Ҳәдден тыс көп уйқылаў кеселлик белгиси болыўы мүмкин. Бул ҳаққында россиялы невропатолог ҳәм сомнолог Елена Царева мәлим етти.

Қәнигениң сөзлерине бола, бул тәртип бузылғанлығы себепли адам уйқы жетиспеўшилигин қаплаўға ҳәрекет етип атырған жағдайларға тийисли емес.

«Биринши жағдайда бул емлениў керек болған уйқы бузылыўы менен байланыслы өз алдына кеселлик. Екинши жағдайда депрессияда уйқы ҳәм жатыўға болған талаптың артыўы ҳәм ишки турмыста концентрация себепли сыртқы өмирге қызығыўшылықтың жоғалыўы»,-деп түсиндирди Царева.

Сондай-ақ, қәниге бул жағдайға қатаң қатнаста болыўы ҳәм әлбетте шыпакерге мүрәжат етиўи керек екенлигин умытпаўға шақырады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги