Усы жылдың 14-июнь күни Қашқадәрья ўәлаятының Қаршы қаласында жас өспирим қызлар арасында спорттың бокс түри бойынша Өзбекстан чемпионатына старт берилген еди.

 

Жарыс еки жас категориясында – 2005-2006 ҳәм 2007-2008-жылларда туўылған қызлар арасында өткерилмекте. Жарыста Өзбекстанның барлық аймақларынан 290 ға шамалас боксшы қызлар медальлар ушын күш сынасты.

 

Өзбекстан бокс федерациясы баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, 2007-2008-жылларда туўылған жас өспирим қызлар арасында Қарақалпақстан Республикасынан 46 кг салмақ категориясында Зухра Тасқынбаева, 55 кг салмақта Айзада Нийетбаева ҳәм 67 кг салмақ категориясында Жанерке Абдалова жарыстың финал басқышына жоллама алды.

 

Сондай-ақ, усы жас категориясы бойынша республикамыздан 40 кг салмақта Азиза Мергенбаева ҳәм 61 кг салмақта Айнура Бекжанова сыйлы 3-орынды ийелеп, бронза медальларын қолға киргизди.

 

Қарақалпақстанлы үш боксшы қыздың қатнасыўындағы финал жекпе-жеклери ертең, 17-июнь күни болып өтиўи жобаластырылған. Жарыс жуўмақлары бойынша хабар беремиз.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.