Мәмлекетлик тест орайы мәлимлеме хызмети баслығы Орзиқул Бобоев абитуриентлер тәрепинен берилип атырған сораўларға жуўап берди.

 

Миллий тест системасы толық енгизилди ме? Барлық пәнлерден сертификат бериў басланды ма?

 

– Ҳәзирги ўақытқа шекем ана тили ҳәм әдебият, математика, химия ҳәм биология пәнлеринен енгизилип болынды. Усы пәнлерден тест сынағы өткерилип, зәрүр нәтийжеге ерискен талабанларға миллий сертификат тапсырылмақта.

Сондай-ақ, физика пәнинен 2022-жылы енгизилиўи белгиленген болса да, быйыл оның тийкарғы пәнлер қатарына киргизилгенлиги себепли, усы пәннен сертификатлаўды усы жылдан баслап жолға қойыў жобаластырылған.

 

Быйылдан тәлим бағдарлары санын шексиз таңлаў мүмкиншилиги бола ма?

 

– Мәмлекетлик тест орайы абитуриентлердиң тәлим бағдарларын таңлаўда шеклеўлерди алып таслаўға байланыслы усынысларды ислеп шықты ҳәм тийисли шөлкемлерге жиберди.

Егер бул усыныс қабыл етилип, нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет тийкарында тастыйықланса әмелге асыўы мүмкин. Ҳәзирше бул бойынша өзгерис жоқ. Сол себепли, ҳәзирде 5 пәнге шекем таңлаў мүмкиншилиги бар.

 

Өткен жылларда өткерилген тест сынақларында жазыўсыз карта, кесте, сүўретли көринистеги жаңа тест сораўлары қолланылған еди. Быйыл да қолланыла ма?

 

– Әлбетте. Абитуриентлердиң тест сораўларын тез түсинип алыўы, пикирлеўи ҳәм ўақтын үнемлеўи ушын быйылғы жылы да тарийх, география, сондай-ақ, инглис, немис, француз тиллери, биология ҳәм химия пәнлеринен жазыўсыз карта, кесте, сүўретли көринистеги тест сораўлары болады.

 

Быйыл 5 пәннен тест сынағы белгиленди, бирақ не ушын 3 саат 30 минут берилди. Өткен жылы 2 пәнге 3 саат ўақыт берилген еди?

 

– Бул ўақытша тәртип өткен жылы елимизде пандемия шараятын есапқа алған ҳалда енгизилген еди. Быйыл шараят өткен жылға салыстырғанда бирқанша турақлы, сол себепли, Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-апрельдеги 261-санлы қарары тийкарында тастыйықланған уставта белгиленгениндей, ҳәр 30 тест сораўына 1 саат ўақыт ажыратылады.

 

Онлайн дизимнен өтип атырғанда тәлим бағдарларын ҳәм өзбек, ҳәм рус тиллеринде таңлаўға бола ма?

 

– Яқ, таңлаўға болмайды. Тәлим бағдарларын таңлаўда билимлендириў формасы ҳәм билимлендириў тили бирдей болыўы талап етиледи.

 

Таярлаған Саёра Шамуратова,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.