Елимизде тарийхтың аўыр сынақларын сабырлылық пенен жеңип, машақатлы жолда өзлигин жойытпай, мақсет ҳәм ийман-исенимине садық қалған Ўатанласларымызды еслеў, оларға ҳүрмет көрсетиў халқымыздың ағла пазыйлетлеринен саналады. Кеўли мийрим-шәпәәтке ҳәм сақаўатқа толы инсанлар ғана өзиниң тарийхын, ата-бабаларын ҳәмийше еслейди ҳәм олардың басып өткен жолын ҳәм пидәкерлик мийнетлерин келешек әўладқа жеткереди.

Ҳәзиргидей тыныш ҳәм абадан турмысымызды тәмийинлеў жолында жанын пидә еткен азаматлардың бири Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим, урыс ҳәм мийнет ветераны Тилеп Аяповтың қанлы урыс жылларындағы қаҳарманлықларын, басып өткен өмир жолы менен хызметлерин бүгинги келешек әўлад­қа сөз етпекшимиз.

Тилеп Аяпов 1925-жылы Қанлыкөл районында туўыл­ған. Оның әкеси Аяп деген киси болған. Ата-анасы сол дәўирдеги жоқшылықты басынан кеширген әпиўайы шаңарақлардан болса да бала тәрбиясына айрықша итибар қаратқан. Перзенти Тилеп шаққан, зе­йинли болып өсти. Аўыллық мектепте билим алды. Әйне он сегиз жасқа толғанда атамызға урысқа шақырыў қағазы келди ҳәм 1943-жылы фронтқа атланды. Бир неше күн әскерий таярлықтан өтип, Украина фронтының атқышлар полкиниң дивизиясына түсти. Бир қанша қанлы саўашларға қатнасып, Украинаның бир қатар қалаларын фашистлерден азат етти. Соңғы саўашлардың биринде жарақатланып, бираз ўақыт Киев қаласындағы әскерий госпитальларда емлениўине туўра келди. Соңынан Украина фронтының ҳәрекеттеги армиясы қатарында Днепр жанындағы саўашларда, сондай-ақ, Украинаны душпанлардан азат етиўдеги қанлы саўашқа қатнасты. Гезектеги әскерий тапсырма менен саўаш майданында жарақат алып, әскерий госпитальға жатқарылды. Бир қанша айлар даўамында әскерий госпитальда жатып емленип, 1944-жылдың орталарында өз үйине оралады.

Урыстан қайтып келген Т.Аяпов майыплығына қарамастан халық хожалығында мийнет етти. 1950-жылға шекем аўылында табельщик, есапшы ҳәм басқа да жумысларда иследи. Тилеп ата 1959-жыл Нөкис мәмлекетлик педогогикалық институтының Қарақалпақ тили ҳәм әдебияты факультетине оқыўға кирди. 1964-жылы институтты табыслы тамамлап, Қанлыкөл районындағы 8-санлы мектепте узақ жылллар даўамында муғаллим болып иследи. Тилеп ата ҳүрметли дем алысқа шыққаннан кейин де 1992-жылға шекем устазлық кәсибин даўам еттирди.

Т.Аяповтың мийнетлери Ҳүкиметимиз тәрепинен мүнәсип баҳаланып, оған Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген муғаллим ҳүрметли атағы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Ҳүрмет жарлықлары, Украинаны азат еткени ушын ордени, «Жасорат» ҳәм басқа да бир қатар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Өмирлик жолдасы Ханым апамыз бенен қослас болған Тилеп ата бес ул, төрт қызды тәрбиялап камалға келтирди. Перзентлери ҳәзирги ўақытта жәмийетте өз орнына ийе инсанлар болып жетилисти. Перзентлерине аталық мәсләҳәтин берген, ҳәмийше дуўаға қол жайып келген атамыз 2007-жылы 82 жасында дүньядан өтти. Бирақ, ол инсан өмирден өтсе де, оның ислеген ерликлерин, мийнет жолын изинде қалған ул-қызлары, ақлық-шаӯлықлары мақтаныш пенен яд етпекте. Инсан қәдири-уллы, естелиги-мәңги!

 

Гүлайым Тлепова,

НМПИ 2-курс студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.