Усы жылдың 4-май күнинен, яғный ертеңнен баслап Нөкис қаласы Орайлық базар жанындағы автотранспортлар турар орнында (стоянкада) реконструкция жумысларының алып барылыўына байланыслы ўақтынша жабылады. Бул ҳаққында ҚР Транспорт министрлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

Халыққа хызмет көрсетиўши автотранспортлар “Korzinka.uz” саўда орайы алдына орналастырылады.

Сондай-ақ:

51-санлы Орайлық базар – Наўқан бағ елаты;
12-санлы Орайлық базар – Қызкеткен елаты (Шадлы аўыл);
21-санлы Орайлық базар – Қызкеткен елаты;
38-санлы Орайлық базар – Қызкеткен елаты “Санаторная” көшеси;
25-санлы Орайлық базар – Наўқан бағ елаты А.Қайратдинов көшесине қатнаўшы жөнелисли таксилер ҳәм

7-санлы Орайлық базар – Қызкеткен елаты;
12-санлы Орайлық базар – Қызкеткен елаты (Шадлы аўыл);
16-санлы Орайлық базар – Бестөбе жөнелисиндеги автобуслар Пушкин көшесиндеги бурынғы “Арал” дүканы жанына (Туннель) ўақтынша көшириледи.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.