Президент Шавкат Мирзиёев аймақлардағы өзгерислер, халықтың турмысы менен жақыннан танысыў, социаллық-экономикалық раўажланыў перспективаларын белгилеў мақсетинде 15-апрель күни Самарқанд ўәлаятына барды.

Мәмлекетимиз басшысының аймаққа буннан алдынғы сапары 2019-жылдың январь ҳәм июль айларына туўра келген еди.

Сапар етиўлер ўақтында ўәлаятты социаллық-экономикалық раўажландырыў, район ҳәм қалаларда дөретиўшилик жумыслардың көлемин кеңейтиў, санаат, туризм, аўыл хожалығы, хызмет көрсетиў ҳәм сервис тараўларын жедел раўажландырыў ҳәм халық ушын мүнәсип турмыс шараятын жаратыў мәселелерине айрықша итибар қаратылған еди. Усы тийкарда бағдарламалар ҳәм оларды әмелге асырыў «жол карта»лары  тастыйықланып, турмысқа енгизилмекте.

Өткен жылы пандемия айырым жойбарларды әмелге асырыў, қурылыс жумысларының пәтине унамсыз тәсир көрсеткен болса да, мәмлекетимиз тәрепинен жаратып берилген имканият ҳәм жеңилликлер себепли белгиленген режелер менен бағдарламалар өз ўақтында орынланды.

Атап айтқанда, быйылғы жылдың биринши шерегинде ўәлаятта баҳасы 580,3 миллиард сум муғдарында 100 жойбарды иске қосыў белгиленген болса, әмелде 832,1 миллиард сум муғдарында 248 жойбар әмелге асырылып, 1 мың 800 ден аслам жумыс орны жаратылды. Соның ишинде, санаатта 55, хызметлер тараўында 114, аўыл хожалығында 79 жойбар енгизилди.

Президентимиздиң ўәлаяттағы дөретиўшилик жумыслары менен танысыўы Самарқанд халықаралық аэропортынан басланды.

Мәмлекетимиз басшысы ўәлаятқа алдын еткен сапары ўақтында 1967-жылы қурылған усы «ҳаўа порты»н модернизациялаў бойынша көрсетпелер берген еди.

Жойбар шеңберинде жаңа терминал, ушыў-қоныў жолы, туратуғын орын ҳәм басқа да объектлердиң қурылысы белгиленген. Бүгинги күнде узынлығы 3 мың 105 ҳәм ени 60 метр болған ушыў-қоныў жолының қурылысы жуўмақланып, жақтыландырыў-сигнал шыралары ҳәм аэронавигация үскенелери орнатылмақта.

Президент дәслеп халықаралық авиация стандартлары тийкарында қурылған ушыў-қоныў жолын көзден өткерди.

Жаңа терминал заманагөй дизайнге, бир саатта 1000 жолаўшыға хызмет көрсетиў қуўатлылығына ийе болады. Алдын бул көрсеткиш 400 еди.

– Адамларға қолайлық жаратыў тийкарғы мақсет болыўы керек. Буның ушын «ақыллы технологиялар»ды қолланыў, хызметлерди арзан, сапалы, жедел етиў зәрүр, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ҳәр қыйлы көлемдеги самолётлар ушын 24 туратуғын орын қурылмақта. Соннан үшеўи «ҳаўа кемелери»не музлаўға қарсы қайта ислеў ушын мөлшерленген болады.

Аэропортта карго хызмети де жолға қойылады. Мәмлекетимиз басшысы бул мәселеге айрықша тоқтап, жүк тасыўдың бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

– Карго турақлы ҳәм пайдалы болыўы ушын турақлы жүк керек. Буның ушын самолётларға хызмет көрсетиў, жүклерди тийеў ҳәм жеткерип бериўди арзан және тез жолға қойып, басқа авиакомпанияларды тартыў зәрүр. Буннан тысқары, ўәлаятта экспортқа жарамлы мийўе-овощларды көбейтип, оларды усы карго арқалы жәҳән базарына шығарыў мүмкин, – деди Президент.

Жаңа аэропортты усы жылы сентябрьде пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Буннан кейин, ол «ашық аспан» режиминде толық жумыс ислей баслайды. 1000 адам жумыс пенен тәмийинленеди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёев 2019-жылы Самарқанд ўәлаятына сапар етиўи ўақтында Имам Бухарий естелик комплексин кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өткен еди.

– Бул жер Имам Бухарий бабамыздың илимине, ислам дүньясындағы орнына мүнәсип болыўы керек. Мәмлекетимизде зыярат етиў туризминиң тийкары негизинде усы жер. Бул жерге қанша зыяратшылар келсе де, қолайлы шараят болыўы зәрүр, – деген еди Шавкат Мирзиёев сол ўақытта.

Соған муўапық, комплекстиң жаңа жойбары ислеп шығылды. Президент жанында бир неше рет презентация өткерилип, жетилистирилди. Жәҳән тәжирийбеси де үйренилди.

2021-жыл мүбәрек Рамазан күнлеринде усы зыярат етиў орнының қурылысы басланды. Усы мүнәсибет пенен бул жерде нуранийлар ҳәм зыялылар менен ушырасыў болды.

Шавкат Мирзиёев мөмин-мусылманларды, пүткил халқымызды мүбәрек Рамазан айы менен қутлықлады.

– Рамазан айы – жақсы нийетлер қабыл болатуғын муқаддес ай. Бул қурылысты усы айда баслап атырғанымыз да ийгиликли, қәсийетли болады, кеўлимизге тынышлық бағышлайды. Бул тараўда исленип атырған жумысларымыздан мақсет – исламға, улама бабаларымызға ҳүрметимизди илим менен билдириў. Ата-бабаларымызға мүнәсип болыў биз ушын оғада үлкен миннет, – деди Президент.

Өткен жылы пандемия себепли Рамазан айында диний әмеллерди үйде орынлаўға туўра келгени еске алынды. Быйыл болса мешитлеримиз ашық, мөмин-мусылманлар карантин қағыйдаларына қатаң әмел етип, ибадатларын орынламақта. Кекселер, майып ҳәм жәрдемге мүтәж инсанлар, кем тәмийинленген шаңарақларға бийғәрез жәрдем көрсетилмекте. Әсиресе, пүткил дүнья жүзи аўыр кризисти басынан кеширип атырған ҳәзирги қыйын жағдайда бул оғада әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

– Муқаддес динимиз бизлерди инсанийлықты, тынышлықты қәдирлеп жасаўға, мийрим-шәпәәтли болыўға шақырады. Мине усындай түсиник ҳәм көзқарас пенен ҳәр бир шаңарақ және мәҳәлледе, пүткил жәмийетимизде тынышлық, дослық ҳәм аўызбиришиликти беккемлеўге ерисе аламыз. Қайталап айтаман, тынышлық ҳәм денсаўлық болса, қалған барлық нәрсе болады, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Жумыс орынларын көбейтип, халықтың абаданлығын арттырыў, турмыс шараятларын жақсылаў илажлары ҳаққында сөз етилди.

– Төрт жыллық излениў, жаңаланыў ҳәм сынақлардан өтип, үлкен тәжирийбе арттырдық. Халқымызды турмысынан разы етиўге қаратылған жумысларымыз буннан кейин де избе-из даўам еттириледи. Рамазан айының жақсы идеялары, муқаддес әмеллери де мине усындай ийгиликли мақсетлеримизди әмелге асырыўда беккем тийкар болады, – деди Президент.

Қуран аятларынан оқылып, пәтия етилди.

Мәмлекетимиз басшысы комплексте әмелге асырылып атырған жумысларды көзден өткерди.

Бул жерде үлкен мешит, төрт симметриялық минара, бийик әйўанлар, жолдан кирип келиўде қыябан болады. Көп санлы зыяратшыларға заманагөй қолайлықлар жаратыў ушын 7 мийманханада, 3 автомобиль туратуғын орын ҳәм автобәндирги, супермаркет, базар қурылады. Сондай-ақ, асханалар, өнерментшилик буйымлары, монша, таҳаратхана, мал сойыў орнының қурылысы белгиленген.

Бизге белгили, Президенттиң басламасы менен  2019-жылы бул жерде Имам Бухарий халықаралық  илимий-изертлеў орайы және Ҳәдис илими мектеби шөлкемлестирилген еди. Болажақ жаңа комплекс олар менен биргеликте үлкен орай жаратады. Енди бул жерде зыяратшылар ушын барлық шараятлар болады.

Мәмлекетимиз басшысы Самарқанд қаласында Өзбекстанның Биринши Президенти Ислам Кәримовтың қәбирин зыярат етти.

Марҳумның атына Қуран оқылды.

Қайтыс болғанларды жақсы ислери менен еслеў, руўхларын шад етиў мүқаддес қәдириятларымыздың бири болып есапланады. Уламалар менен сәўбетлесиўде  Ислам Кәримовтиң әне усындай инсанийлық пазыйлетлери еске алынды.

– Ислам Әбдуғаниевич кишипейил адам еди. Бул мақбара да өзине мүнәсип болған. Бул жерге меҳир бергенбиз. Биринши Президентимиз баслаған жумысларды даўам еттирип атырмыз. Руўхлары шад болсын, қудайым, – деди Шавкат Мирзиёев.

Аллаҳтан елимизге тынышлық-абаданшылық, халқымызға саламатлық тилеп  пәтия берилди.

Самарқанд – әййемги қала. Оның тарийхый келбетин сақлаў әҳмийетли болғанындай, халықтың өсип атырған талабы ушын шараят жаратыў да  керек. Сонлықтан қала шетиндеги Қарасуў кварталында көп қабатлы заманагөй  турақ жайлар  қурылмақта.

Ҳәзир қаланың үш аймағында усындай халықтың турақ жайларын қурыў белгиленген болып, Қарасуў олардың дәслепкиси болып есапланады. Усы ўақытқа шекем Самарқанд қаласында 12 қабаттан жоқары болған имаратлар қурылмаған.  2018-жылдан усы массивте заманагөй қала қурылысының үлгилери тийкарында көп қабатлы жайлардың қурылысына кирисилген еди.

Президент Шавкат Мирзиёев  2019-жылы ўәлаятқа сапары ўақтында бул жердеги дәслепки жайларды көзден өткерип, жаңа жойбарлардың презентациясы  менен танысқан еди. Өткен дәўирде бул  жойбарлар әмелге асты. «Agromir Buildings» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен кварталда  16, 15, 14 ҳәм 12 қабатлы улыўма  47 турақ жай қурылды. Оларда  3 мың  588 квартира бар.

Турақ жайлардың фасады үш қабатлы қапламадан ибарат болып, бул жайлар  қыста ыссы, жазда салқын болыўын тәмийинлейди. Имаратларға видеобақлаў системасы, жоқары технологиялы өрт қәўипсизлиги үскенелери орнатылған. Ҳәр бир  жай айрықша ысытыў қазаны менен үскенеленген. жайлар ийелерине таяр ҳалында  тапсырылмақта.

Улыўма, Қарасуў кварталында қурылған көп қабатлы жайлардың саны бүгинге келип 116ға жетти. Сондай-ақ, бул жерде 1 мың  600 орынлық мектеп,  120 орынлық балалар бақшасы, мәкән пуқаралар жыйыны имараты, саўда дүкәнлары, ойын ҳәм спорт майданшалары  қурылған.

Усы жылы және 16 қабатлы 7, 25 қабатлы 2 жай қурылмақта.

Қәнигелер көп  қабатлы турақ жайлардың қурылысы бойынша концепция ислеп шыққан болып, онда сейсмикалық үстинлик жоқары болып есапланады. Қарасуў массиви 8 баллық сейсмикалық аймаққа киреди. Жаңа имаратларды қурыўда усындай техникалық талаплар есапқа  алынған ҳалда, 9 баллық жер силкиниўге шыдамлы етип қурылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы турақ жайлар ҳәм инфраструктура тармақларының сапасына айрықша итибар қаратты. Қурылыс шөлкеминиң сапа ушын жуўапкершилигин буннан былай да күшейтетуғын механизм ислеп шығыў зәрүр екенлигин атап өтти.

– Раўажланған мәмлекетлердегидей жайларды қурыўды өзлестирдик, енди хызмет  көрсетиўди де усыған жараса жақсылаў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Сырт ел тәжирийбеси тийкарында сервис түрлерин кеңейтиў, көп қабатлы жайларға хызмет көрсетиўши кәрхана және өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша арнаўлы пункт шөлкемлестириў бойынша усыныслар берилди.

Усы жерде Самарқанд қаласының Бас режеси ҳәм қала аймағын кеңейтиў жойбарларының презентациясы өткерилди.

Атап айтқанда,  Ширин мәҳәллесинде  90 мың халық ушын жаңа қала жойбары ислеп шығылған. Ҳәзир бул жерде 1 мың 788 жеке тәртиптеги турақ жай бар. Жаңа жойбар бойынша түрли социаллық тараў объектлери, заманагөй көп  қабатлы жайлар қурылып, аймақтың көриниси түп-тийкарынан өзгереди.

Сондай-ақ, қаланың темир жол арты аймағында жайласқан, жети мыңнан аслам халық жасайтуғын «Меҳнат», «Матонат» ҳәм «Майсазор» мәкән пуқаралар жыйынларында қоп қабатлы турақ жайлар, дем алыў орайлары, социаллық  тараў объектлериниң қурылысы да өзине тән архитектура талапларын, жаңаша дизайн ҳәм қолайлықларды өзинде жәмлеген. Бул жумыслардың  әмелге асыўы менен аймақта  мыңнан аслам халық ушын  208 көп қабатлы турақ жайлар ҳәм басқа да объектлер бой тиклейди. Мақсет халық ушын  қолайлылық жаратыў, инфраструктурасын жақсылаў ҳәм Самарқандты миллионлы қалаға айландырыў болып есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд районында қурылып атырған туризм орайының қурылысын көзден өткерди.

Бул комплекс Самарқанд районындағы ескек есиў каналы бойында, 212 гектар майданда қурылмақта. Жойбарға бола, бул жерде  10 комплекс, соның ишинде, конгресс холл, мийманханалар, дем алыў орайлары болады.

Ҳәзирги ўақытта конгресс холл, «Мәңги қала» кәрўан сарайы ҳәм 8 мийманхана  қурылмақта. Мийманханалардың екеўи 22 қабатлы, бес жулдызлы, қалғанлары төрт жулдызлы болады.

Бизге белгили, Самарқандта мийманханалар көп болыўына қарамастан, туристлердиң ағымы көбейгенде орын табылмай қалады. Мәселен,  2019-жылы қаладағы барлық отельлер бәнт болған. Мәмлекетимиз тәрепинен туризмниң раўажланыўына үлкен имканиятлар жаратылғаны, 90ға шамалас мәмлекет пуқараларына визасыз режим енгизилгени туристлерди және де көбирек  тартпақта.

Қурылып атырған орай туристлик хабқа айланады. Бул жерде халықаралық әнжуманлар өткериў  ушын да кең шараят болады. Оны  2022-жылы пайдаланыўға  тапсырыў мөлшерленген.

Президентимизге  усы жаңа туристлик орайдың имканиятлары, туристлерге көрсетилетуғын хызметлер ҳаққында мағлыўмат берилди. мәмлекетимиз басшысы орайды  басқарыўды нәтийжели шөлкемлестириў, туризм тараўында қәнигелер таярлаў бойынша тапсырмалар берди.

Усы жерде Самарқандтың туризм инфраструктурасын раўажландырыў жойбарларының презентациясы өткерилди.

Самарқанд қаласында биринши мәрте гастрономиялық көше, Самарқанд районы «Конигил» мәкән пуқаралар жыйынында елимиздеги биринши туризм аўылы қурылды. Бундай орайлар туристлердиң ўәлаятта қалыў ўақтын созыў менен бирге, аймақтың инфраструктурасын раўажландырыў, халыққа дәрамат орайын жаратыўда әҳмийетли фактор болмақта.

Мәмлекетимиз басшысы усы туристлик орайды қала менен байланыстыратуғын жол өткелин барып көрди, Уста Умар Жўрақулов ҳәм Афросиаб көшелеринде әмелге асырылып атырған абаданластырыў жумысларын  көзден өткерди.

Буннан соң Шавкат Мирзиёев «Ургут» еркин экономикалық зонасындағы кәрханалардың жумысы менен танысты.

Мәмлекетимиз басшысының 2017-жыл 12-январьдағы пәрманына тийкарланып шөлкемлестирилген бул экономикалық зона бар шийки зат ҳәм инфраструктурадан нәтийжели пайдаланып, аўыллық жерлерде санаатты раўажландырыў, жумыс орынларын ашыўда әҳмийетли орын ийелемекте.

Бүгинги күнде «Ургут» еркин экономикалық зонасында баҳасы 402 миллион доллардан артық  84 инвестициялық жойбар әмелге асырылмақта. 313 миллион долларлық 55 жойбар бойынша өндирис басланған, оларда 4 мың 328 адам мийнет етпекте. Бул кәрханалар тәрепинен газ плиталары, жеңил санаат ҳәм былғары-аяқ кийим товарлары, гилемлер, гигиена қураллары, электр техникасы буйымлары сыяқлы  220 түрдеги өнимлер ислеп шығарылмақта. 2020-жылы 1,2 триллион сумлық өним таярланып, 30 миллион долларлық экспорт етилген.

Президентимиз экономикалық зона аймағындағы «Kamalak Tekstil» кәрханасының жумысы менен танысты. Ургут районындағы Мерганча массивинде жайласқан бул ширкетте гилем ҳәм тафтинг, ковролин өнимлери, синтетикалық жип ҳәм жасалма газон ислеп шығарылмақта.

Кәрханаға Бельгия, Швейцария, Австрия, Франция ҳәм Германия мәмлекетлериниң заманагөй, энергия үнемлеўши әсбап-үскенелери орнатылған. 328 жумыс орны жаратылған. Өткен жылы бул жерде таярланған 170 миллиард сумлық өнимниң 59 проценти ишки базарға, 41 проценти сырт елге сатылған. Усы жылы 7,5 миллион долларлық өним экспорт етилиўи режелестирилген.

Локализациялаўды кеңейтиў, басқа районларда да усындай кәрханалар шөлкемлестирип, жумыс орынларын көбейтиў бойынша тапсырмалар берилди.

Президент «Сам электро сервис» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң өнимлерин де көзден өткерди.

Кәрхана «Идеал» бренди астында жылына 260 мың дана электр духовка, 150 мың дана газ плиталары ҳәм олар ушын қосымша буйымлар ислеп шығарыў қуўатлылығына ийе. Оған Германия, Түркия ҳәм Қытайдан заманагөй, энергия үнемлеўши әсбап-үскенелер келтирип орнатылған.

2020-жылы улыўма баҳасы 58 миллиард сумлық өнимлер ислеп шығарылып, оның 32 проценти сырт елге экспорт етилген. Усы жылы 2 миллион долларлық өним экспорт етиў нәзерде тутылған.

Өним түрлерин кеңейтиў, заманагөй электр техникаларын ислеп шығарыў ҳәм оларға хызмет көрсетиў бойынша қәнигелер таярлаў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

«Ургут» еркин экономикалық зонасында ҳәзирги ўақытта баҳасы 90 миллион долларлық 29 жойбар бойынша қурылыс-монтажлаў жумыслары алып барылмақта. Бул жойбарлардың иске қосылыўы нәтийжесинде және  2 мыңнан аслам жумыс орны жаратылады.

Буннан тысқары, баҳасы 144 миллион долларлық  21 биргеликтеги жойбар қәлиплестирилген, 206 миллион долларлық 33 перспективалы жойбарды әмелге асырыў режелестирилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы экономикалық зонаның имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў, жаңа ҳәм перспективалы жойбарларды көбейтиў бойынша жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

Бул жерде самарқандлы нуранийлар менен сәўбетлесиў болды.

Президент Шавкат Мирзиёев Самарқанд ўәлаяты Жомбой районындағы «Sag Agro» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң «In vitro» лабораториясын барып көрди.

Елимизде аўыл хожалығын инновациялық раўажландырыў мақсетинде лаборатоиялар шөлкемлестирилмекте. «Sag Agro» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң лабораториясы мине усындай заманагөй комплекслерден бири.

Улыўма баҳасы 2,6 миллион АҚШ доллары болған бул жойбар 2019-жылы иске қосылған. Нәтийжеде бурын сырт елден алып келинген мийўели ҳәм декоратив  терек нәллерин жергиликли шараятта таярлаў жолға қойылған.

Бул усыл еки тәреплеме жүдә әҳмийетли. Бириншиси, шеттен келтирилип атырған нәллердеги түрли кеселликлердиң елимизге кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алды алынады. Екиншиси, жергиликли лаборатоияда жетистирилген нәллер сырт елдикине салыстырғанда бир неше есе арзан болады. Мәселен, усы ўақытқа шекем сырт елден алып келинген ғоза нәлиниң бир данасы 5  доллардан 20 долларға шекем болған болса, бул жерде жетистирилип атырғаны 3-3,5 долларды қурайды.

Агрохимия ҳәм топырақтаныў лабораториясы да иске қосылған болып, топырақ, суў ҳәм жапырақ үлгилерин үйрениў жолға қойылған. Буның нәтийжелилиги сонда, бағшылық хожалықларының топырақ шараяты үйренилип, оған сәйкес нәллер усыныс етиледи. Нәтийжеде нәллер қәтесиз өнип, мол зүрәәт жетистириледи.

«In vitro» ушын 24 гектар жер ажыратылған болып, 2 гектарда заманагөй ыссыхана қурылған. Және 3 гектар майданда жаңа ыссыхана қурыў режелестирилген. Қалған майданда болса елимизде ушыраспайтуғын 65 түрли мийўели тереклердиң нәли алып келинип, тәрбияланады.

Лабораторияның жыллық өндирислик қуўатлылығы 15 миллионнан  20 миллион данаға шекем сабыў ҳәм сабылған нәллер жетистириў имканиятын береди. Ҳәзирги ўақытта бул жерде ғоза, бадам, шабдал, шийе, ерик, алмурт, алма сыяқлы экспортқа қолайлы мийўелердиң кеселленбеген, климат шараятымызға бейимлескен нәллери жетистирилмекте.

– Бул қосымша қун жаратыўда революциялық усыл. Биз отыз жыл усыған умтылдық. Илимий қатнас пенен нәтийжелиликти арттырыў керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Усы жылы  2 миллион ҳәр қыйлы мийўели ҳәм декоратив нәл жетистириў режелестирилген. Жылдың ақырына шекем, сондай-ақ, 500  мың ғоза ҳәм бадам нәллериниң перспективалы мийўе сабылады.

Лаборатория 2024-жылы толық қуўатлылық пенен ислеўи есабынан бул жерде жылына 20 миллион нәл жетистириў жолға қойылады. 2023-жылдан нәллер экспортқа шығарылыўы режелестирилген. Бул лаборатоия ҳәм ыссыханада 140 жаңа жумыс орны жаратылған.

Мәмлекетимиз басшысы жас қәнигелер менен сөйлести.

– Келешегимиз – сизлердиң илимиңиз. Ҳәзирги дәўир талабын көрип атырсызлар. Мен жаслар форумында айтқанымдай, илим отта жанбайтуғын, суўда шөкпейтуғын, ҳеш ким сизден тартып ала алмайтуғын байлық. Солай екен, көбирек оқың. Бүгин қайсы жас өзин қыйнап, билим алып, тәжирийбе арттырса, келешекте әлбетте нәтийжеси болады,-деди Президент.

Бул жерде ўәлаяттың аўыл хожалығын раўажландырыўға байланыслы жойбарлардың презентациясы өткерилди.

Өзбекстанда пистениң жаңа зүрәәтли  12 сорты жаратылып, мәмлекетлик дизимнен өткерилди. Тоғай хожалығы системасында павлония жетистириў көлеми кеңейтилип, оннан елимизде биринши мәрте мебель ислеп шығарылды. Павлонияның лаванда, годжи сыяқлы жергиликли климат шараятына сәйкес 8 түрин жетистириў жолға қойылды.

Мәмлекетимиз басшысы павлония тереги жетистириўди көбейтиў, бул бағдарда Министрлер Кабинетиниң тийисли қарар жойбарын ислеп шығыў, зәрүр қаржы ажыратыў бойынша тапсырма берди.

Тоғай хожалығы жерлерин келешекте  узақ мүддетли ижараға бериў арқалы өним жетистириўди көбейтиў, жаңа жумыс орынларын жаратыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы Шавкат Мирзиёевтиң Самарқанд ўәлаятына сапары даўам етпекте.

Матназар ЭЛМУРОДОВ,
Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Абдулазиз МУСАЕВ,
Авазбек ХУДОЙҚУЛОВ,
Ғолиб ҲАСАНОВ,
ӨзАның хабаршылары