Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Мәмлекетимизде жаслардың боксқа болған ғалаба қызығыўшылығын есапқа алып, қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) системасын буннан былай да жетилистириў, тараў қәнигелерин таярлаў және олардың материаллық хошаметлениўин жақсылаў, сондай-ақ, өзбек боксиниң дүнья жүзиндеги жетекшилигин сақлап қалыў ҳәм даўам еттириў мақсетинде:

  1. Төмендегилер боксти раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары етип белгиленсин:

боксти халық арасында ең ғалабалық спорт түрлеринен бирине айландырыў, қәбилетли спортшыларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) және оларды профессонал спортшылар сыпатында таярлаўдың жаңа системасын жолға қойыў;

бокс инфраструктурасын буннан былай да раўажландырыў ҳәм халықаралық талапларға сәйкеслендириў, бокс мектеплерин, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шерикликтиң шәртлери тийкарында көбейтиў;

бокс бойынша профессионал тренерлер ҳәм төрешилерди таярлаў системасын раўажландырыў, оқыў-методикалық қолланбаларды ислеп шығыў, илимий-методикалық базаны және де күшейтиў;

Қураллы Күшлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының физикалық таярлық шынығыўларына боксти басқышпа-басқыш киргизиў;

өзбек боксиниң дүнья жүзиндеги жетекшилигин сақлап қалыў ҳәм даўам еттириў бойынша зәрүр илажларды көриў;

ҳаял-қызлар боксин раўажландырыў бойынша узақ жылларға мөлшерленген перспективалы режелерди ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў;

спорт билимлендириў мәкемелеринде бокс бойынша мәмлекетлик буйыртпа параметрлерин арттырыў.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан бокс федерациясы ҳәм Әндижан, Бухара, Қашқадәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары ҳәкимликлериниң дәслеп Әндижан ўәлаяты (Әндижан, Наманган ҳәм Ферғана ўәлаятлары), Бухара ўәлаяты (Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Наўайы ҳәм Хорезм ўәлаятлары), Қашқадәрья ўәлаяты (Жиззақ, Қашқадәрья, Самарқанд ҳәм Сурхандәрья ўәлаятлары) ҳәм Ташкент ўәлаятларында (Сырдәрья ҳәм Ташкент ўәлаятлары, Ташкент қаласы) Туризм ҳәм спорт министрлиги жанында бокс бойынша жоқары спорт шеберлиги мектеплерин (кейинги орынларда – бокс мектеплери) мәмлекетлик мәкеме сыпатында шөлкемлестириў ҳаққындағы усынысына келисим берилсин.
  2. Бокс мектеплеринде:

жумыс қәбилетли жас спортшыларды сайлап алыў ҳәм оларды тийкарынан миллий сайланды командаларға таярлаўға бағдарланатуғыны;

оқыў 7-класстан шөлкемлестирилетуғыны, билим алыў мүддети 5 жыл етип белгиленетуғыны;

оқыўшыларға бийпул билим алыў, олимпиада резервлери колледжлериниң оқыўшылары ушын бир күнлик азық-аўқат нормаларына муўапық азық-аўқат пенен тәмийинлениў ҳәм оқыўшылардың турақ жайында бийпул жасаў ҳуқықы берилетуғыны;

басшылар, тренерлер, спортшылар ҳәм басқа да хызметкерлерге қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатлары ушын белгиленген мийнетке ҳақы төлеў ҳәм материаллық хошаметлеў шәртлери енигизилетуғыны белгилеп қойылсын.

  1. Төмендегилер бокс мектеплериниң жумысын қаржыландырыў дәреклери етип белгиленсин:

Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлерининиң қаржылары;

физикалық ҳәм юридикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары;

халықаралық ҳәм сырт ел шөлкемлериниң грантлары;

нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер.

  1. Бокс мектеплерин қурыў ҳәм үскенелеў бойынша:

буйыртпашы етип – Туризм ҳәм спорт министрлиги жанындағы «Спорт объектлери инфраструктурасын раўажландырыў бойынша инжиниринг компаниясы» мәмлекетлик унитар кәрханасы;

бас жойбарлаўшы етип – «ТошуйжойЛИТИ» акционерлик жәмийети белгиленсин;

бас жумысты бөлип алып ислеўши шөлкем белгиленген тәртипте таңлаў (тендер) саўдалары арқалы анықлансын.

  1. Төмендегилер:

Боксти 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясы (кейинги орынларда – Концепция) 1-қосымшаға муўапық;

Боксти 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясын 2021-2022-жылларда әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» (кейинги орынларда – «Жол картасы») 2-қосымшаға муўапық;

Боксти 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясының мақсетли көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. а) Концепция ерисилген нәтийжелер, мақсетли көрсеткишлер ҳәм боксти раўажландырыў бойынша тийисли дәўирге мөлшерленген тийкарғы бағдарлардан келип шыққан ҳалда Министрлер Кабинети тәрепинен ҳәр жылы өз алдына тастыйықланатуғын «жол картасы» тийкарында басқышпа-басқыш әмелге асырылатуғыны;

б) «Жол картасы» 2021-жылда орынланыўы мөлшерленген төмендеги илажларды қамтып алатуғыны:

Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети және оның филиалларында бокс бойынша мәмлекетлик буйыртпа тийкарларын арттырыў;

оқыў-шынығыўлар процесине мәлимеле-коммуникация технологияларын, соның ишинде, виртуал қарсыласлар менен гүрес алып барыў имканиятын беретуғын компьютерлестирилген ханаларды шөлкемлестириў;

боксшылар ҳаққында мағлыўматларды жедел алыў имканиятын бериўши электрон базаны жаратыў;

в) Боксти 2025-жылға шекем раўажландырыў концепциясының мақсетли көрсеткишлери, соның ишинде, төмендегилерди нәзерде тутатуғыны:

2025-жылға шекем спорт билимлендириў мәкемелериндеги бокс пенен турақлы шуғылланатуғын оқыўшылардың санын 27 мыңға шекем жеткериў;

келеси 5 жыл ишинде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында 7 бокс залларын шөлкемлестириў;

бокс бойынша сайланды командалардың 46 ға шамалас халықаралық спорт жарысларында қатнасыўын тәмийинлеў белгиленсин.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласының ҳәкимликлери аймақларда бокс залларын қурыў ушын Туризм ҳәм спорт министрлигиниң тийисли аймақлық басқармаларының сораўларына тийкарланып жер ажыратыў илажларын көрсин.

  1. 2021-жыл 1-майдан баслап бокс бойынша аймақларда қәбилетли жасларды анықлаў, таңлаў ҳәм сайлап алыў (селекция) ушын үш басқышлы система енгизилсин:

биринши басқышта – билимлендириў мәкемелери, балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринен сайлап алынған спортшылар арасында район (қала)лық жарыслар;

екинши басқышта – боксқа қәнигелескен спорт мектеплери, билимлендириў мәкемелери ҳәм спорт клубларында сайлап алынған спортшылар арасында аймақлық жарыслар;

үшинши басқышта – клублараралық ҳәм аймақлық оқыў-шынығыў жыйынларының жеңимпазлары менен сыйлықланғанлар арасында республикалық жарыслар («World Series Boxing» мысалында).

Онда, жарыслардың нәтийжелери тийкарында бокс мектеплерин қәбилетли спортшылар менен толықтырып барыў Туризм ҳәм спорт министрлиги, Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Өзбекстан бокс федерациясы тәрепинен биргеликте әмелге асырылады.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги, Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң 2021/2022-оқыў жылынан баслап Өзбекстан мәмлекетлик денетәрбия ҳәм спорт университети, қәнигелестирилген олимпиада резервлери мектеп-интернатлары, қәнигелестирилген балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм балалар-жас өспиримлер спорт мектеплеринде бокс бойынша әмелдеги оқыўға қабыллаўдың мәмлекетлик буйыртпасының параметрлерин еки есеге арттырыў ҳаққындағы усынысы қабыл етилсин.
  2. Өзбекстан бокс федерациясы бокс мектеплеринде заманагөй илимий жетискенликлер ҳәм инновациялық технологиялардан пайдаланған ҳалда жоқары маман тренер, тренер-селекционер, функционаллық таярлық бойынша тренер, төрешилер ҳәм басқа да қәнигелердиң кәсиплик шеберлигин турақлы арттырып барыў мақсетинде жергиликли ҳәм сырт елли қәнигелердиң қатнасыўында семинар, тренинг, мастер-класслар, оқыў сабақларының шөлкемлестирилиўин тәмийинлесин.
  3. Бокс бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыўлар базасын жаратыў мақсетинде Туризм ҳәм спорт министрлиги ҳәм Ташкент ўәлаяты ҳәкимлигиниң Ташкент ўәлаяты, Ангрен қаласы, Янгиобод қорғаны аймағында жайласқан Республикалық олимпиада резервлери спорт колледжи балансындағы 1,5 гектар жер майданына ийе болған бурынғы стадион, жүзиў бассейни, сондай-ақ, асхана 2029-жыл 31-декабрьге шекем Өзбекстан бокс федерациясына мақсетли бийпул пайдаланыў ҳуқықы тийкарында бериў ҳаққындағы усынысы мақуллансын. Онда, усы аймақ әтирапында спорт зал, жатақхана, асхана ҳәм басқа да турмыслық-хызмет имаратлары менен объектлерин қурыў ушын кеминде бос турған 1 гектар жер майданы ажыратылыўын тәмийинленсин.
  4. Ташкент ўәлаяты, Шыршық қаласы, Заковат көшеси, 2-жайда жайласқан бурынғы Санаат-экономика кәсип-өнер колледжиниң имараты, сондай-ақ, спорт имараты ҳәм жанындағы спорт майданы Өзбекстан бокс федерациясы тәрепинен инвестиция миннетлемеси тийкарында сатып алыныўына келисим берилсин.
  5. Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги Туризм ҳәм спорт министрлиги менен биргеликте 2022-2023-жыллардағы инвестициялық бағдарламаларды қәлиплестириўде ислеп шығылған жойбарлаў-смета ҳүжжетлерине тийкарланып бокс бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыўлар базасын ҳәм бокс мектеплерин қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў жумыслары ушын орайласқан капитал қурылмалардың лимитлери ажыратылыўын тәмийинлесин.
  6. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери жергиликли бюджет қаржылары есабынан узақ аймақларда жайласқан балалар-жас өспиримлер спорт мектеплери ҳәм бокс мектеплерине тартылып атырған тренерлер ҳәм басқа да қәнигелерди 2025-жыл 1-январьға шекем турақ жай менен тәмийинлеў илажларын көрсин.
  7. Туризм ҳәм спорт министрлиги менен Өзбекстан бокс федерациясы Ташкент қаласында 2023-жылда режелестирилген бокс бойынша Жәҳән чемпионаты жоқары дәрежеде өткерилиўин тәмийинлесин ҳәм усыған байланыслы болған «жол картасы»н ислеп шықсын.

жәҳән чемпионатын өткериў ушын ағзалық төлеми ҳәм ақшалай сыйлыққа байланыслы қәрежетлерди қаплаў Мәмлекетлик бюджеттиң 2022 ҳәм 2023-жыллардағы параметрлеринде нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде басқышпа-басқыш 18 ай даўамында, бирақ 2023-жыл 1-майға шекемги дәўирде әмелге асырылатуғыны;

жәҳән чемпионатын өткериўге байланыслы болған қәрежетлер қәўендерлер ҳәм Өзбекстан бокс федерациясы тәрепинен қапланатуғыны, алынатуғын пайда Өзбекстан бокс федерациясы жанында қалып, боксти буннан былай да раўажландырыўға ҳәм федерацияның жумысын қаржыландырыўға бағдарланатуғыны белгиленсин.

  1. Бокс бойынша миллий сайланды командалар ушын оқыў-шынығыўлар базасын ҳәм мектеплерин қурыў, реконструкциялаў, капитал оңлаў, үскенелеў және олардың жумысын тәмийинлеў мақсетинде белгиленген тәртипте қәлиплестирилетуғын дизимлер бойынша сырттан алып келинетуғын, Өзбекстан Республикасында ислеп шығарылмайтуғын арнаўлы спорт буйымлары менен үскенелери, оқыў қураллары, компьютер техникасы, программалық өнимлер, инвентарь, қурылыс материаллары ҳәм материаллық-техникалық ресурслар 2023-жыл 1-мартқа шекем бажыхана төлемлеринен (қосымша қун салығы ҳәм бажыхана жыйымларынан тысқары) азат етилсин.
  2. Қаржы министрлиги усы қарарға тийкарланып быйыл нәзерде тутылған илажлар ҳәм келеси жылларда әмелге асырылыўы белгиленген ўазыйпалар ушын зәрүр қаржыларды 2021-жыл Мәмлекетлик бюджетте Туризм ҳәм спорт министрлиги ушын нәзерде тутылған қаржылар шеңберинде, 2022-жылдан баслап болса Мәмлекетлик бюджет параметлеринде нәзерде тутыўды тәмийинлесин.
  3. Усы қарардың орынланыўы төмендеги тәртипте әмелге асырылсын:

Бас министрдиң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдуҳакимовқа – усы қарардың орынланыўын сапалы, толық және өз ўақтында тәмийинлесин, белгиленген илажларды әмелге асырыў бойынша жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели шөлкемлестирсин ҳәм муўапықластырсын, ҳәр айда тийисли басшылардың орынланған жумыслар ҳаққындағы есабатларын қабыл етсин және анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырсын;

туризм ҳәм спорт министриниң орынбасары А.Қ.Каримов – Концепцияның мақсетли көрсеткишлерине ерисиў, Концепция ҳәм «Жол картасы»н орынлаў бойынша барлық зәрүр илажлардың көрилиўин тәмийинлесин, усы қарарда белгиленген ўазыйпаларды өз ўақтында және сапалы әмелге асырыўда жуўапкер шөлкемлерге методикалық ҳәм әмелий жәрдем көрсетсин және оның орынланыўы бойынша ҳәр айда Министрлер Кабинетине мәлимлеме киргизип барсын;

жуўапкер министрликлер, уйым ҳәм шөлкемлердиң басшылары – Концепция ҳәм «Жол картасы»нда нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында, сапалы және толық орынлаў бойынша барлық илажларды әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлигиниң бас директоры А.К.Кўчимов ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясының баслығы А.Д.Хаджаев – усы қарардың мазмун-мәниси ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, тематикалық телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

  1. Туризм ҳәм спорт министрлиги мәпдар министрликлер және уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте нызамшылық ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи А.А.Абдувахитовқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – туризм ҳәм спорт министри А.А.Абдуҳакимовқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы,

2021-жыл 29-апрель.