Музыка баланы тек гөззаллыққа тәрбиялайды. Оның руўхый дүньясын байытып, жоқары инсаныйлық пазыйлетлерин қәлиплестиреди. Сонлықтан да, елимизде қәбилетли балалар ушын көплеп балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеплери ашылды.

Мине усындай дәргайлардың бири пайтахтымыздағы 22-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби болып, бул мектеп 2016-жылы ашылған еди. Мектеп тийкарынан 150 орынға мөлшерленген болып, бүгинги күнде 500 ден аслам қәбилетли балалар бул жерге турақлы түрде қатнайды. Бул жерде он үш бағдар бойынша, атап айтқанда фортепиано, тарлы әсбаплар, демли әсбаплар, халық сазлары, бақсышылық өнери, сүўретлеў өнери, хореография бойынша балалар дәслепки билимлерин алады.

Жуўмақланып атырған оқыў жылында оқыўшылар бир қанша жетискенликлерге еристи. Атап айтқанда, балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеплери арасында өткерилетуғын Муҳитдин қарый Яқубов атындағы таңлаўда Өзбекстан басқышында 1-орынды жеңип алыўға ерискен еди. Соның менен бирге, халықаралық таңлаўларда гран-приди  қолға киргизген оқыўшылар да бар.

Бул көркем өнер мектеби дәслепки қарлығашларын ушырды. Усы  мүнәсибет пенен өткерилген кешеде дәслепки питкериўшилерге, яғный 84 оқыўшыға мектепти питкергенлиги ҳаққындағы гүўалықлары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

 

Азада Қыдырбаева,

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниң

журналистика тәлим бағдары студенти.  

Қарақалпақстан хабар агентлиги