Медицина илимлериниң докторы, шыпакер-диетолог Михаил Гинзбург Sputnik радиосына берген интервьюсинде аш қарынға ишиў қәўипли болған ишимликлер ҳаққында айтып берди.

Оның сөзлерине бола, таң азанда суў ишиў мүмкин, бирақ қалған барлық ишимликлерди саламатлық жағдайына қарап аш қарынға ишиўге болады. Себеби олардың айырымлары асқазанды тынышсызландырыўы ямаса қанда қант муғдарының кескин көтерилиўине алап келиўи сөзсиз.

Мине, мәселен, сүт-қатық ишимликлери асқасан силекей қабаты менен байланысқа кирискенде, аўырыўды келтирип шығарыўы мүмкин. Қәнигениң атап өтиўинше, аўқатланғаннан соң бул ағза жақсырақ қорғалған болады.

«Асқазан саламат болса, сүт пенен көк чай ишиў мүмкин. Гейде сүт пенен кофе ишиўге руқсат бериледи», – деп қосымша етти шыпакер.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги