Соңғы жыллары билимлендириў тараўында сырт елдиң жоқары окыў орынлары менен өз-ара байланысларды жолға қойыўға қаратылған илажлар жақсы жолға қойылмақта.

Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы ҳәм  Мухтар Әўезов атындағы Қубла Қазақстан мәмлекетлик университети  менен еки тәреплеме келисилген меморандумға тийкарланып,  профессор-оқытыўшылар  қатнасыўында  «Театр ҳәм кино көркем өнериниң үйренилиўи: жаңалықлар ҳәм машқалалар» атамасында онлайн-семинар өткерилди.

Оған «Режиссура ҳәм актёр шеберлиги» кафедрасының  профессор-оқытыўшылары ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Семинарда кейинги жылларда Ɵзбекстан ҳәм Қазақстан Республикаларының дослық қатнасықларын еле де беккемлеў, еки мәмлекет арасында барлық тараўлар бойынша бирге ислесиўди күшейтиў, әсиресе, узақ тарийхтан дослығымызды, қарым-қатнасымызды беккемлеўде тийкарғы қураллар болған – тил, мәденият ҳәм көркем өнер тараўларында бирге ислесиў бағдарындағы жумысларға айрықша тоқтап өтти.

Буннан соң, семинар қатнасыўшылары видеоконференция арқалы профессор-оқытыўшылардың  «Қарақалпақстанда балалар театрының жас өспиримлердиң руўхый раўажланыўында тутқан орны»,  «Заманагөй кино менен театрдағы жаслардың дурыс қәлиплесиўиниң негизги мәселелери», «Театр ҳәм кино көркем өнеринде жаслардың тутқан орны»  атамасындағы баянатларын тыңлады.

Илаж соңында қатнасыўшылар тәрепинен еки жоқары оқыў орынлары арасында байланысларды буннан былай да беккемлеў, илим ҳәм  билимлендириў, көркем өнер тараўын раўажландырыўда профессор-оқытыўшылар ҳәм студентлердиң академиялық тәжирийбе алмасыўы ҳәм қос диплом бағдарламаларын әмелге асырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Мағлыўмат ушын, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан мәмлекетлик көркем өнер ҳәм мәденият институты Нөкис филиалы Қазақстан Республикасының 3 университети: Мухтар Әўезов атындағы Қубла Қазақстан мәмлекетлик университети, Дулати атындағы Тараз мәмлекетлик университети ҳәм Абай атындағы Қазақстан мәмлекетлик педагогикалық университетлери менен еки тәреплеме келисилген меморандумға муўапық илим ҳәм билимлендириў, көркем өнер тараўын раўажландырыў бойынша келисимге ерисилди.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы