Жоқары оқыў орынларына ҳүжжетлерди онлайн қабыллаў 20-июньнан басланады. Бул ҳаққында ӨзР Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги Президенттиң бүгинги өткерилип атырған видеоселектор жыйналысында билдирген усыныслары тийкарында хабар берди.

 

Еки ҳәптелик мүддетте қосымша мәмлекетлик грант тийкарында (жеңилликли) қабыллаў параметрлери тастыйықланады.

 

Быйыл 1,5 миллионнан асдам жаслар жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳүжжет тапсырыўы күтилмекте.

 

Быйыл биринши мәрте 9 мәмлекетлик емес жоқары оқыў орынларында 22 бағдарда студентлерди оқытыў ушын 500 мәмлекетлик грант ажыратылады.

 

Сондай-ақ, Президент быйыл жоқары оқыў орынларына қабыллаў саны өткен жылға салыстырғанда 13 процентке көбейтилип, 181 мың адамға жеткерилиўин мәлим еткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.