Тахтакѳпир районлық Халық билимлендириӯ бѳлимине қараслы 15-санлы улыӯма орта билим бериӯ мектеби «Белтаӯ» аӯыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан болып, бүгинги күни бул оқыӯ дәргайында 162 оқыӯшы тәлим-тәрбия алмақта.

-Мектебимизде оқыӯшылар қазақ тилинде оқытылады,-дейди мектеп директоры Мурат Жандәӯлетов.-Оқыӯ имаратына 2008-жылы капитал оӊлаӯ жумыслары жүргизилип, ҳәзир мектебимизде қурылыс оӊлаӯ ислерине зәрүрлик сезилмекте. Бирақ, соған қарамастан педагог-муғаллимлеримиздиӊ пидәкерлик мийнетлери ҳәм оқыӯшы жасларымыздыӊ билим-илим ийелеӯге деген күшли талпынысларыныӊ нәтийжесинде, оқыӯшыларымыз пәнлер олимпиадасы ҳәм ҳәр қыйлы спорт жарысларында районда жеӊимпаз атанып, республикада жоқары кѳрсеткишлерге ерисип келмекте.

Бизлер хызмет сапарымыз барысында усы мектептиӊ тәжирийбели муғаллимлериниӊ бири Күләш Жумаева, инглис тили пәни бойынша жас қәниге оқытыӯшы Берик Пашеновлардыӊ оқыӯшыларға сабақ ѳтиӯ процеси менен таныстық.

-1992-жылы Қарақалпақ мәмлекетлик университетиниӊ математика факультетин тамамлаған едим,-дейди Күләш Жумабаева.-Мине соннан берли ѳзим оқыған ана-мектебимде оқыӯшыларға билим берип атырман. Ҳәзирше жаман емес. Шәкиртлеримниӊ математикаға деген қызығыӯшылығы жоқары. Олар ушын мектебимизде жас математиклер дѳгереги ислеп тур. Быйылғы 11-класс оқыӯшым Ахмет Ағыбаев пәнлер олимпиадасы, 10-класс шәкиртим Айгүл Хантѳреева Қоқанд олимпиадасыныӊ районлық басқышларында жеӊимпаз атанып, республикалық басқышқа мүнәсип түрде қатнасып қайтты.

-Мектепте 10 жылдан берли оқыӯшыларға инглис тили пәнинен сабақ берип келмектемен,-дейди Берик Пашенов.-Сондай-ақ, оқыӯшылардыӊ сабақтан бос ӯақытларын мазмунлы ѳткериӯ мақсетинде, инглис тили бойынша пән дѳгерегин шѳлкемлестирип қойыппан. Ҳәзир бул дѳгерекке 30 дан аслам оқыӯшылар турақлы қатнасып келмекте. Усындай таярлық жумысларыныӊ жақсы жолға қойылыӯыныӊ нәтийжесинде оқыӯшыларымыз пәнлер олимпиадасында районда жеӊимпазлықты қолға киргизип киятыр.

Шынында да мектепте оқыӯ дәргайы басшыларыныӊ оқыӯ-тәрбия жумысларын жақсы жолға қойыӯыныӊ нәтийжесинде, оқыӯшылар спорт жарыслары ҳәм таӊлаӯларда да жеӊимпазлар қатарынан орын ийелеӯге миясар болмақта. Соныӊ ишинде мектептиӊ 11-класын ѳткен оқыӯ жылында тамамлаған оқыӯшылардыӊ 60 процентиниӊ республикамыздағы жоқары оқыӯ орынларына кириӯи, жоқарыда айтып ѳткен сѳзимиздиӊ айқын дәлийли болып табылады.

Ал, быйылғы жылы болса, усы мектеп имаратына «Абат аӯыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында оӊлаӯ жумыслары жүргизилсе, бул аӯыл балаларыныӊ алдағы нәтийжелери буннан да жақсы болады, деп ойлаймыз.

 

Адилбай Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги