Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Халық әмелий көркем өнериниң зербаплық  ҳәм зергерлик дәстүрлерин раўажландырыў, олардың сийрек ушырасатуғын үлгилерин үгит-нәсиятлаў, сондай-ақ, усы бағдарларда өз-ара тәжирийбе алмасыў арқалы халықлар арасында  дослық ҳәм бирге ислесиў қатнасықларын буннан былай да беккемлеў, мәдений-гуманитарлық байланысларды күшейтиў, әўладтан-әўладқа өтип атырған кәсиплик дәстүрлер ҳәм өнерментшилик мектеплерин сақлаў ҳәм қайта тиклеў және регионның туризм потенциалын және де арттырыў мақсетинде:

  1. 2022-жылдан баслап ҳәр еки жылда май айында Бухара қаласында Халықаралық зербаплық ҳәм зергерлик фестивалы (кейинги орынларда – Фестиваль) және оның шеңберинде илимий-әмелий конференция, таңлаў, презентация ҳәм көргизбелер, театрласқан концерт-тамаша бағдарламалары, мәдений-ағартыўшылық ҳәм үгит-нәсиятлаў илажлары өткерилсин. Онда:

2022-жылы Фестиваль 21-25-май күнлери ҳәм оның шеңберинде «Дәстүрий зербаплық ҳәм зергерлик өнерин раўажландырыў перспективалары»  темасында  илимий-әмелий конференция шөлкемлестириледи;

Фестивальға үнлес ҳалда Ташкент қаласында сырт мәмлекетлердиң зербаплық ҳәм зергерлик тармағы ўәкиллерин, сырт ел инвесторлары, экспертлер ҳәм қәнигелерди тартқан ҳалда «Uzbek Jewellery Fair»  зергерлик санаатының заманагөй әсбап-үскенелери, технологиялары ҳәм буйымларының  жыллық халықаралық көргизбе-саўдасы  өткериледи.

  1. Төмендегилер Фестивальдиң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленсин:

миллий өнерментшиликтиң зербаплық ҳәм зергерлик тараўында жумыс ислеп атырған ҳәм тараўдың раўажланыўына үлкен үлес қосып киятырған тәжирийбели қәбилетли өнерментлерди анықлаў, мәнаўий ҳәм материаллық  хошаметлеў, оның сийрек ушырасатуғын ҳәм жоғалып баратырған үлгилерин сақлаў,  қайта тиклеў;

аймақларда зербаплық ҳәм зергерликти жедел раўажландырыў, алдынғы тәжирийбелерди кеңнен ен жайдырыў, жасларға үйретиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў;

зербаплық ҳәм зергерлик үлгилерин миллий бренд сыпатында халықаралық көлемге алып шығыў, халқымыздың миллий мәденияты дәстүрлерин көрсетиў арқалы туристлерди тартыў, Фестивальды жәҳән көлеминде кеңнен танытыў ҳәм үгит –нәсиятлаў жумысларын алып барыў;

зербаплық ҳәм зергерлик үлгилериниң кең презентациясын, ҳәр бир аймақтың тарийхы, турмыс тәризи, өнерментшилик мектеби дәстүрлерин сәўлелендириўши өнерментлер қалаларының макетлери, турмыслық буйымлар, өнермент-дизайнерлер жаратқан өнимлердиң көргизбелерин өткериў;

халық сейиллери, фольклор ҳәм дәрўазлық ансамбльлери, әскияшы ҳәм қызықшылардың театрласқан  тамашалары, көркем өнер ўәкиллериниң концерт бағдарламаларын және уста-өнерментлер тәрепинен шеберлик сабақлары, сүўретшилер қыябаны, экскурсия маршрутларын шөлкемлестириў.

  1. Халықаралық зербаплық ҳәм зергерлик фестивалына таярлық көриў ҳәм оны өткериў бойынша шөлкемлестириў комитети (кейинги орынларда – Шөлкемлестириў комитети) қурамы қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

Шөлкемлестириў комитетине (А.Н.Арипов):

Фестивальды жоқары ҳәм көркем дәрежеде өткериў, белгиленген ўазыйпаларды  өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў, бул бағдарда жуўапкер министрликлер, уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысын мауўапықластырыў;

Фестивальдың сыйлы орын ийелерине тапсырылатуғын диплом ҳәм сертификатлардың үлгилерин таярлаў және тастыйықлаў;

Фестивальды шөлкемлестириў ҳәм өткериўге байланыслы басқа да мәселелерди шешиў ўазыйпалары жүкленсин.

  1. Фестивальға таярлық көриў ҳәм оны өткериўге байланыслы қәрежетлер Шөлкемлестириў комитети тәрепинен ислеп шығылатуғын ҳәм белгиленген тәртипте тастыйықланатуғын смета тийкарында төмендеги тәртипте:

Фестивальға таярлық көриўге байланыслы барлық қәрежетлер Бухара ўәлаяты  жергиликли бюджетиниң қосымша дәреклери, юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң қәўендерлик қайырқомлықлары  және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан;

Фестивальды өткериўге байланыслы қәрежетлердиң  50 проценти – Министрлер  Кабинетиниң   резерв қоры қаржылары есабынан, 50 проценти – Бухара ўәлаяты жергиликли бюджетиниң  қосымша дәреклери,  юридикалық ҳәм физикалық тәреплердиң  қәўендерлик қайырқомлықлары және нызамшылық ҳүжжетлери менен қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан  қапланатуғыны  белгиленсин.

  1. Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги (Б.К.Зарипов) туризм ҳәм спорт министрлиги (А.А.Абдухакимов), Саўда-санаат палатасы (А.И.Икрамов), «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясы (Д.Н.Саматов), «Өнермент» ассоциациясы (У.Т.Абдуллаев) менен биргеликте үш ай мүддетте Фестивальды өткериў бойынша «жол картасы»н ислеп шықсын ҳәм тастыйықлаў ушын Министрлер Кабинетине киргизсин.
  2. Сыртқы ислер министрлиги (А.Х.Камилов):

сырт мәмлекетлерден зербаплық ҳәм зергерлик жумысы менен шуғылланыўшы шөлкемлер, қәбилетли өнерментлер, әмелий көркем  өнер усталары, тараў илимпазлары және қәнигелери, ҳүрметли мийманларды Фестивальға мирәт етиўде шөлкемлестириўшилерге  әмелий жәрдем көрсетсин;

Саўда-санаат  палатасы, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясының виза талапнамаларына бола Фестивальдың сырт ел қатнасыўшылары ушын кириў визалары консуллық жыйымлары ҳәм ҳақыйқый қәрежетлердиң орнын қаплаў есабынан жыйымлар өндирилместен рәсмийлестирилиўин тәмийинлесин.

  1. Мәденият министрлиги (О.А.Назарбеков) Саўда-санаат палатасы (А.И.Икрамов), «Өнермент» ассоциациясы (У.Т.Абдуллаев), «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясы (Д.Н.Саматов) ҳәм Өзбекстан Жазыўшылар аўқамы (С.Саидов) менен биргеликте Фестивальдың салтанатлы ашылыў мәресимин ҳәр тәреплеме пуқта ҳәм көркемлик жақтан тәкирарланбас усылда таярлаў  ушын  жоқары профессионал шеберлик ҳәм тәжирийбеге ийе болған сценарист ҳәм режиссёрлар, жазыўшы ҳәм шайырлар, өнерментлер, сахналастырыўшы сүўретшилер, талантлы көркем өнер ғайраткерлердиң кеңнен тартылыўын тәмийинлесин.
  2. Бухара ўәлаяты ҳәкимлиги (Б.К.Зарипов):

а) Бухара қаласында кең көлемли абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў  жумыслары әмелге асырылыўын, Фестиваль өткерилетуғын сахна майданлары және орынлардың талап дәрежесинде таярланыўын;

б) Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы, «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясы, Туризм ҳәм спорт министрлиги, Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, Кинематография агентлиги ҳәм Өзбекстан Көркем өнер академиясы менен биргеликте:

Фестиваль шеңберинде Бухара қаласындағы «Лаби ҳовуз» ансамбли майданынан «Арк» қорғаны аймағына шекемги әтирапта зербаплық ҳәм зергерлик өнерине байланыслы түрли көргизбелер, өнерментшилик буйымлары, сүўретлеў ҳәм әмелий көркем өнер шығармалары, әййемги  зербаплық және зергерлик буйымлары ҳәм өнимлерин жаратыў процесслери, өнерментшиликке байланыслы  көркем, ҳүжжетли фильмлер, китаплар, альбомлар, фотосүўретлер көргизбеси, олардың сатылыўы шөлкемлестирилиўин;

Фестиваль бағдарламасы ислеп шығылыўын ҳәм оның үш ай бурын туристлик шөлкемлерге усыныс етилиўин, Интернет ҳәм социаллық тармақларда  жайластырылыўын;

Фестиваль шеңберинде миллий липаслар көргизбели шығыўлар, театрластырылған  тамашалар, әския ҳәм қызықшылар, фольклор ҳәм дәрўазлық  ансамбльлериниң тамаша бағдарламалары көрсетилиўин;

Фестивальдың туризм календарь режесине киргизилиўин және сырт ел мийманлары ҳәм туристлериниң Фестивальға тартылыўын;

в) Туризм ҳәм спорт министрлиги, Саўда-санаат палатасы менен биргеликте Фестиваль қатнасыўшылары ҳәм мийманлар ушын мийманханалардан орын ажыратылыўын;

г) Мәденият министрлиги, Сыртқы ислер министрлиги, ЮНЕСКО жумыслары бойынша миллий  комиссия, «Өнермент» ассоциациясы, «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясы менен биргеликте  2023-жылдың ақырына шекем тәжирийбели қәниге ҳәм халықаралық экспертлерди тартқан ҳалда:

миллий өнерментшиликтиң зербаплық ҳәм зергерлик бағдарларын ЮНЕСКОның материаллық емес мәдений мийрас дизимине;

Бухара қаласын ЮНЕСКОның Дөретиўши қалалар  тармағына киргизиў  бойынша ҳүжжетлер топламы  таярланыўын ҳәм усыныс етилиўин тәмийинлесин.

  1. «Uzbekistan Airways» акционерлик жәмийети (И.Р.Махкамов) ҳәм «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик жәмийетине (Х.Н.Хосилов) Фестиваль қатнасыўшыларын Саўда-санаат палатасы, «Өнермент» ассоциациясы ҳәм «Өзбекзергерсанааты» ассоциациясының буйыртпаларына муўапық белгиленген тәртипте авиа ҳәм темир жол билетлери менен тәмийинлеў усыныс етилсин.
  2. Ташкент қаласы ҳәкимлиги (Ж.А.Артикходжаев) Фестивальға келиўши сырт ел мийманлары ҳәм қатнасыўшыларын күтип алыў, жайластырыў ҳәм оларды Бухара қаласына жибериўди шөлкемлестирсин.
  3. Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев):

Фестиваль өткерилетуғын орынларда тез медициналық жәрдем пунктлерин  шөлкемлестирсин;

Фестиваль өткерилетуғын ўақытта санитария нормалары, қағыйдалары ҳәм гигиеналық нормативлерине қатаң әмел етилиўин қадағаласын.

  1. Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги (А.К.Кўчимов), Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы (А.Ж.Хаджаев), «Дунё» мәлимлеме агентлиги (С.Л.Суяров) ҳәм басқа да ғалаба хабар қураллары Фестивальға таярлық көриў және оны өткериў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларды кеңнен сәўлелендирип барыўды шөлкемлестирсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл  29-апрель