Өзбекстан Республикасы Президентиниң қ а р а р ы

Халықтың бәнтлиги ҳәм дәраматларын арттырыўға ҳәр тәреплеме көмеклесиў, жумыссызлар, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар, мийнет базарына биринши мәрте кирип киятырған питкериўшилердиң бәнтлигин тәмийинлеў бойынша жаңадан тәсиршең механизмлерди енгизиў, жәрдемге мүтәж халықты мийнет етиўге тартыўда қолайлы шараятлар жаратыў, сондай-ақ, жаңа жумыс орынларын шөлкемлестирген исбилерменлик субъектлериниң жумысын буннан былай да хошаметлеў мақсетинде:

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери менен биргеликте ислеп шығылған, төмендегилерди өз ишине алатуғын 2021-жылы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў бойынша мәмлекетлик бағдарлама (кейинги орынларда – Мәмлекетлик бағдарлама) мақуллансын:

а) 2021-жылы 457 127 турақлы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў бойынша прогноз көрсеткишлери, соның ишинде:

2021-жылы турақлы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўдиң топланған прогноз көрсеткишлери 1-қосымшаға муўапық;

2021-жылы тармақ инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў ҳәм социаллық инфраструктураны раўажландырыў есабынан жаратылатуғын жумыс орынларының прогноз көрсеткишлери 1.1-қосымшаға муўапық;

2021-жылы аймақлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм жаңадан киши кәрхана, микрофирмалар шөлкемлестириў есабынан жаратылатуғын жумыс орынларының прогноз көрсеткишлери 1.2-қосымшаға муўапық;

2021-жылы жеке тәртиптеги исбилерменликти ҳәм өнерментшиликти раўажландырыў есабынан жаратылатуғын жумыс орынларының прогноз көрсеткишлери 1.3-қосымшаға муўапық;

б) 2021жылы мийнет уйымлары тәрепинен 513 575 пуқараның бәнтлигине көмеклесиў ҳәм жумыс бериўшилерди хошаметлеў бойынша көрсетилетуғын хызметлердиң прогноз көрсеткишлери, соның ишинде:

2021-жылы халықтың бәнтлигине көмеклесиў ҳәм жумыс бериўшилерди хошаметлеў бойынша көрсетилетуғын хызметлердиң улыўма баҳасының прогноз көрсеткишлери 2-қосымшаға муўапық;

2021-жылы жумыссызларды бос ҳәм резерв жумыс орынларына жумысқа жайластырыў прогноз көрсеткишлери 2.1-қосымшаға муўапық.

  1. Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан 2021-жылы халықтың бәнтлигине көмеклесиў ушын төмендеги муғдарларда субсидия, напақалар ҳәм микрокредитлер ажыратыў прогноз көрсеткишлери 3-қосымшаға муўапық тастыйықлансын:

субсидиялар ажыратыў ушын – 92,3 миллиард сум;

жумыссызлық напақаларын төлеп бериў ушын – 65,1 миллиард сум;

кәсипке таярлаў, қайта таярлаў ҳәм маманлық арттырыў қәрежетлерин қаплаў ушын – 40,6 миллиард сум;

жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириўди нәзерде тутатуғын киши жойбарларды әмелге асырыў ушын коммерциялық банклерге ажыратылатуғын ресурлар ушын – 125 миллиард сум.

  1. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери еки ҳәпте мүддетте:

Мәмлекетлик бағдарлама шеңбериндеги прогноз көрсеткишлерин район (қала)лар ҳәм секторлар бойынша айлар ҳәм шереклер кесиминде ислеп шығып, олардың халық депутатлары ўәлаятлық, район (қала)лық Кеңеслеринде додлаўдан өткерилиўин;

Мәмлекетлик бағдарлама шеңбериндеги 2021-жылға мөлшерленген жойбарлардың тармақ кестелерин ислеп шығып, аймақлық жуўапкер шөлкемлер ҳәм уйымлар тәрепинен тастыйықланыўын;

2021-жылы жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў ҳаққындағы аймақлық (мәнзилли) бағдарлама ҳаққында қарар қабыл етилиўин тәмийинлесин.

  1. Мәмлекетлик бағдарламаны өз ўақтында ҳәм сапалы орынлаў бойынша төмендеги уйымлардың басшылары тийисли бағдарлар бойынша жуўапкер екенлиги белгилеп қойылсын:

Бас министрдиң орынбасары С.У.Умурзаков, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (А.В.Воитов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (Б.К.Абдиназаров) –  тармақ инвестициялық жойбарларын әмелге асырыў ҳәм 34 881 жумыс орнын жаратыўға;

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги (О.Б.Рустамов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.М.Холхўжаев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары – аймақлық инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў ҳәм 206 098 жумыс орнын жаратыўға;

Бас министрдиң орынбасары Б.М.Мусаев, Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги (А.В.Шин), Халық билимлендириў министрлиги (Ш.Х.Шерматов), Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги (А.Ҳ.Тошқулов), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (А.М.Хаджибаев), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (А.М.Бобоев), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары –  социаллық тараў объектлерин иске қосыў ҳәм 6 641 жумыс орнын жаратыўға;

Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоров, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.М.Холхўжаев), Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев), Саўда-санаат палатасы (А.И.Икрамов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары – юридикалық тәреп шөлкемлестирген ҳалда киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликти раўажландырыў есабынан жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм 121 038 жумыс орнын жаратыўға;

Мәмлекетлик салық комитети (Ш.Д.Кудбиев), Саўда-санаат палатасы (А.И.Икрамов), Мәмлекетлик хызметлер агентлиги (У.И.Муҳаммадиев), Қаржы министрлиги (Д.Ш.Султонов), Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары – юридикалық тәреп шөлкемлестирмеген ҳалда жеке тәртиптеги исбилерменликти, соның ишинде, өнерментшиликти раўажландырыў есабынан  жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм 88 469 жумыс орнын жаратыўға;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Ҳусанов) – мийнет уйымлары тәрепинен  513 575 пуқараның  бәнтлигине көмеклесиўге;

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги (Н.Б.Ҳусанов), Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги (С.М.Холхўжаев) – жуўапкер мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлер тәрепинен  Мәмлекетлик бағдарламаның өз ўақтында орынланыўын муўапықластырыўға.

Мәмлекетлик бағдарлама бойынша усы бәнтте көрсетилген жуўапкер министрлик, уйым және Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери ҳәр айдың жуўмағына бола кейинги айдын бесинши сәнесине шекем тийисли мағлыўматларды улыўмаластырыў ушын Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигине тапсырып барсын.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги бир ай мүддетте «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплексиниң Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети ҳәм Мәмлекетлик статистика комитети мәлимлеме системалары менен интеграцияланыўын тәмийинлесин. Онда, төмендегилер «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплексинде сәўлелендириледи:

мийнет стажы ушын социаллық салық төлеген пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр айдың жуўмағы бойынша  есап бериў айынан кейинги айдың бесинши сәнесине шекем;

шөлкемлестирилген жумыс орнында бәнт болған физикалық тәреплерден (жеке тәртиптеги исбилерменлерден) алынатуғын дәрамат салығы ямаса социаллық салық және рәсмий емес жумыс ислеп атырған жасырын жумыс орынларын рәсмийлестириў, сондай-ақ, өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматлар  ҳәр айдың ақырына шекем;

юридикалық тәреплерден жаңадан шөлкемлестирилген ҳәм қысқартылған жумыс орынларының саны ҳаққындағы айлық, шереклик, жыллық мағлыўматлар  (киши кәрхана ҳәм микрофирмалардан тысқары)  есап бериў айынан кейинги айдын бесинши сәнесине шекем.

Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги ҳәр айдың жуўмағы бойынша:

Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша улыўмаласқан аналитикалық мағлыўматларды Өзбекстан Республикасы Президентиниң Администрациясына ҳәм Министрлер Кабинетине киргизип барсын;

Мәмлекетлик бағдарлама бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар бойынша Министрлер Кабинети Президиумында есабат берип барсын.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң ўақтынша мәўсимлик ҳәм бир мәртелик жумысларда (кейинги орынларда – ўақтынша жумыслар) бәнт болған пуқаралардың  мийнет етиўин нәтийжели шөлкемлестириў бойынша  төмендегилерден ибарат жаңа системаны жаратыў ҳаққындағы усынысы мақуллансын:

ўақтынша жумысларда бәнт болған пуқараларға көрсетилип атырған хызметлер көлемин кеңейтиў,  соның ишинде, оларға ўақтынша жумыс орынлары ҳәм жумыс бериўшилерди излеўде көмеклесиў, өзин-өзи бәнт етип ислеўи ушын зәрүр шараятлар жаратып бериў;

жумыс бериўши физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге ўақтынша жумысларда бәнт болған  пуқараларды жаллаў бойынша хызметлер көрсетиў, мийнет ҳәм мийнетти қорғаў ҳаққындағы нызамшылық ҳүжжетлерине әмел етиў мәселелери бойынша мәсләҳәт ҳәм методикалық жәрдем бериў;

ўақтынша жумысларда бәнт болған пуқаралардың мийнет ҳуқықларын қорғаў ҳәм мийнетин қорғаў, оларға мийнет қураллары, жеке қорғаныў қураллары ҳәм арнаўлы кийимлер менен тәмийинлеў хызметлерин көрсетиў;

«ҳәмме ушын жумыс» принципи  тийкарында ўақтынша жумысты шөлкемлестириўде заманагөй мәлмлеме технологияларынан кеңнен пайдаланыў, жумыс бериўшилер ҳәм ислеўшилерге аралықтан турып хызметлер көрсетиўди кеңнен енгизиў;

ўақтынша жумысларды шөлкемлестириў ҳәм муўапықластырыў процесслерине мәмлекетлик-жеке меншик шериклик шәртлери тийкарында исбилерменлик субъектлерин кеңнен тартыў, онда жумыс излеўшилерди жатақхана ҳәм транспорт пенен тәмийинлеў, жедел буйыртпалар алыў ҳәм басқа да қосымша хызметлер көрсетиўди жолға қойыў.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлигиниң район (қала)лық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары жанында жумыс ислеп атырған ўақтынша бир мәртелик жумыс пенен тәмийинлеў бюролары Күнлик мийнет орайлары (кейинги орынларда – Орай) сыпатында қайта шөлкемлестирилсин ҳәм төмендегилер олардың тийкарғы ўазыйпалары  етип белгиленсин:

жумыс излеўшилерди дизимге алыў,  олар ҳаққында мағлыўматлар базасын жүргизиў, жумыс бериўши физикалық ҳәм юридикалық тәреплерден пуқараларды ўақтынша жумысқа жаллаў бойынша  буйыртпалар алыў;

ўақтынша жумысларды орынлаўшы пуқаралардың  өзин-өзи бәнт еткен сыпатында дизимнен өтиўи  ҳәм электрон (қағаз) түриндеги мағлыўматнама алыўына шараят жаратыў;

жумыс излеўшилерди кәрхана ҳәм шөлкемлердеги бос (вакант) жумыс орынлары менен турақлы таныстырып барыў  және турақлы жумысқа жайласыўларына көмеклесиў;

ўақтынша жумыслар менен шуғылланыўшы пуқараларды мийнет ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумысларға тартыў, кәсипке таярлаў (қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў)ды шөлкемлестириў бойынша хызметлер көрсетиў;

мәпдар жумыс бериўшилер ҳәм жумыс излеўшилердиң қатнасыўында  бос жумыс орынлары ярмаркаларын шөлкемлестириў;

ўақтынша жумыслар менен шуғылланыўшы пуқараларға  мийнет қураллары,  жеке қорғаныў қураллары менен арнаўлы кийимлерди  ижараға бериў.

  1. Орайда ўақтынша жумысларды орынлаўшы пуқараларға олардың турақлы жасаў орнына қарамастан (экстерриториялық принципи бойынша)жумыс излеп атырған пуқара сыпатында дизимге алынған ҳалда бәнтлик хызметлериниң көрсетилетуғыны;

орайда район (қала)лық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының директоры тәрепинен тайынланатуғын жумысқа жайластырыў қәнигелери жумыс ислейтуғыны;

район (қала)лық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы директорының орынбасары бир ўақыттың өзинщде усы аймақтағы Орайдың басшысы болып есапланатуғыны;

жәмийетлик тәртипти сақлаў ушын Орайға тийисли район (қала)лық ишки ислер бөлиминиң жуўапкер хызметкери турақлы түрде бириктирилетуғыны;

Орай хызметкерлериниң ҳәм оған турақлы түрде бириктирилген район (қала)лық ишки ислер бөлиминиң жуўапкер хызметкери мийнетине ҳақы төлеў тийисли түрде район (қала)лық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайы және ишки ислер бөлими тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленсин.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги менен биргеликте алты ай мүддетте «ҳәмме ушын жумыс» принципи тийкарында төмендегилерди нәзерде тутатуғын «Mening ishim» буйыртпалар биржасының онлайн-майданын иске қоссын:

жумыссызлар, әсиресе, ҳаял-қызлар, жаслар, студентлер, майыплығы болған пуқаралар ушын  жумыслар, аралықтан турып орынланатуғын жумыслар,  үйде орынланатуғын жумыслар, жумысты үйге бөлип алып ислейтуғын жумыслар, фрилансерлик жумысы,  жумыс графиклери,  талап етилетуғын маманлық дәрежеси,  мийнет ҳақысының муғдары  ҳәм басқаларды сәўлелендириў;

өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың жумыс түрлери  (хызметлери, жумыслары) және оларға талабы бар болған жумыс бериўшилер ҳаққында мағлыўматларды алыў;

өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың жумыс түрлери (хызметлери, жумыслары)н реклама етиў;

өзин-өзи бәнт еткен пуқаралар ҳәм олардың хызметине талабы бар жумыс бериўшилер арасында күнлик ҳәм узақ мүддетли оферта шәртнамасын дүзиў.

  1. «Mening ishim» буйыртпалар биржасы онлайн-майданын иске қосыўды қаржыландырыў Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан әмелге асырылатуғыны;

ўақтынша бир мәртелик жумыслар ҳаққындағы күнлик мағлыўматлар  ҳәм өзин-өзи бәнт еткен пуқаралардың жумыс түрлери  (хызметлери, жумыслары) ҳаққындағы дағазалар «Mening ishim» буйыртпалар биржасы онлайн-майданы арқалы  бийпул берилип барылатуғыны;

жеке меншик бәнтлик агентликлерине күнлик жумыслар ҳаққындағы мәлимлемени ҳәм жумыс излеўшилердиң резюмелерин жәриялаў ушын «Mening ishim» буйыртпалар биржасы онлайн-майданында жеке кабинет ашыўына Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен руқсат берилетуғыны;

район (қала)лық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайлары жанында талаптан келип шығып, филиал түринде Орайларды шөлкемлестириў, Орай ҳаққындағы үлги режени тастыйықлаў және штат бирликлерин ажыратыў мийнет базарының конъюнктурасы ҳәм күнлик жумысларға болған талаптан келип шыққан ҳалда, Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги тәрепинен әмелге асырылатуғыны;

Орайларды шөлкемлестириў, сақлаў ҳәм материаллық-техникалық тәмийинлеў қәрежетлери  Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан,  оларда видеобақлаў ҳәм ескертиўши байланыс системаларын орнатыў Қарақалпақстан Республикасы бюджети, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы жергиликли бюджетлериниң қаржылары есабынан және нызамшыылқта қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан әмелге асырылатуғыны белгилеп қойылсын.

Министрлер Кабинети  бир ай мүддетте ўақтынша, мәўсимлик ҳәм бир мәртелик жумысларда бәнт болған пуқаралардың мийнет етиўин тәртипке салыў және Күнлик мийнет орайларының жумысын нәтийжели шөлкемлестириў бойынша Ҳүкиметлик қарар қабыл етилиўин тәмийинлесин.

  1. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статистика комитети, Мәлимлеме технологиялары ҳәм коммуникацияларын раўажландырыў министрлиги:

2021-жыл 1-июльға шекем  жаңа жумыс орынларын шөлкемлестириў ҳәм халықтың бәнтлигине көмеклесиў бойынша  есабатларын жүргизиў,  оларды реал ўақыт режиминде Мәмлекетлик салық комитетиниң бирден-бир интеграцияласқан мәлимлеме-ресурс базасы менен мониторинг етиўге мөлшерленген  электрон бағдарлама  ислеп шығылыўын;

үш ай мүддетте халықтың социаллық мүтәж категорияларын, соның ишинде, майыплығы болған пуқараларды жумысқа жайластырыў ушын районлар (қалалар) ҳәкимлериниң қарары менен белгиленген жумыс орынларының ең аз саны ҳәм жумыс бериўшилер тәрепинен жумыс орынларының резервке қойылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматларды «Бирден-бир мийнет системасы» уйымлараралық бағдарламалық-аппарат комплексинде сәўлелендирилиўин;

еки ай мүддетте  майыплығы болған пуқаралар ҳәм исбилерменлик субъектлери ушын бәнтлик тараўында интерактив хызметлер шеңбериниң кеңейтилиўин тәмийинлесин.

  1. Усы қарардың орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириўге жеке жуўапкер етип бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Н.Б.Ҳусанов белгиленсин.

Қарардың орынланыўын додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Бас министрдиң орынбасары Ж.А.Қўчқоровқа жүкленсин.

Әмелге асырылып атырған илажлардың нәтийжелилиги бойынша Өзбекстан Республикасы Президентине 2021-жыл 1-декабрьге шекем мәлимлеме берилсин.

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                              Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 28-апрель