын жеке жуўапкер болады. Бул жумыслардан гөзленген мақсет ­ халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматын арттырып, ўәлаятта кәмбағаллықты жоқ етиўге ерисиў.

Ҳәзирги күнде ўәлаяттағы мәҳәллелердиң көпшилиги «өсиў ноқат»ларын анықлап алған болыўына қарамастан, 100 мәҳәлле елеге шекем өз қәнигелесиў жолын таппаған. Сонлықтан, бул мәҳәллелерди раўажландырыўға ўәлаят ҳәкимлиги ҳәм экономикалық комплекс жуўапкер болады.

Мәмлекетимиз басшысы Избаскан районында өзи менен ушырасқан Умидахан Усманова өз шаңарағында жетерли шараят жоқлығына қарамастан, ҳәттеки, үйиниң мийманханасында таўық бағып, халыққа тарқатып киятырғанын айрықша атап өтти. Ол бүгинги күнге шекем 23 мың бас үй таўығын тарқатқан.

­ Бул исбилермен ҳәм ғайратлы ҳаялдың Урганжи мәҳәллесинде ислеген жумыслары маған оғада мақул болды. Соның ушын, «Микрокредитбанк» бул исбилермен қарындасымызға 5 миллиард сум муғдарында процентсиз кредит ажыратады. Және бир айрықша саўғамыз бар ­ ҳәзир сизлердиң көз алдыңызда Умидахан қарындасыма «Меҳнат шуҳрати» орденин тапсыраман, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Мәжилисте Умидахан Усмонованы «Меҳнат шуҳрати» ордени менен сыйлықлаў ҳаққындағы Президент пәрманы оқып еситтирилди.

Елимиз басшысы пидайы ҳаялға жоқары сыйлықты салтанатлы тапсырды. Жыйналғанлар Президентимиздиң бул басламасын тынымсыз қол шаппатлаўлар менен алғыслады.

Быйылғы жылда ўәлаятта орта ҳәм киши бизнести қоллап-қуўатлаў ҳәм инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў ушын Тиклениў ҳәм раўажланыў қорынан қосымша түрде 100 миллион доллар ажыратылатуғыны мәлим етилди.

2021-2022-жылларда ўәлаятта улыўма баҳасы дерлик 20 триллион сум болған 584 инвестициялық жойбар әмелге асырылып, 60 мың жаңа жумыс орны жаратылады. Бунда тоқымашылық, қурылыс материаллары, электр техникасы, былғары-аяқ кийим, азық-аўқат ҳәм фармацевтика тараўлары «драйвер» болады.

Быйылдың өзинде Асака районындағы «Асака текстиль» ҳәм  Жалақудуқ районындағы «Зумрад текстиль» кәрханаларына жаңа қуўатлықлар, Хожаабад районында цемент заводы ҳәм қурылыс материаллары кластери, «Әндижан-фарм» еркин экономикалық зонасында шприц кәрханасы иске түсириледи.

Аўыл хожалығындағы ўазыйпалар да көрсетип өтилди. Ғәлледен босайтуғын 70 мың гектар майданды екилемши ижараға бериў арқалы 220 мың жумыссыз халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мүмкин.

Мәжилисте ўәлаят халқының турмыс шараятларын жақсылаў, социаллық инфраструктураны раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Ўәлаятта үлкен қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары алып барылмақта. Быйылғы жылы 271 көп қабатлы, сондай-ақ, ипотека тийкарында 2 мың 500 жеке тәртиптеги жайлар қурылмақта. Солардан 2 мың 710 шаңараққа субсидия ажыратылады.

Быйыл 460 километр ишимлик суўы, 1 мың 147 километр электр узатыў тармақларында қурылыс ҳәм оңлаў жумыслары алып барылатуғыны атап өтилди.

Билимлендириў, медицина тараўларында да қайырлы ислер көп. Быйыл 30 мектеп оңланады. Математика, химия-биология, информатика ҳәм мәлимлеме технологияларына қәнигелескен 13 мектептиң жумысы шөлкемлестириледи.

4 шаңарақлық поликлиника ҳәм 9 шаңарақлық шыпакерлик пунктин шөлкемлестириў бойынша тапсырма берилди. Ўәлаятта 1 миллион 500 мың халықты медициналық тексериўден өткериў, соның ишинде, 300 мыңнан артық ҳаялларды маммографиялық ҳәм ультрасес тексериўлеринен өткериў зәрүрлиги атап өтилди.

Қурамалы операцияларға мүтәж, зәрүр халыққа жәрдем бериў бойынша ўәлаятта арнаўлы қор шөлкемлестириў басламасы билдирилди.

Жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы шешиў, оларды кәсипке үйретиў ҳәм жумыс пенен тәмийинлеў мәселелерине де тоқтап өтилди.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары, министрлер, ҳәким ҳәм сектор басшылары есабат берди. Қала ҳәм район студияларындағы халық пенен ашық-айдын пикирлесиў болды.

Мәмлекетимиз басшысы мәжилистен соң Әндижан қаласындағы қурылыс жумыслары ҳәм жаңа жойбар презентациясы менен танысты.

Дәслеп Бабур атындағы Әндижан ўәлаятының мәлимлеме-китапхана орайына барылды.

Бул имарат 1965-жылы қурылған болып, кейинги жылларда гөнерип, жарамсыз жағдайға келип қалған еди. Быйылғы жылы реконструкцияланып, толық оңланды. Китаплар сақланатуғын жер төле ҳәм арнаўлы ханалардың асты бетонланды. Үш қабатлы имарат заманагөй көринис ҳәм шараятқа ийе болды. Китапхана 872 мың нусқадан аслам китап фондына ийе.

Президентимиз орайда жаратылған шараятлар менен танысты.

­ Бул жер Әндижан ўәлаятының мәнаўият орайы болыўы керек. Перзентлеримизди оқытыў ­ келешекке инвестиция. Соның ушын бул жерге жасларды көбирек тартыў, нәтийжелиликти арттырыў керек, ­ деди Шавкат Мирзиёев.

Китапхана фондын байытыў ушын қаржы ажыратыў, оны мектеп ҳәм жоқары оқыў орынлары менен нәтийжели байланыстырыў, бул жерде Әндижан тарийхы, Бабур, Шолпан, Муҳаммад Юсуф сыяқлы шайырлардың дөретиўшилиги бойынша таңлаўлар өткериў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәлимлеме-китапхана орайында 68 хызметкер ҳәм қәниге мийнет етпекте. Президентимиз оларды жергиликли бюджет есабынан қосымша хошаметлеў бойынша тапсырма берди.

Шавкат Мирзиёев Әндижан қаласының Бабур көшесинде қурылатуғын көпир жойбары менен танысты.

Бул объект Самарқанд тәжирийбеси тийкарында, монолит усылында қурылыўы режелестирилген. Ол Орайлық темир жол вокзалы үстинен өтеди ҳәм қаланың еки бөлимин байланыстырады. Көпирдиң узынлығы дерлик 700 метр болыўы есап-санақ етилмекте.

Оның қурылыўы нәтийжесинде аралық 5 километрге, ўақыттың жумсалыўы болса 25 процентке қысқарып, Әндижан халқының неше жыллық арзыў-нийетлери әмелге асады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарды мақуллап, тийисли қаржы ажыратыў бойынша жуўапкерлерге көрсетпе берди.

Президентимиз Әндижан районындағы «Әндижан гүллер бағы»н барып көрди.

Есап-санақларға бола, 10 сотих жерге егилген орхидея гүли 850 миллион сумға шекем, лилия 450 миллион сумға шекем, пион 320 миллион сумға шекем дәрамат алыў имканиятын береди.

Сонлықтан Әндижан районындағы «Әндижан гүллер бағы» кәрханасын кластерге айландырып, 30 гектар жерде гүл ҳәм декоратив нәллер жетистирилетуғын бағ жаратыў, Шаҳрихан районындағы кәсип-өнерге оқытыў орайында Гүлшилик мектебин ашыў бойынша тапсырма берилди. Бул бағдарда ыссыханалар шөлкемлестириў, қыйтақ жерлерде гүл жетистириўди қоллап-қуўатлаў зәрүр екенлиги атап өтилди.

­ Бул ҳәм гөззаллық, ҳәм дәрамат, ҳәм мәрипат, ­ деди Шавкат Мирзиёев. ­ Бундай бағларды ҳәр бир районда шөлкемлестирип, ҳаял-қызларға гүл жетистириўди үйретиў керек. Бул арқалы «ҳаял-қызлар дәптери»не кирген ҳаял-қызларды жумыслы, дәраматлы етиў мүмкин.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Әндижан ўәлаятына сапары жуўмақланды.

 

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Фахриддин УБАЙДУЛЛАЕВ,

ӨзАның хабаршылары