Республикамызда пахта шийки заты жетистирилетуғын майданларда тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта.

Төрткүл районындағы 2490 гектар майданға тамшылатып суўғарыў технологиясын енгизиў режелестирилген болып, соның, 2210 гектарына пахта, 280 гектарына басқа егинлер егилген.

Райондағы кластерлер ҳәм фермер хожалықларының атызларына усындай суўды үнемлеўши технологиялар 3 қурыўшы шөлкем тәрепинен әмелге асырылмақта. Қурыўшы шөлкемлер тәрепинен усы күнге шекем шәртнамаларды рәсмийлестириў, жерлерге ҳәўизлер қазыў, бетон ҳәм геомембрана қапламаларын жатқарыў ҳәм орайлық қубырларды монтажлаў жумыслары алып барылып атырған еди.

Районда бириншилерден болып «Әўмет старт полимер» ЖШЖ ғаўашаның қатар араларына  тамызғышлы ленталарды монтажлаў жумысларын баслады. Бүгинги күнде «Қосназар пахтакеш» фермер хожалығының тамшылатып суўғарыў енгизилетуғын 12 гектарлық жериндеги ғаўашалардың қатар араларына тамызғышлы ленталар монтажланбақта.

– Ҳәзирги ўақытта егилген шигитлери бир тегис өнип шыққан, төгини ҳәм дәслепки қайта исленген атызларға тамызғышлы шлангаларды монтажлаў жумыслары алып барылмақта,-дейди Суў хожалығы министрлигиниң баспасөз хаткери F.Атажанов. – Бул илажлар ҳәзирги ўақыттағы суўдың там-тарыслығы себепли, атызларға берилетуғын суўдың муғдарын азайтады ҳәм үнемленген суўларды басқа атызларға пайдаланыў мүмкиншилигин жаратады.

Бул бағдардағы жумыслар басқа да районларда басланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги