«Ҳуқуқий ахборот» каналының хабар бериўинше, 2021-2022-оқыў жылында:

 

– Жоқары билимлендириў системасында физика пәнлери тараўларға ийкемлестирилген ҳалда оқытылады;

 

– Республикалық жоқары оқыў орынлары биология бағларларының 3- ҳәм 4-курсларында оқып атырған қәбилетли студентлер қурамынан айрықша топарларда тереңлестирилген оқытыў әмелияты жолға қойылады;

 

– Психология тараўындағы тәлим бағдарлары бойынша мәмлекетлик буйыртпа тийкарындағы қабыллаў параметрлери 30 процентке көбейтиледи;

 

– Химия ҳәм биология бағдарларында кадрлар таярлап атырған барлық жоқары оқыў орынлары мектеплердиң питкериўши класс оқыўшылары арасында көп басқышлы (районлық (қалалық) – ўәлаятлық (республикалық) – жоқары оқыў орынлары) химия ҳәм биология пәни бойынша өзиниң олимпиадасын өткереди және 1-2-3-орынларды ийелеген оқыўшыларды жоқары оқыў орынларының қаржылары есабынан имтихансыз оқыўға қабыллайды.

 

Бийбиназ Сәрсенбаева,

ҚМУ интернет журналистикасы тәлим бағдарының 2-курс студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.