Ертең, 20-июнь күни 2021-2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларының бакалавриат тәлим бағдарларына абитуриентлерди онлайн тәризде дизимге алыў басланады.

Мәмлекетлик тест орайының хабар бериўинше, абитуриентлерди дизимге алыў Мәмлекетлик тест орайының my.dtm.uz сайты ҳәм Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталы – my.gov.uz арқалы онлайн әмелге асырылады.

Бунда абитуриентлер телефон номерин авторизациядан өткерип, паспорт мағлыўматлары, турақлы жасаў мәнзили ҳәм питкерген билимлендириў мәкемеси бойынша мағлыўматларды киргизиўи, сондай-ақ, жеңилликлери болса, оларды тексериўи және шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болса, сертификат мағлыўматларын киргизиўи мүмкин.

Тәлим бағдарларын болса 2021-2022-оқыў жылы ушын жоқары оқыў орынларына оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасы параметрлери белгиленип, тиллер кесиминде тастыйықланғаннан соң сайлаў мүмкин болады.

Дизимге алыў 20-июльға шекем (20-июль күни де) даўам етеди ҳәм абитуриентлер 20-июльға шекем өз мағлыўматларын өзгертиўи және шет тилинен миллий ямаса халықаралық сертификатқа ийе болатуғын болса, сертификат мағлыўматларын киргизиўи мүмкин болады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.