Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Коронавирус пандемиясы шараятында пуқаралық авиациясы кәрханаларын қоллап-қуўатлаў, тараўда транформация процесслерин жеделлестириў, авиация хызметлерин буннан былай да диверсификациялаў, халыққа олардың баҳа ҳәм сапа жағынан қолайлылығын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. 2021-2022-жылларда «Uzbekistan Airways» АЖ «Uzbekistan Airports» АЖда транформация процесслерин жеделлестириў бойынша «жол карталары» 1 ҳәм 2-қосымшаларға муўапық тастыйықлансын.
  2. Қаржы министрлиги, Транспорт министрлиги ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң шөлкемлестириўшилик-ҳуқықый түрине қарамастан, халықаралық аэропортлардың атқарыўшы уйымы ўәкилликлерин, бурынғысынан басқаша тәризде, шәртнама тийкарында «Uzbekistan Airports» АЖге бериў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ай мүддетте «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм халықаралық аэропортлардың атқарыўшы уйымлары арасында халықаралық аэропортларды ҳақы есесине басқарыў ҳаққындағы шәртнамаларының  дүзилиўи ҳәм ишки ҳүжжетлерге зәрүр өзгерислер киргизилиўин тәмийинлесин. Онда басқарыўшының төмендеги тийкарғы ўазыйпалары нәзерде тутылсын:

аэропортларды раўажландырыўдың бирден-бир стратегиясын ҳәм корпоратив сиясатты әмелге асырыў, аэропортлардың жумысына методологиялық басшылық етиў;

финанслық ағымларды жыйнаў, пул қаржыларынан нәтийжели пайдаланыў, өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм сап пайдаға ийелик етиў ҳәм сатып алыўларды орайластырылған ҳалда әмелге асырыў;

халықаралық аэропортлардың өндирис  ҳәм хожалық жумысын әмелге асырыў тәртибин (ўәкилликлер шегараларын) «Uzbekistan Airports» АЖ тәрепинен белгилеў.

  1. «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм оның қурамындағы халықаралық аэропортлар 2021-жыл 1-майдан 3 жыл мүддетке юридикалық тәреплерден алынатуғын жер салығы ҳәм мүлк салығының белгиленген ставкасы 50 процентке шекем азайтылатуғыны белгиленсин.
  2. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги (А.Ж.Ортиқов) үш ай мүддетте «Uzbekistan Airports» АЖ қурамындағы халықаралық аэропортлар менен мәмлекетлик мүлки есапланған аэродромлар инфраструктурасынан бийғәрез пайдаланыў ҳаққында шәртнамалар дүзсин. Онда шәртнамаларда аэродром инфраструктурасын сақлаў, капитал ҳәм ағымдағы оңлаў шәртлери нәзерде тутылсын.

Ийелик етиў ҳуқықысыз берилген мүлк аэропорт активлеринен ажыратылған ҳалда, баланстан тысқары сәўлелендирилетуғыны ҳәм мүлк және жер салықлары бойынша салық базасына киргизилмейтуғыны, сондай-ақ, амортизация ажыратпалары есапланбайтуғыны мағлыўмат ушын қабыл етилсин.

Аэропортлардың аэродром комплекслерин қурыў, капитал оңлаў ҳәм реконструкциялаў жумыслары Мәмлекетлик бюджет есабынан әмелге асырылатуғыны, сондай-ақ, Қаржы министрлиги менен келисилген ҳалда, усы жумысларға сарыпланған «Uzbekistan Airports» АЖниң қаржылары Мәмлекетлик бюджет есабынан компенсацияланатуғыны белгиленсин.

  1. Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) бир ай мүддетте «Uzbekistan Airways» АЖға ажыратылған 40 миллион АҚШ доллары муғдарындағы процентсиз бюджет ссудасы қаржыларының 2022-жыл 10-майдан баслап қайтарылыўын нәзерде тутқан ҳалда, оны қайтарыў мүддетин 2024-жыл 10-февральға шекем созсын.
  2. «Өзмиллийбанк» АЖ (А.К.Мирсоатов), Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры (Ш.А.Вафаев) бир ай мүддетте «Uzbekistan airways» АЖның сәйкес түрде 895 миллиард сум ҳәм 77,73 миллион АҚШ долларына тең болған кредитлерди қаплаў графиклерин, 2021-2023-жыл ушын қарыздарлық (тийкарғы қарыз ҳәм процент) төлемлерин тоқтатқан ҳалда, қайта көрип шықсын.

Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) қарардың усы бәнтиниң талапларынан келип шығып, «Uzbekistan Airways» АЖ тәрепинен кредит миннетлемелериниң орынланыўы бойынша Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры менен «Өзмиллийбанк» АЖға берилген мәмлекетлик кепилликлерди қайта рәсмийлестирсин.

  1. «Uzbekistan Airways» АЖ (И.Р.Махкамов) 3-қосымшаға муўапық ҳаўа кемелерин орнатылған тәртипте ашық саўдалар арқалы тараўда тиккелей жумыс алып барып атырған кәрханаларға сатыў илажларын көрсин.
  2. Транспорт министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Миллий гвардияның аэровокзал, темир жол ҳәм автобус вокзалларында (кейинги орынларда – вокзаллар) жолаўшы менен келиўшилер ушын заманагөй талаплар тийкарында көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын түп-тийкарынан жақсылаў, кирип-шығыўды әпиўайыластырыў, зәрүр шараятлар жаратыў ҳәм вокзаллар және оларға тийисли аймақта исбилерменликти раўажландырыў мақсетинде, төмендеги усынысларына келисим берилсин:

вокзаллардың имаратларына келиўшилердиң қәўипсизлик талапларына әмел еткен ҳалда кирип-шығыўларына рухсат бериў;

вокзаллар ҳәм оларға тийисли аймақларда улыўма аўқатланыў орынларын шөлкемлестириў, усақлап сатыў саўдасы менен хызмет көрсетиў жумысын шөлкемлестириўге рухсат бериў тәртибин әпиўайыластырыў;

халықаралық аэропортлар аймағында барлық түрдеги жолаўшы автотранспорт қуралларына аэропортлардың эстакадасынан пайдаланыўға рухсат бериў;

вокзаллардың тийкарғы тексериў пунктлерин кириў орынларындағы дәслепки қадағалаў-тексериў постлары менен бирлестириў.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (А.А.Азизов), Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов), Миллий гвардия (Р.М.Джураев), Транспорт министрлиги (И.Р.Махкамов):

үш ай мүддетте  жуўапкер уйымлар ўәкиллеринен ибарат қурамда Республикалық комиссияны дүзген ҳалда, вокзаллардың имаратлары ҳәм оларға тийисли аймақларда қәўипсизликти тәмийинлеў тәртиплерин алдынғы сырт ел тәжирийбесинен келип шығып ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин;

вокзаллардың имаратлары ҳәм оларға тийисли аймақларда қәўипсизликти тәмийинлеўдиң заманагөй технологиялық қадағалаў қураллары (транспорт ҳәм шахсты анықлаў қураллары) және усыллары менен толық тәмийинлеп барыў илажларын көрсин.

Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети (А.А.Азизов), Ишки ислер министрлиги (П.Р.Бобожонов), Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Б.Азимов) Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) менен биргеликте халықаралық аэропортларда реконструкциялаў есабынан авиация қәўипсизлиги хызмети, шегара, бажыхана ҳәм басқа да қорғалатуғын аймақлардағы өзгерислерди есапқа алып, талап ететуғын штат бирликлерине орнатылған тәртипте тийисли өзгерислер киргизип барсын.

  1. «Uzbekistan Airways» АЖ (И.Р.Махкамов) Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Б.Азимов) ҳәм мәпдар министрликлер және уйымлар менен биргеликте үш ай мүддетте Ташкент қаласы, Сергели районы, Ушыўшылар қалашасында жайласқан «Uzbekistan Airways Technics» ЖШЖ аймағында (майданы 39 га) еркин бажыхана зонасын шөлкемлестирсин.

Еркин бажыхана зонасында:

халықаралық ҳуқықый ҳәм техникалық нормаларға муўапық барлық сырт елли ҳаўа кемелери және олардың өз алдына агрегатларын оңлаў ушын зәрүр болған авиатехникалық аўысық бөлеклери еркин алмастырылатуғыны;

жергиликли авиакомпаниялардың ҳаўа кемелерин және олардың бир бөлеги ҳәм агрегатларын оңлаўға зәрүр болған авиатехникалық аўысық бөлеклери еркин бажыхана зонасы шегарасынан шықпаған ҳалда пайдаланылатуғыны;

усы бажыхана зонасына сырттан келтирилетуғын авиатехникалық аўысық бөлеклер «еркин бажыхана зонасы» бажыхана режимине рәсмийлестириў арқалы жайластырылатуғыны ҳәм бурынғысынан басқаша тәризде, сертификатлар ҳәм рухсат етиў өзгешелигине ийе ҳүжжетлер талап етилмейтуғыны;

оңлаў мақсетинде еркин бажыхана зонасына алып кирилетуғын ҳаўа кемелериниң (соның ишинде, олардың бөлеклери менен агрегатлары) кирип шығыўында бажыхана қадағалаўы оларды тийисли бажыхана режимлерине рәсмийлестирмеген ҳалда әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Транспорт министрлиги (И.Р.Махкамов), Мәмлекетлик бажыхана комитети (М.Б.Азимов), Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев), Орайлық банк (М.Б.Нурмуратов) пенен биргеликте үш ай мүддетте еркин бажыхана зонасы аймағына товарларды алып кириў, алып шығыў, ҳаўа кемелерин оңлаўда пайдаланыў, оларды тийисли режимлерге рәсмийлестириў, усы товарлар ҳәм хызметлер ушын валюта операцияларын әмелге асырыў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ушын белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Транспорт министрлигиниң Франция Пуқаралық авиациясы миллий мектеби (ENAC) менен биргеликте Ташкент мәмлекетлик транспорт университетиниң қурамында Пуқаралық авиациясы ушыўшыларын таярлаў мектебин (кейинги орынларда – Мектеп) шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.

Мектепте билим бериў жумысы 2021/2022-оқыў жылынан басланатуғыны ҳәм дәслеп қоспа билимлендириў бағдарламалары (double degree) тийкарында «Ҳаўа кемелериниң пәрўаз эксплуатациясы» бакалавр тәлим бағдары бойынша кадрларды таярлаў шөлкемлестирилетуғыны;

Мектепте студентлердиң оқыўы ушын төлем-контракт Францияның Пуқаралық авиациясы миллий мектеби менен келисилген ҳалда Ташкент мәмлекетлик транспорт университети тәрепинен белгиленетуғыны;

Мектеп питкериўшилерине Францияның Пуқаралық авиациясы миллий мектебиниң белгиленген үлгидеги дипломы берилетуғыны ҳәм ол Өзбекстан Республикасында жоқары мағлыўматлы ҳаққындағы ҳүжжет сыпатында тән алынатуғыны белгилеп қойылсын.

  1. «Uzbekistan Airports» АЖ ҳәм оның қурамына киретуғын аэропортлар:

өз талаплары ушын арнаўлы технологиялық үскенелер, арнаўлы транспорт ҳәм мәлимлеме-коммуникация өнимлерин жеткерип бериў ҳаққындағы импорт контрактлерин «Мәмлекетлик сатып алыўлар ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамына муўапық, «Жойбарлар ҳәм импорт контрактлерин комплексли экспертизалаў орайы» МУКта комплексли экспертизадан өткерген ҳәм контракт дүзилгенлиги ҳаққындағы мәлимлемени арнаўлы мәлимлеме порталына жайластырған ҳалда, ислеп шығарыўшылардың ең жақсы усынысларын таңлап алыў жолы менен тиккелей дүзиўге;

пуқаралық авиациясы объектлеринде жумыс тәжирийбесине ийе болған жергиликли ҳәм сырт елли жойбарлаў шөлкемлери менен тиккелей шәртнамалар дүзиўге рухсат берилсин.

  1. Өзбекстан Республикасы аймағында «Uzbekistan Airports» АЖ қурамындағы халықаралық аэропортлар ҳәм «Өзаэронавигация орайы» МУК тәрепинен сырт елли авиакомпанияларға хызмет көрсетиў (экспорт)ге байланыслы операцияларды, баҳаларды сырт ел валютасында белгиленген ҳалда, сондай-ақ, сыртқы саўда шәртнамаларын дүзпестен және олар бойынша мағлыўматларды Сыртқы саўда операцияларының бирден-бир электрон мәлимлеме системасына киргизпестен әмелге асырылыўына рухсат берилсин.
  2. Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев) ҳәм Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлигиниң (А.Ж.Ортиқов) Мәмлекетлик салық комитетиниң Ташкент қаласы, Яккасарой районы, Бабур көшеси, 79-жайда жайласқан имарат ҳәм объектлерин «Uzbekistan Airport» АЖ ҳәм оның қурамындағы шөлкемлер бийпул пайдаланыўы ушын «Uzbekistan Airport» АЖға бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын.

Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев) усы бәнтте көрсетилген имарат ҳәм объектлерди еки ҳәпте мүддетте  «Uzbekistan Airport» АЖға ийелик етиў ҳуқықысыз бийпул ийелик етиў және оннан пайдаланыў ушын берилиўин тәмийинлесин.

  1. Транспорт министрлиги (И.Р.Махкамов):

«Uzbekistan Airports» АЖ (Р.Ф.Джураева), Қаржы министрлиги (Т.А.Ишметов) ҳәм Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.М.Холхўжаев) менен биргеликте еки ай мүддетте 2030-жылға шекем мөлшерленген аэродром комплекслерин раўажландырыў бағдарламасын Министрлер Кабинетине киргизсин;

мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жуўапкер ҳәм жеке жуўапкер етип Өзбекстан Республикасы Бас министриниң биринши орынбасары А.Ж.Раматов, транспорт министри И.Р.Махкамов ҳәм қаржы министри Т.А.Ишметов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын ҳәр айда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 30-апрель.