Быйылғы жылдың 1-июнь күни Миллий баспасөз орайында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрликлери ҳәм Мәмлекетлик тест орайы ўәкиллериниң қатнасыўында баспасөз әнжуманы болып өтти.

Әнжуманда 2021/2022-оқыў жылы ушын жоқары  билимлендириў мәкемелерине кириў тест сынақларына таярлық жағдайы, илимлер комплекси ҳәм баҳалаў нормалары ҳаққында  мағлыўмат берилди.

Мәмлекетлик тест орайы бас басқармасы баслығы Фарҳод Мирзаев берген мағлыўматқа бола,  2021-жыл  7-март күни Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыл етиў бойынша республика жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат билимлендириў бағдарларына сай тест сынағы  тапсырылатуғын пәнлер комплекси, тест сораўларының саны және баҳалаў нормалары тастыйықланған.

Оған бола,  2021/2022-оқыў жылында жоқары билимлендириў мәкемелериниң бакалавриат билимлендириў бағдарларына кириў тест сынақлары Өзбекстан Республикасы Президентиниң  2019-жыл 14-майдағы қарарында белгиленгени сыяқлы үш мәжбүрий пән – ана тили (өзбек, рус ямаса қарақалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлери және еки  қәнигелик пәнинен өткериледи.

Онда барлық тест тапсырыўшылар ушын мәжбүрий болған 3 пән – ана тили (өзбек, рус ямаса қарарқалпақ тили), математика ҳәм Өзбекстан тарийхы пәнлериниң ҳәр биринен  15 тен улыўма  45 тест сораўы ҳәм ҳәр бир дурыс жуўап ушын 2,1 баллдан бериледи. Мәжбүрий пәнлерден улыўма топлаў мүмкин болған балл – 94,5 балды қурайды.

Бакалавриат билимлендириў бағдарына сай болған  2 пән бойынша болса ҳәр бири 30 дан улыўма  60 тест сораўы ҳәм бир дурыс жуўап ушын   3,1 баллдан бериледи. Улыўма топлаў мүмкин болған балл – 186 балл.

Улыўма етип айтқанда, абитуриентлерге  5 пән бойынша улыўма  105 тест  сораўы бериледи. Онда топлаў мүмкин болған максимал балл –  280,5 балды  қурайды.

Әнжуманда журналистика бағдарында дөретиўшилик имтиханлар бийкар етилгени, қалған бағдарларда болып өтетуғын дөретиўшилик имтиханлар  ҳаққында толық мағлыўмат берилетуғыны атап өтилди.

 

Файзулло, ЯҲЁЕВ, ӨзА