Усы жылдың январь-апрель айлары аралығында Қарақалпақстан Республикасында 695,2 миллион куб метр тәбийғый газ ислеп шығарылған. Бул көрсеткиш өткен жылдың усы дәўиринде 922,3 миллион куб метрди қураған еди. Бул ҳаққында ҚР Статистика басқармасы мағлыўмат берди.

 

Тәбийғый газ ислеп шығарыў өткен жылдың сәйкес дәўиринде 95,5% ти қураған болса, усы жылғы көрсеткиш 75,4% ке тең екенлигин көрсетпекте. Яғный өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда тәбийғый газ ислеп шығарыў көлеми республикамызда 20,1% ке кемейген.

 

Мәлим етилиўинше, республикамызда усы жылдың январь-апрель айлары аралығында улыўма 59,3 мың тонна ҳәктас, 34,2 мың тонна газ конденсаты ислеп шығарылған.

 

Саёра Шамуратова,

ҚМУ журналистика тәлим бағдары студенти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.