Ҳүкимет қарары менен Жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлерине академиялық дем алыс бериў ҳаққындағы реже тастыйықланды

Режеге бола, ЖОО студентлерине академиялық дем алыс төмендеги жағдайларда берилиўи мүмкин:

– әскерий хызметти отеў ушын;

– денсаўлығын тиклеў ушын;

– ҳәмиледарлық ҳәм туўыў ушын;

– балаларды тәрбиялаў ушын;

– шаңарағының наўқас ағзасына (әкеси, анаса ямаса олардың орнын басыўшы шахслар, өмирлик жолдасы, перзенти) қарасыў ушын.

Студенттиң академиялық дем алыс алыў ҳаққындағы мүрәжаты бир ҳәпте мүддетте көрип шығылады ҳәм ЖОО ректоры (директоры)ның буйрығы менен рәсмийлестириледи.

Академиялық дем алыс берилетуғын студентлердиң арзасы (ықтыяры) бойынша ЖОО ректоры (директоры)ның буйрығына муўапық, оның оқыўы академиялық дем алыс мүддетине билимлендириўдиң сыртқы ямаса аралықтан ямаса экстернат билимлендириў түрине өткерилиўи мүмкин.

Студентке академиялық дем алыс берилиўи оны жоқары билимлендириў мәкемесинен шетлетиў деп есапланбайды.

Студентлерге академиялық дем алыс дәўиринде стипендиялар төленбейди.

Академиялық дем алыстан белгиленген мүддетте қайтқан студентлерге алдын өзлестирилген пәнлерди қайта өзлестириў миннетлемеси жүклетилмейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги