Қоӊырат районы «Әдебият» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы Қуўандық Сапарбаевтыӊ шаӊарағы тийкарынан дийқаншылық пенен күн кеширеди. Келиншеги Турсынай Жуманова менен биргеликте 3 перзентти тәрбиялап камалға келтирип атырған оларға  Президентимиздиӊ тиккелей басламасы менен пүткил елимиз бойлап жүргизилип атырған «Ҳәр бир жасқа бир гектар жер» жойбары үлкен қуўаныш бағышлады.

Себеби, олар ҳәр жылы аўылдағы фермерлер менен шерикшилик тийкарында жумыс алып барып, хожалығын бағып отырған еди.

-Бизлер ата-бабамыздан киятырған дийқанлармыз,-дейди Қуўандық Сапарбаев.-«Ҳәр бир жасқа 1 гектар жер» жойбары бойынша балам Рахим Дәўлетбаев ҳәм келиним Малика Қошқароваға ҳәр бирине 50 сотыхтан 1 гектар егислик жер ажыратылып берилди. Ҳәзир сол жерде үй алды ыссыханамызда жетистирилген помидор, қаўын-ғарбыз, асқабақ егинлерин тәрбиялап атырмыз.

-Үйимизде келиншегим менен бирге жумыссыз отырған едик,-дейди Қуўандықтыӊ баласы Рахим.-Жаслар ислери агентлиги Қоӊырат районлық бөлиминиӊ тиккелей қоллап-қуўатлаўы менен бизлерге егисликке  қолайлы жерден жер бөлип берилди. Сондай-ақ, агентлик тәрепинен жеӊиллетилген кредит есабынан заманагөй мотоцикл сатып алыўыма да жәрдем көрсетилди.

Ҳәзир усы жерде дийқаншылық ислеп, хожалығымызды бағыўға ҳәрекет етип атырмыз. Буныӊ ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремиз.

Рахим менен биргеликте бул жыйын аймағында «Жаслар дәптери»не киргизилген 75 жасқа да олардыӊ өтиниш-тилеги бойынша егислик жерлер ажыратылып, олардыӊ бәнтлигин тәмийинлеў бойынша бир қанша унамлы жумыслар әмелге асырылмақта.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги